Президент Шавкат Мирзиёевтиң Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 26 жыллығына бағышланған салтанатлы мәресимдеги баянаты

Асслаўма әлейкум, қәдирли ўатанласлар!

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Сизлер менен Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 26 жыллығы мүнәсибети менен мине усы саўлатлы сарайда дийдарласып турғанымнан қуўанышлыман.

Бәршеңизди, пүткил халқымызды усы қутлы байрам менен қызғын қутлықлап, жақсы тилеклеримди билдириўге рухсат еткейсиз.

Халқымыздың сиясий-ҳуқықый ой-пикириниң жоқары үлгиси болған Конституциямыз елимизде демократиялық мәмлекет ҳәм пуқаралық жәмийет қурыў, Өзбекстанның халықаралық майданда мүнәсип орын ийелеўинде беккем тийкар болып хызмет етпекте.

Мәмлекетимиз 26 жыл даўамында басып өткен оғада қыйын ҳәм мақтанышлы жол Бас нызамымыздың өмиршең күшинен ҳәм жоқары потенциалынан дәрек береди.

 Тийкарғы нызамымыз негизинде жаратылған Ҳәрекетлер стратегиясы бүгинги күнде жанажан Ўатанымыздың раўажланыўын жаңа басқышқа көтериўде, инновациялық раўажланыўға қарай қәдем таслаўда әҳмийетли роль атқармақта.

Халық пенен турақлы пикирлесиў, адамлардың тәшўиш-машқалаларын шешиў, оларды разы етиў жумысымыздың өлшемине айланбақта.

Баслаған үлкен реформаларымызды нәтийжели әмелге асырыўда усы мәселелердиң әҳмийети күн сайын артып атырғанын турмыстың өзи көрсетпекте.

Әйне сол себепли Бас нызамымызды терең үйрениў, түсиниў, турмысқа енгизиў ҳәм оған сөзсиз әмел етиў – бәршемиздиң мақтанышлы миннетимиз болып табылады.

Әзиз ўатанласлар!

Инсанның қәдир-қымбатын билиў, буның ушын ҳәр қандай жағдайда да әдилликти тәмиийнлей алатуғын әдил судлаў системасын қәлиплестириў биз ушын өткен еки жыл даўамында ең әҳмийетли ўазыйпаға айланды.

Уллы сақыпқыран Әмир Темур бабамыз Ақсарай пештағына «Әдалат – мәмлекеттиң тийкары ҳәм ҳүкимдарлардың сүрени» деген даналық сөзлерди жаздырғаны бийкар емес, әлбетте. Усы уллы идея инсанның қәдир-қымбатын жоқары дәрежеге көтериў менен бирге әмелий ҳәрекетлеримиздиң тийкарына айланды.

Усы жылдың ноябрь айында Самарқанд қаласында өткерилген Инсан ҳуқықлары бойынша Азия форумында дүньяға белгили сиясатшылар,  көрнекли илимпазлар ҳәм экспертлер тәрепинен бул бағдарда өткен қысқа дәўирде әмелге асырған жумысларымызға ылайықлы баҳа берилди. Бул әнжуман Өзбекстанның дүньядағы абырайын ҳәм даңқын және де арттырғанын атап өтиў керек. Ең әҳмийетлиси, Азия форумы инсан ҳуқықлары бойынша халықаралық әмелиятқа «Самарқанд руўхы» деген түсиник пенен принципти алып кирди.

Бүгинги күнде елимизде инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлерин нызамлы қорғаў бойынша салмақлы жумыслар исленбекте. Соның ишинде, шахсты айыплаўда нызамға қайшы усылда алынған мағлыўматлардан дәлил сыпатында пайдаланыў ушын қатаң жуўапкершилик белгиленди.

Пурсаттан пайдаланып, және бир мәрте қайталайман: судьяның санасында – әдалат, тилинде – ҳақыйқат, қәлбинде – пәклик ҳүким сүриўи керек.

Бул бағдарда Әлийшер Наўайы бабамыз «Зулым қылма, инсаплы бол, халық ушын «ҳақыйқатлық сарайын» яғный «әдалат қорғанын» жарат», деп айтқан сөзлеринде қаншелли терең мәни бар.

Әдалат қорғаны қашан пайда боладыЎ Қашан суд уйымлары, судьялар нызамға, әдиллик принциплерине қатаң әмел етип, өз ўазыйпасын ҳадал ҳәм ҳүждан менен орынласа, буған ерисиў мүмкин.

Кейинги еки жылда судлардың еркинлигин тәмийинлеў бойынша да әҳмийетли илажлар көрилди. Соның ишинде, усы жылдың өзинде 1 мың 881 жынаят иси дәлиллер жеткиликли болмағаны себепли жаўылды, судлар тәрепинен 590 адам ақланды. Бул цифр 2016-жылы – итибар бериң –бары-жоғы 28ди, 2017-жылы болса 263ти қураған еди.

Сондай-ақ, 5 мың 462 шахсқа тергеўде тийкарсыз қойылған статьялар айыплаўдан шығарып тасланды, 2 мың 449 шахс болса суд залынан азат етилди.

