Ҳүрметли ханымлар ҳәм мырзалар!

Бүгин мен Аралбойы регионының дерлик 2 миллионлық халқы атынан шығып сөйлер екенмен, усы аймақтың халқы Арал теңизиниң кескин гуманитар ҳәм экологиялық апатшылығы ақыбетлеринен ҳәммеден көп ҳәм тиккелей жәбир шегип атырғанлығын мәлим етип билдирмекшимен.

Бул теңиз жақын өтмиште үлкенлиги бойынша дүньяда төртинши орынды ийелеген көл есапланып, өзиниң бай өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясына ийе болған.

Бүгинги күнде Арал теңизи жансыз ҳәм биологиялық тири организмлердиң өмир сүриўи ушын жарамсыз болып табылады. Арал теңизиниң қурыған ултанында 5 млн. гектардан аслам майданда зәҳәрли пестицидлер менен тойынған қумлы-дузлы шексиз саҳра пайда болды.

Аймақтың 40 процентке шамалас халқы ишимлик суўы сыпатында жер асты суўларынан пайдаланады.

Тартылған таза ишимлик суўының қурамындағы дузлар муғдары жәҳән стандартларынан 10 есе зыят.

Экологиялық апатшылық ақыбетинде дем алыў жоллары кеселликлери жылдан-жылға артып бармақта. Дүнья жүзилик Денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң мағлыўматлары бойынша, туберкулез бенен наўқасланыў көрсеткиши  100 мың адамға 50ден зыятқа туўра келсе, бул эпидемия есапланады. Ал, Қарақалпақстанда бул көрсеткиш 78ди қурайды.

Буннан тысқары, кемқанлық, онкология ҳəм басқа да кеселликлер көбейип бармақта. Қарақалпақстанда нәрестелер өлимшилиги орташа көрсеткишлерден еки есе жоқары. Аналар өлимшилиги бойынша да усындай ашынарлы жағдайды ушыратыў мүмкин. Қалаберсе, Арал теңизине қанша жақын болған сайын, кеселлениў ҳәм өлимшилик дәрежеси сонша жоқары.

Экологиялық апатшылық салдарынан ҳәр  4-5 жылда аймақта суўсызлық жүзеге келип, ол  2-3 жыллап даўам етпекте. Бул пүткил агросанаат комплексине, соның ишинде аўыл хожалығы, мал шарўашылығы, балықшылық, аўыл хожалығы өнимлерин санаатта  қайта ислеў ҳәм басқа да тараўларға кери тәсирин тийгизбекте.

Бул өз гезегинде жумыссызлық дəрежесиниң артыўына, халықтың жумыс излеп республикадан тысқарыға кетиўине – сыртқы миграцияның артып барыўына себеп болмақта.

Өзбекстанда Арал апатшылығы ақыбетлерин жумсартыў ушын көп жумыслар исленбекте. Өткен қысқа дəўир ишинде елимиз Президенти Ш.Мирзиёев тəрепинен Аралбойы регионын, сондай-ақ Мойнақ районын социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша оғада əҳмийетли болған арнаўлы қарарлар қабыл етилди. Усы жылдың 15-16-ноябрь күнлери Президентимиз Қарақалпақстанда, соның ишинде экологиялық апатшылық орайы есапланған Мойнақ районында да сапарда болды. Бул сапар жуўмақлары бойынша жақын еки жылға арналған мәмлекетлик бағдарлама қабыл етилип, онда улыўма баҳасы 1,5 млрд. АҚШ доллар муғдарындағы  793 жойбар әмелге асырылыўы нәзерде тутылған.

Солай болса да, апатшылық масштабының үлкенлиги соншелли, оның ақыбетлерин халықаралық жәмийетшиликтиң белсене қатнасыўысыз айтарлықтай жумсартыў мүмкин емес. Биз БМШтың Бас хаткери Антониу Гутерришке көрсетип атырған жәрдеми ушын шын кеўилден миннетдаршылық билдиремиз.

Бас хаткер  2017-жылдың июнь айында Мойнақ районында сапарда болғанында Арал экологиялық апатшылығының ашынарлы ақыбетлерин өз көзи менен көрип, гүўасы болған еди.

Бүгин пүткил Қарақалпақстан халқы Аралбойы аймағы ушын Траст фондының презентациясын үлкен үмитлер менен бақлап бармақта. Дүзилип атырған фонд Өзбекстанның бул аймағында жасаўшы көп санлы халықтың жасаў шараятларын ҳақыйқатында да жақсылаўға жәрдем береди, деп исенемиз.

 

Дыққатларыңыз ушын рахмет!