Уллы халықтың мәңги қосығы ана Ўатанымыз бенен мақтаныўға, оны сүйиўге, ғәрезсизлигимизди және де беккемлеўге, буннанда жоқары шыңларды ийелеўге ийтермелейди.

Мәмлекет суверенитетиниң тымсалы-гимнимиздиң намалары халқымыз қәлбинде жоқары ўатансүйиўшилик сезимлерин күшейтпекте.

1992-жыл 10-декбарьде «Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик гимни ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилген. Нызамға муўапық, Мәмлекетлик гимн Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик суверенитетиниң тымсалы болып есапланады. Мәмлекетлик гимнге зор ҳүрмет пенен қараў Өзбекстан Республикасы ҳәр бир пуқарасының ўатансүйиўшилик ўазыйпасы болып есапланады. 2010-жыл 24-декабрьде усы нызамға киргизилген өзгериске бола, пуқараларымыз, сондай-ақ, елимизде болып атырған басқа шахслар гимнимизди ҳүрмет етиўи шәрт.

Өзбекстан Қаҳарманы, халық шайыры Абдулла Арипов сөзи, Өзбекстан халық артисти, белгили композитор Мутал Бурҳанов музыкасы тийкарында жаратылған гимнимизде ашық аспанымыз, бахытлы ҳәм бадан турмысымыз, халқымыздың әсирлик әрманлары, келешекке айдын үмити ҳәм беккем исеними терең сәўлеленген.

Миллий гимнимиздиң бәлент намалары мәмлекетимиз басшысының түрли еллерге рәсмий сапарлары ўақтында, Өзбекстанға келген сырт еллердиң басшыларын күтип алыў мәресимлеринде, елимизде өтип атырған улыўмахалықлық байрамларында, ири халықаралық әнжуманлар, тынышлық ҳәм дослық келисимлеринде, спорт жарысларында ҳәм спортшыларымыздың халықаралық жарысларында ең бийик шоққыларға көтерилген ўақтында жаңламақта.

2016-жылы гимнимиз намасының авторы – Өзбекстан халық артисти, белгили композиторы Мутал Бурҳанов туўылғанының 100 жыллығы кеңнен белгиленди. 2017-жылы  Президентимиздиң басламасы менен мәмлекетимиз гимниниң сөзин жазған атақлы шайырымыз, Өзбекстан Қаҳарманы Абдулла Ориповтың атын мәнгилестириў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарары менен Қаршы қаласында Абдулла Арипов атындағы ана тили ҳәм әдебияты пәнин тереңлестирип оқытыўға қәнигелестирилген мектеп интернаты шөлкемлестирилди.

Мәмлекетлик суверенитетиниң тымсалы – гимнимиз намалары халқымыз қәлбинде жоқары ўатансүйиўшилик сезимлерин күшейтпекте.

Серқуёш, ҳур ўлкам, элга бахт, нажот,

Сен ўзинг дўстларга йўлдош, меҳрибон!

Яшнагай то абад илму фан, ижод,

Шуҳратинг порласин токи бор жаҳон!

 

Шынында да, уллы халықтың мәңги қосығы ана Ўатанымызды мақтаныш етиўге, оны жақсы көриўге, ғәрезсизлигимизди буннан былай да беккемлеўге, буннан да жоқары шыңларды ийелеўге шақыра береди.

ӨзА