Судларда ислерди жыллар даўамында қайта-қайта көриў әмелиятына пүткиллей шек қойылды.

Адамгершилик принципи тийкарында пүткиллей жаңа әмелият енгизилмекте. Усының нәтийжесинде жынаят жолына адасып кирип, қылмысына шын жүректен пушайман болған 993 пуқара, соның ишинде, 456 қыз-жигит және 113 ҳаял-қызлар Жаслар аўқамы, мәҳәллелер ҳәм ҳаял-қызлар комитетлериниң кепиллиги менен жазадан азат етилди.

Сондай-ақ, жазаны өтеп атырған 3 мың 333, соның ишинде, жумысы қадаған етилген шөлкемлерге кирип қалған 646 айыпкер әпиў етилип, шаңарағы қушағына қайтарылды.

Уллы байрам – Конституция күни мүнәсибети менен бүгин арнаўлы Пәрманға қол қойдым. Оған бола, қылмысына шын жүректен пушайман болып, дүзелиў жолына қайтқан ҳәм ҳәзирги ўақытта еркинен айырыў жазасын өтеп атырған 136 шахс әпиў етилди.

Бир ўақытлар диний экстремистлик топарларға байланысы бар, бақлаўға алынған 20 мыңнан аслам пуқара «арнаўлы есаплар»дан шығарылды.

Қадаған етилген шөлкемлерге адасып кирип қалған, қылмысына пушайман болып, дүзелиў жолына өткен пуқаралардың мүрәжатларын көрип шығыў бойынша Республикалық уйымлараралық комиссия дүзилди.

Орынларда судьялыққа талабанлардың жеке ҳәм кәсиплик сапаларын үйрениў ушын жәмийетлик комиссиялар дүзилди.

Әдалат, ашық-айдынлықты ҳәм жәриялылықты тәмийинлеў мақсетинде судта ислерди электрон бөлистириў системасы әмелиятқа киргизилди. Енди инсанның араласыўысыз исти қайсы судья көриўин электрон бағдарлама белгилейди.

Суд-тергеў жумысында ашық-айдынлықты, нызамлылықты тәмиийнлеў, сергиздан, әўере болыў ҳәм артықша сарп-қәрежетке жол қоймаў мақсетинде «электрон жынаят иси» ҳәм «аралықтан турып тергеў» системалары да енгизилмекте.

Пуқараларымыздың ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмиийнлеў бағдарында адвокатлардың ўәкилликлери кеңейтилди.

Булардың бәри инсан ҳуқықларын тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған реформаларымыздың нәтийжеси.

Ҳәзирги ўақытта суд-ҳуқық реформалары процессинде судьялыққа талабанларды таңлаў, жеке ҳәм кәсиплик сапаларды үйрениўдиң ҳақыйқый демократиялық ҳәм жәриялылық системасын енгизиў зәрүр. Атап айтқанда, жәмийетлик пикирди есапқа ала отырып, талабанларды судьялық лаўазымына усыныў тәртибин нызам менен беккемлеп қойыўды мақсетке муўапық, деп есаплайман.

Мүнәсип деп табылған талабанларды кеминде бир жыл оқытып, таяр судья сыпатында лаўазымға тайынлаў системасын енгизиў керек. Бул ушын Судьялар жоқары кеңеси жанында Судьялар жоқары мектебин шөлкемлестириўди усыныс етемен.

Тилекке қарсы, айырым судьялар тәрепинен еле де әдалатсыз қарарлар қабыл етилмекте. Бул болса, өз гезегинде, пуқаралардың әдил судлаўға болған исенимин сөндирмекте.

Сонлықтан да, кәсиплик шеберлик ҳәм мәдениятты арттырыў, ҳәр қандай жағдайда да нызам, әдалат ҳәм адамгершилик принциплерине тийкарланып ис тутыў – ҳәр бир судьяның ең әҳмийетли ўазыйпасы болыўы зәрүр.

Судлар тәрепинен қабыл етилген ҳәр бир қарар, бәринен бурын, әдалатлы, нызамлы ҳәм тийкарлы болыўы шәрт. Сонда ғана адамлармызда ҳәр қандай жағдайда да әдалат орнаўына болған исеним және де беккемленеди.

Быйыл қәўипсизлик хызмети уйымларының ўазыйпалары менен ўәкилликлери толық қайта көрип шығылып, барлық дәрежедеги хызметкерлердиң жумысына қалыс баҳа берилди.

Биринши мәрте «Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилип, оған тийкарланып мәмлекеттиң мәплерин ишки ҳәм сыртқы қәўиплерден исенимли қорғаў жаңадан дүзилген арнаўлы уйымның тийкарғы ўазыйпасы етип белгиленди.

Экстремизм ҳәм терроризм қәўпи, мәмлекетимиздиң конституциялық структурасына ҳәм экономикасына қәўип-қәтерлер сақланып атырған бүгинги қәўетерли заманда Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң мәрт ҳәм ержүрек әскерлери менен офицерлери ҳар қандай бузғыншы күшлерге қарсы аяўсыз гүресиўи ҳәм Ўатанымызды қорғаўда беккем қалқан болыўы зәрүр.

