Өзбекстан Сенаты ағзалары БМШ Раўажланыў бағдарламасыныӊ Әзербайжан Республикасындағы ўәкилханасыныӊ делегациясы менен ушырасты.

 Ушырасыўда сенаторлар гендер теӊлиги ҳәм гендерге тийкарланған зорлыққа қарсы гүресиў тараўларында тийисли министрлик ҳәм уйымлар тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўматлар менен ортақласты.

Сөйлесиў даўамында ҳаял-қызлардыӊ ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў тараўында ерисилген жетискенликлер ҳәм басламаларды үйрениў, ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, олардыӊ ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў бағдарында мәмлекетлердиӊ алдынғы тәжирийбеси ҳаққында сөз етилди.

Бул бағдардағы әмелият ҳәм инновациялық көзқараслар менен танысыў, оннан кеӊнен пайдаланыў, экономикалық, сиясий ҳәм социаллық турмыстыӊ барлық тараўларында ҳаял-қызлардыӊ белсендилигин арттырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар додаланды.

Бул тараўда ислеп ҳәм қайта көрип шығылып атырған бир қатар Өзбекстан Республикасы нызамларыныӊ мазмун-мәниси ҳаққында пикир жүргизилди.

Өз гезегинде, делегация ағзалары Өзбекстанда ҳаял-қызлар ҳәм балалардыӊ ҳуқықлары, еркинлилери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларды жоқары баҳалады.

Өзбекстан Республикасында жумыс алып баратуғын министрлик ҳәм уйымлар, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиӊ гендер теӊлиги ҳәм гендерге тийкарланған зорлыққа қарсы гүресиў тараўындағы тәжирийбеси менен танысып шығыў ҳәм усы тараўларда кеӊ көлемли бирге ислесиўди жолға қойыў мақсетинде шөлкемлестирилген илажда биргеликте әмелге асырылатуғын режелер додаланып, өз-ара бирге ислесиўди және де жеделлестириў зәрүрлиги атап өтилди.

Н.Абдураимова,  ӨзА