Хабарыңыз бар, жақында Қорғаныў министрлиги әскерлердиң жаўынгерлик таярлығын тексериў мақсетинде Шыршық қаласында болып өткен дала оқыў шынығыўлары кейинги еки жылда елимиздиң қорғаныў қүдиретин беккемлеў бойынша әмелге асырылған кең көлемли жумыслардың  айқын үлгиси, десем, дурыс болады. Биз бул бағдардағы жумысларымыздың көлемин және де кеңейте отырып, системалы түрде даўам еттиремиз.

Соның менен бирге, пуқараларымыздың тынышлығын, жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў, Ишки ислер ҳәм Миллий гвардия әскерлери бөлимшелерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша да бир қатар унамлы жумыслар исленди.

Жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм ҳуқықбузарлықтың ерте алдын алыў бағдарындағы ис-ҳәрекетлеримиз, бәринен бурын, кең жәмийетшиликтиң қатнасыўы менен улыўма жынаятшылықты 36 процентке азайтыўға ерисилди. 3 мың 205 ямаса 35 проценттен аслам мәҳәлледе болса бирде-бир жынаят болмады.

Буннан былай да жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм қәўипсизликти тәмиийнлеў бойынша барлық бағдарлар, соның ишинде, «Қәўипсиз қала», «Қәўипсиз аймақ» жойбарларында белгиленген ўазыйпаларды нәтийжели ҳәм толық әмелге асырыў Ишки ислер уйымлары ҳәм Миллий гвардияның жумысында ең әҳмийетли бағдар болып қалыўы керек.

Конституциямызда кепилленген пуқаралардың еркин ҳәрекетлениў ҳуқықларын тәмийинлеў мақсетинде прописка ҳәм виза бериўдеги қыйыншылықлар сапластырылды.

Дүньядағы 39 мәмлекеттиң пуқарларына виза бериў тәртибиниң жеңиллетилгени, электрон виза системасы енгизилгениниң нәтийжесинде елимизге быйыл дерлик 4 миллион сырт ел туристи келди.

Узақ жыллар елимизде жасап, жәмийетимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосып киятырған ҳәм биз бенен ўатанлас болыўды әрман еткен 2 мың 528 шахс Өзбекстан Республикасы пуқаралығына қабыл етилди.

Мәмлекеттиң ҳәм жәмийеттиң раўажланыўына, халықтың әдалатқа болған исенимине үлкен зыян келтиретуғын қәўип –  коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы кескин гүресиў бағдарында да анық илажлар көрилгенин айрықша атап өтиў керек.

Мине сондай аўыр жынаятты ислеген 1 мың 177 лаўазымлы шахстың жынайый жуўапкершиликке тартылғаны буның айқын дәлили.

Коррупцияға қарсы гүресиўде ҳуқық қорғаў уйымлары қаншелли ҳәрекет етпесин, халқымыз бул жеркенишли иллеттке маўасасыз болмас екен, тәсиршең жәмийетлик қадағалаў орнатпас екен, бул бәлеге қарсы нәтийжели гүресиўди уйымластыра алмаймыз.

Бул иллет пенен тек ғана ҳуқық қорғаў уйымлары емес, ал ҳәр бир жәмәәт жең түрип гүресиўи керек. Сол ушын ҳәр бир мәмлекетлик уйымда жәмийетшилик тәрепинен қадағаланатуғын коррупцияға қарсы гүресиў бойынша өз ишки бағдарламалары болыўы шәрт.

Жәҳән тәжирийбесине нәзер тасласақ, АҚШ, Россия, Уллы Британия, Болгария, Греция, Латвия, Эстония сыяқлы көплеген мәмлекетлердиң парламентлеринде коррупцияға қарсы гүресиў бойынша комиссия ҳәм комитетлер бар.

Әне усы алдыңғы сырт ел тәжирийбелери ҳәм Конституциялық талаплар тийкарында Олий Мажлис палаталарында Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша комитетлер шөлкемлестирилиўин усыныс етемен. Бул комитетлер барлық буўындағы мәмлекетлик уйымларда коррупцияға қарсы гүресиўди және де күшейтиўге ўәкиллик уйым сыпатында мүнәсип үлес қосыўы керек.

Және бир әҳмийетли мәселе – халқымызға тән болған адамгершилик ҳәм кеңпейиллик принциплери тийкарында жазаны өтеп атырған шахслардың ҳуқықларын тәмийинлеў системасын да жетилистириў ўақты келди.

Бизге белгили, Конституциямызда барлық пуқаралардың билим алыў ҳуқықы кепилленген. Соны есапқа ала отырып, ҳүким шығарылған шахслардың келешекте жәмийетлик турмысқа бейимлесиўи ушын жәрдем бериў мақсетинде жазаны өтеў мәкемелеринде аралықтан турып билим алыў системасын енгизиў керек. Сондай-ақ, еркинен айрылған шахслардың сайлаў ҳуқықын шеклейтуғын нормаларды келешекте халықаралық критериялар тийкарында қайта көрип шығыў мақсетке муўапық.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Халықымыздың абадан турмыс кешириўи ушын мүнәсип шараят жаратыў – Конситуциямыздың бас мақсети болып табылады.

Реформалардың нәтийжесинде халықтың турмыс дәрежеси ҳәм реал дәраматлары әлбетте артып бармақта. Солай болса да, бул бағдарда еле Ҳүкимет, орайлық экономикалық уйымлар және барлық дәрежедеги ҳәкимликлердиң алдында көплеген ўазыйпалар тур.

Мәмлекетимиз раўажланыўы ҳәм халқымыздың абаданлығын тәмийинлеўдиң ең нәтийжели жолы  бул – исбилерменликти қоллап-қуўатлаў екенин өмирдиң өзи көрсетпекте.

Конституциямызда экономикалық жумыс, исбилерменлик еркинлиги, барлық мүлк түрлериниң теңлиги ҳәм мәмлекет тәрепинен бирдей қорғалыўы кепилленген. Бирақ экономикада мәмлекет араласыўының жоқарылығы ҳәм бюрократия, салық, бажыхана және банк системасындағы машқалалар ишки инвестицияларды көбейтиўге ҳәм сырт ел инвесторларын және де кеңирек тартыўға еле тосық болып келмекте.

Белгили қытайлы философ Сунь Цзинниң бир даналық сөзи бар: «Салықларды ҳәдден тыс күшейтиў ҳәр қыйлы талан-таражлықты келтирип шығарады, душпанлардың байыўына хызмет етеди, ақыбетинде, мәмлекет кризиске ушырайды».

Көп жыллар даўамында салық жүгиниң жоқары болғаны мәмлекетте «жасырын»  экономика үлесиниң артып кетиўине шараят жаратады.

Бул жағдайды есапқа алып, биз бәринен бурын экономиканы жедел раўажландырыў, елимиздиң инвестициялық тартымлылығын арттырыў ушн Салық сиясатын жетилистириў концепциясын қабыл еттик. Бул концепция үстинде биз узақ иследик. Бул ҳүжжеттиң жойбары елимиз жәмийетшилиги, бизнес топарлары халықаралық финанс шөлкемлери, абырайлы экспертлер тәрепинен кең ҳәм ҳәр тәреплеме додаланды.

Концепция тийкарында салық сиясатында әҳмийетли өзгерислер енгизилмекте. Соның ишинде, физикалық шахслар ушын ҳәзирге шекем әмел етип келген ең жоқары 22,5 процентлик дәрамат салығы ставкасының орнына 12 процентлик ставка белгиленди, 8 процентлик қамсызландырыў төлеми болса бийкар етилди.

Бизнес жәмийетшилиги ушын ең аўыр есапланған бирден-бир социаллық төлем ставкасы алдыңғы 25 проценттиң орнына 12  процент етип белгиленди.

Бюджеттен тысқары пенсия, жол ҳәм билимлендириў бойынша мақсетли қорларға 3,2 процент муғдарындағы мәжбүрий төлем бийкар етилди.

Бажыхана төлем ставкалары қайта көрип шығылып, 3,5 мыңға жақын товарлар бойынша бажы муғдары ҳәм 800 ге жақын товарлар бойынша акциз салық ставкалары азайтылды.

Мәмлекетимизде ислеп шығарылмайтуғын өнимлер ушын шийки затларға, сондай-ақ, әсбап-үскене ҳәм техникаларға мәмлекетлик бажы алынбайтуғын болды.

Исбилерменлик субъектлериниң қаржы-хожалық жумысын режели тексериў бийкар етилди. 138 лицензия ҳәм рухсат бериў менен байланыслы болған талаплар жеңиллетилди, олардың 42си пүткиллей сапластырылды.

Исбилерменлик жумысы ушын жер орынларын ажыратыўдағы тосқынлықларды сапластырыў, системадағы коррупция жағдайларына шек қойыў мақсетинде жер майданларын электрон аукцион арқалы ажыратыў тәртиби енгизилди.

Мүлк ийесине зыянның орны толық қапланбағанша мәмлекет ҳәм жәмийет зәрүрликлери ушын жер участкаларын алып қойыў ҳәм көшпес мүлкти бузыў тәртиби бийкар етилди.

Инвесторлар менен исбилерменлерге жеткерилген мүлклик зыянды толық қаплап бериў тәртиби кепилленди.

Соынң менен бирге, келеси жылдан баслап исбилерменлеримизди өнимлер, жумыс ҳәм хызметлерди экспорт етиўде пайда салығы ҳәм бирден-бир салық төлеминен азат етиў нәзерде тутылмақта.

Туризмди жедел раўажландырыў, туристлерге мүнәсип инфраструктура жаратыў, хызметлердиң сапасын буннан былай да арттырыў, аймақлардың туристлик потенциалынан өнимли пайдаланыў ҳәм жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў, миллий туризм өнимлерин ислеп шығарыўды көбейтиў ушын анық мақсетке бағдарланған жумыслар даўам еттирилмекте.

Мийманханалардың инфраструктурасы, дем алыў орынлары ҳәм басқа да тараўларды раўажландырыў ушын 2 триллион 300 миллиард сум қаржы қаратылады. Соның нәтийжесинде мыңлаған жаңа жумыс орынларын жаратыў мөлшерленбекте.

Буннан тысқары, Ташкент, Самарқанд, Бухара, Хийўа ҳәм басқа да қалаларда белгили бренд мийманханаларды шөлкемлестириў илажларын көрмектемиз.

Келеси жылы да жедел исбилерменликти ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, инвесторлар ушын кең шараятлар жаратып бериў, әсиресе, инфляция дәрежесин пәсейтиўге қаратылған жумысларды даўам еттиремиз.

Соның ишинде, инфляция дәрежесин прогноз көрсеткишлери шеңберинде  сақлап турыў мақсетинде төмендеги илажларды әмелге асырыў нәзерде тутылмақта.

Бириншиден, биз нәтийжеси төмен болған ҳәм жеткиликли жаңа жумыс орынларын жарата алмай атырған кәрханаларға жеңилликли кредитлер ажыратыўды қайта көрип шығыўымыз керек. 2019-жылы кредитлер бериўде бюджет және Өзбекстан Республикасы Тиклениў ҳәм раўажланыў қорының қәрежетлери көбеймеўи керек.

Екиншиден, миллий валютамыз және экономикалық турақлылықты тәмийинлеў ушын ақша-кредит сиясатын тәртипке салыўдың заманагөй қуралларын енгизиўимиз зәрүр.

Үшиншиден, тийкарғы түрдеги азық-аўқат ҳәм басқа да тутыныў товарларын ислеп шығарыўшыларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўымыз ҳәм сол арқалы баҳалардың турақлылығын тәмийинлеўимиз керек. Аўыл хожалығы тараўындағы реформаларды еле де тереңлестириўге айрықша итибар қаратылады.

Төртиншиден, стратегиялық әҳмийетке ийе болған товарлар бойынша баҳалардың қәлиплесиў механизмлерин түп-тийкарынан қайта көрип шығыў және оларды тек ғана биржа саўдалары арқалы сатыў, сол тийкарда еркин бәсеки орталығын жаратыў талап етиледи.

Бесиншиден, халықтың мүтәж қатламын социаллық қорғаў мақстинде электр энергиясы, тәбийғый газ ҳәм коммуналлық хызметлер ушын төлемлердиң бир бөлегин мәмлекет тәрепинен компенсация етиў илажларын көриўимиз керек.

Алтыншыдан, елимизде ислеп шығарылмайтуғын тутыныў товарлары импорты бойынша тарифлерди тәртипке салыўдың масласыўшы механизмлерин енгизиў керек.

Жетиншиден, республикамыздың экономикалық жағдайы аўыр есапланған 27 қала ҳәм районды комплексли раўажландырыў мақсетинде, бәринен бурын, ири инвестициялық жойбарларды усы аймақларда әмелге асырыў зәрүр.

Ашық айтыў керек: егер биз елимизде турақлы экономика қурмақшы болсақ, дүньядағы раўажланған мәмлекетлер сыяқлы бай ҳәм абадан жасамақшы болсақ, шала-шурпы, жүзеки емес, ал қаншелли қыйын ҳәм қурамалы болмасын, ҳақыйқый базар экономикасына өтиўимиз шәрт.

Бирден бир жолымыз сол. Бул – Тийкарғы нызамымыздың талабы. Басқа жол жоқ. Биз баслаған реформаларымызды қатаң даўам еттиремиз ҳәм олар әлбетте өзиниң унамлы нәтийжесин береди.

Алдымызда жүдә көп машақатлы жол тур, бирақ халықтың аўырын жеңиллетиў ушын мәмлекет тәрепинен барлық илажлар көриледи.

Мийнетсүйгиш ҳәм исбилермен халқымыз еркин базар экономикасы шараятында нәтийжели мийнет ететуғынына ҳәм ылайықлы жасай алатуғынына беккем исенемен.

Әзиз дослар!

Хабарыңыз бар быйыл мәмлекетимиз халқы 33 миллион адамнан асты. Бул, әлбетте, кишкене цифр емес.

Соның ушын да пуқараларымыздың социаллық ҳуқықларын жүзеге шығарыў, соның ишинде, олар ушын мүнәсип шараят жаратыў, жасларды оқытыў ҳәм кәсипке таярлаў, жумыс ҳәм турақ жайлар менен тәмийинлеў сыяқлы турмыслық мәселелер шешилиўи керек.

Конституциямызда ҳәр бир инсан қәнигели медициналық хызметтен пайдаланыў  ҳуқықына ийе екени беккемлеп қойылған. Бул әҳмийетли турмыслық қағыйданың орынланыўын тәмийинлеў – халқымыздың генофондын сақлаў ямаса әпиўайы етип айтқанда мәмлекет ҳәм жәмийет раўажланыўының кепили, десек, әйне ҳақыйқатты айтқан боламыз.

Елимизде әмелге асырылған кең көлемли реформалардың нәтийжесинде пуқараларымыздың орташа өмир сүриў даўамлылығы 1990-жылдағы 67 жастан 2017-жылы 74 жасты қурады. Балалардың өлими 3 есеге азайыўына ерисилди. Биз бул бағдардағы нәтийжелеримизди буннан былай да беккемлеўимиз керек.

Мәмлекетимизде халықтың денсаўлығын және де жақсылаў бойынша әҳмийетли әмелий бағдарламалар қабыл етилмекте.

Мине, күни кеше Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы менен Денсаўлықты сақлаў системасын 2019-2025-жылларда раўажландырыў концепциясы қабыл етилди.

Бүгинги күнниң талабы болған жеке меншик медицина мәкемелерин раўажландырыў бойынша да сезилерли жумыслар әмелге асырылмақта. Көрилген илажлардың нәтийжесинде 2018-жылдың өзинде 400 ден аслам жеке меншик медицина орынлары шөлкемлестирилди.

Биз «Тәрбия нәрестеликтен басланады», деген даналық сөзге әмел етип, тәлим-тәрбия тараўындағы өзгерислерди оның ең төменги басқышы – мектепке шекемги билимлендириў системасынан басладық.

Салыстырыў ушын тек ғана бир мысал келтирмекшимен. Кейинги еки жылда елимизде балалар бақшаларының саны 1 мың 400ге артып 6 мың 367ге жетти.

Мәмлекетлик-жеке меншик тийкарында қурылып атырған жеке меншик  мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери кейинги еки жылда еки есеге көбейди ҳәм 568ди қурамақта. Және усындай мың бақша ашыў  бойынша әмелий жумыслар басланған.

Быйылғы жылы халық билимлендириў системасын реформалаў, педагог-оқытыўшылар ушын мүнәсип мийнет шараятын жаратыў бойынша да сезилерли жумыслар әмелге асырылды. Оқытыўшылардың мийнет ҳақысы басқышпа-басқыш көбейтилип, оларды хошаметлеўдиң жаңа механизмлери енгизилмекте.

Билимлендириў системасының кейинги басқышы – жоқары билимлендириў тараўында да салмақлы реформалар алып барылмақта.

Кейинги еки жылда елимизде 5 жаңа жоқары билимлендириў мәкемеси және 12 абырайлы сырт ел жоқары оқыў орнының филаллары шөлкемлестирилди.

Елимиздиң раўажланыўы ушын қәбилетли кадрларды жетекши сырт ел билимлендириў орайларында таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў мақсетинде «Ел-журт үмити» қоры шөлкемлестирилгенинен хабарыңыз бар.

Қандай аўыр болмасын тән алыўымыз керек, елимиздиң раўажланыўы ушын ең зәрүр бағдарлар бойынша излениўшең, қәбилетли жас кадрларды сырта, раўажланған мәмлекетлерде оқытыўға мәжбүрмиз. Соның ушын да Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, жоқары оқыў орынлары, елимиздеги илимий орайлар «Ел-журт үмити» қоры менен тығыз бирге ислесип, нәтийжели жумыс алып барыўы керек.

Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды орынлаў және халық пенен пикирлесиўлерде билдирилип атырған усыныслар тийкарында келешекте социаллық тараўда төмендеги ўазыйпаларды әмелге асырыўымыз зәрүр болады.

Бириншиден, Өзбекстандағы социаллық қорғаў моделин реал талаплар тийкарында улыўма тән алынған халықаралық стандартлар дәрежесине көтериў зәрүр.

Бул бағдарда майыплығы болған, бағыўшысынан айрылған шахсларды, мүтәж ҳәм төмен шаңарақларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, соның ишинде, оларды арзан жайлар менен тәмийинлеў мәселесине айрықша итибар қаратып киятырғанымыз бәршеңизге белгили. Усы жылдың өзинде 21 мың 500 ден аслам әне сондай шаңарақ арзанлатылған турақ жай менен тәмийинленди.

Буннан тысқары, 30 мың 500 ге шамалас майыплығы болған шахсларға улыўма нырқы 3,6 миллиард сумлық протез-ортопедия буйымлары ҳәм реабилитация қураллары ажыратылды. Олардың 16 мыңы реабилитация орайларында емленди  ҳәм булл мақсетлер ушын дерлик 17 миллиард сумм қаржы жумсалды.

Әне усындай саўаплы ислеримизди әлбетте келешекте де системалы рәўиште даўам еттиремиз.

Конституциямызда халықтың әҳмийетли социаллық ҳуқықы сыпатында кепилленген пенсия тәмийнаты келеси жылларда да ең әҳмийетли мәселелерден бири болып қалады. Соның ишинде, 2019-жылдан баслап пенсия төлеминиң жоқары шегарасы ең кем айлық мийнет ҳақының 8 есесинен 10 есесине шекем көбейтиледи ҳәм ислеп атырған пенсионерлерге пенсиялар толық муғдарда төленеди.

Екиншиден, медицина хызметкерлерин социаллық қоллап-қуўатлаў, оларға мүнәсип мийнет шараятларын жаратыў және хошаметлеў системасын буннан былай да жетилистириў зәрүр.

Шыпакерлик кәсибин ийелеў аңсат жумыс емеслигин, бул адамнан машақатлы мийнет, беккем сабыр-тақат ҳәм шыдамлылық талап ететуғынын артықша түсиндириўдиң кереги жоқ, деп ойлайман. Бирақ, усы орында сораў туўылады: биз медицина хызметкерлерине жеткиликли шараят жаратып бердик пеЎ Олардың айлықлары, мийнет шщараятлары ислеп атырған хызметлерине мүнәсип пеЎ Тилекке қарсы, жоқ.

Усы жыл 1-декаберьден медицина хызметкерлериниң айлығын көбейттик, бул – биринши қәдем. Келеси жылы бул бағдарда басланған жумысларымызды даўам еттиремиз.

Халыққа кепилленген медициналық жәрдем көрсетиўди тәмийинлеў мақсетинде келешекте мәжбүрий медициналық қамсызландырыў системасын енгизиўимиз керек.

Үшиншиден, халық билимлендириў тараўындағы билимлендириў стандартлары ҳәм оқытыў усылларын алдыңғы сырт ел тәжирийбелери тийкарында, оқыўшының индивидуал қәбилетин жүзеге шығарыў көз-қарасынан қайта көрип шығыў керек.

Перзентлеримиздиң қәбилетин жүзеге шығарыўға балалықтан итибар берип, олардың камалға келиўи ушын барлық имканиятларымызды жумсасақ, журтымыздан және көплеген Берунийлер, Ибн Синалар, Улығбеклер жетисип шығады. Мен буған исенемен.

Төртиншиден, кәсип-өнер колледжлери, тилекке қарсы, көпшилик жағдайларда реал талап болмаған кәсиплер бойынша қуры диплом беретуғын дәргайға айланып қалды.

Мен аймақларға барғанымда адамлар менен көбирек пикирлесиўге ҳәрекет етемен. Ҳайран қаласыз, орынларда қарапайым қурылысшы, тракторшы ямаса механизатор жоқ. Истиң көзин билетуғын жер дүзиўши ямаса суўшы табыў қыйын. Көп жерлерде колледжлерди питкерген балаларды керекли кәсипке қайта оқытыўға туўра келмекте.

Қәне, кәсип тәрбиясыЎ Қәне, мийнет базарын үйрениўЎ Тилекке қарсы, ҳеш ким бул мәселе менен итибар берип шуғылланбай атыр.

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлдиги Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги менен бирге экономиканың реал секторындағы талапты кеминде 10-15 жыл бурын прогноз етип, соған қарай қәниге таярлаў илажларын көриў зәрүр.

Бесиншиден, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм жумыссызлықты азайтыў бойынша кешиктирип болмайтуғын зәрүр илажлар көриўимиз керек.

Сораў туўылады: елимизде ҳақыйқый жумыссызлар саны қанша? Экономиканың нәрәсмий секторында неше процент халық бәнт? Сырт елге жумыс излеп кеткенлердиң саны ше?

Биз бир нәрсени дурыс түсиниўимиз керек: бир жумыссыз адам –  он машқала дегени. Бул машқалалар адамның өзине, шаңарағына ҳәм мәҳәллесине, жәмийетке келтиретуғын зыянын есапласақ, мәселениң қаншелли қыйын екени және де айданласады.

Биз быйыл қабыл еткен «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» және «Жаслар – келешегимиз» бағдарламалары шеңберинде сезилерли жумыслар әмелге асырылмақта. Халқымыз, әсиресе, жасларымыздың исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаў, оларға өз бизнесин жолға қойыўы ушын үлкен жеңилликлер берилди. Келеси жылы да биз усы бағдарламалар орынланыўын қатаң қадағалаўға алып, ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаймыз.

Биз жасларымызда исбилерменлик басламасын раўажландыра алсақ, оларға қаржылардан дурыс пайдаланыўды үйретсек, тек ғана экономикалық емес, ал көплеген социаллық машқалаларды да шешкен боламыз.

Алтыншыдан,  аўыллық жерлерде жаңа үлги жойбарлар тийкарында арзанлатылған турақ-жайлар ҳәм қалаларда көп қабатлы жайлар қурыў бойынша жумысларымызды жетилистириў керек.

Айырым аймақларда жайлардың сапасы бойынша Виртуал қабыллаўханаға адамлар арза менен мүрәжат етпекте. Әйне пуқараларымыздың талап ҳәм тилеклерин есапқа алып, мүтәж халықтың қатламлары ушын салынып атырған арзан жайлар санын арттырыў ҳәм сапасын жақсылаў бойынша жақында айрықша бағдарлама қабыл еттик. Бул бағдарламаның орынланыўына жуўапкер болған уйымлар өзине жүкленген ўазыйпаларды ҳүждан менен орынлаўы ҳәм халқымызды разы етиўлери шәрт ҳәм зәрүр.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Кейинги еки жылда пуқараларымыздың конституциялық ҳуқықлары менен еркинликлерин жүзеге шығарыў, турмыс шараятларын жақсылаў, жыллар даўамында топланып қалған машқалаларды шешиўге қаратылған 90 нызам және 2 мыңнан аслам пәрман ҳәм қарарлар қабыл еттик.

Қабыл етилген нызам ҳүжжетлеринде белгиленген 13 мыңнан аслам тапсырмалардың 20 проценти мүддетинде орынланбаған. Бул Министрлер Кабинети, бир қатар мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларының басшылары ҳәм жергиликли ҳәкимликлердиң жумысқа жуўапкершиликсиз қатнас жасап атырғанынан дәрек бермекте.

Биз орайда ҳәм орынларда артықша мәжилислерди кескин азайтып, көбирек әмелий ислер ҳәм анық нәтийже менен шуғылланыўымыз керек. Неге дегенде, адамлар қуры мәжилиспазлықтан шаршады.

Алып барылып атырған реформаларымыз ҳәм дәўир талабынан келип шыққан ҳалда, Министрлер Кабинетиниң жумысын түп-тийкарынан жетилистириў, оны ҳақыйқый атқарыў ҳәкимиятының жоқары уйымына айландырыў ўақты келди, деп ойлайман.

Усы жерде терең социаллық-экономикалық реформалар ҳеш бир мәмлекетте аңсатлық пенен әмелге асырылмағанын атап өтиў керек.

Реформалар әлбетте ескише жасаў, ескише жумыс ислеўге үйренип қалған айырым лаўазымлы шахсларға жақпайды. Буны да ашық айтыўымыз керек. Себеби өзгерис, жаңаланыў олардың тынышлығын, ҳәзлигин бузады. Бирақ өмир даўам етер екен, турмыс талабы болған реформалар да избе-из даўам етиўи турған гәп. Бул ҳақыйқатты ҳәм талапты барлық дәрежедеги басшылар терең түсинип алыўы зәрүр.

Қәдирли әнжуман қатнасыўшылары!

Сизлерге жақсы белгили, нызамлардың орынланыўы үстинен парламентлик қадағалаўды шөлкемлестириў Сенат Баслығы ҳәм Нызамшылық палатасы Спикериниң конституциялық ўәкиллиги есапланады. Бирақ, тилекке қарсы, парламенттиң бул тараўдағы жумысында түпкиликли өзгерислер сезилмей атыр. Соның ишинде, быйыл мәмлекетлик уйымларға ҳәм лаўазымлы шахсларға Сенат тек ғана 2, Нызамшылық палатасы болса 3 парламентлик сораў жиберген.

«Парламент мәжилислеринде орайлық уйымлар ҳәм аймақлар басшыларының есапларын тыңладық», деп мақтанамыз. Бирақ сораў туўылады: бундай есабатлар болып атырған болса, олардың нәтийжелери бойынша қандай ҳүжжетлер қабыл етилди ҳәм орынлаўға бағдарланды? Жумысы қанаатландырарлы болмаған қайсы министр ямаса ҳәкимге мүнәсибет билдирилди?

Халық ўәкиллериниң қатаң позициясы қай жерде қалды?

Мысал ушын, қайсы сенатор ямаса депутат Салық сиясаты концепциясының орынланыўы менен қызығып, Қаржы министрлиги ямаса Мәмлекетлик салық комитети басшыларына сораў жиберди?

Ең  тийкарғы кемшилик сол, Олий Мажлис елеге шекем ҳақыйқый пикир-таласлар майданына айланғаны жоқ.

Усы мүнәсибет пенен Олий Мажлистиң палаталарында нызамлардың орынланыўын көрип шығыў, басшылардың есабатларын тыңлаў менен шекленбей, тиккелей орынлардағы жағдайды системалы түрде үйрениў ҳәм тийисли усыныслар ислеп шығыў әмелиятын жолға қойыў зәрүр, деп есаплайман.

Және бир бийкар етиўге болмайтуғын ҳақыйқат бар, пуқараларда да реформаларға болған жуўапкершилик үлеси қәлиплесиўи керек. Әне сонда ғана гөзленген мақсетлерге ерисип, алдымызға қойылған ўазыйпалардың толық орынланыўына ерисемиз.

Бул процессте күшли ҳәм тәсиршең жәмийетлик қадағалаўдың орны теңсиз. Усы мақсетте келеси жылдан баслап «Жәмийетлик пикир» порталын иске түсириўге қарар еттик.

ҳәммемиз жақсы түсинемиз, жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыўда ғалаба хабар қураллары оғада әҳмийетли орын ийелейди.

Мен ғалаба хабар қуралларының жумысын турақлы бақлап бараман.

Бирақ, тилекке қарсы, реформалардың мазмуны, қабыл етилип атырған нызам ҳәм қарарлардың орынланыўы менен байланыслы машқалалар, халықтың мүрәжатлары бойынша газета, теле ҳәм радиоканалларда сын мақала, көрсетиў ҳәм еситтириўлер жүдә аз.

Реформалар процессинде ғалаба хабар қураллары халық мәплериниң ҳақыйқый қорғаўшысына айланыўы керек. Бул ушын олардан сабырлылық, профессионал шеберлик, қалыслық ҳәм терең аналитикалық потенциал талап етиледи.

Жәмийетимизидеги кең көлемли реформалардың нәтийжесин тәмиийинлеў ушын төмендеги ўазыйпаларды әмелге асырыўымыз зәрүр, деп есаплайман.

Бириншиден, Олий Мажлис палаталарының парламентлик сораўлары ҳәм парламентлик еситиўлер нызам ҳәм қарарлардың орынланыўын және реформаларымыздың нәтийжелилигин тәмийинлейтуғын тәсиршең қуралға айланыўы керек.

Екиншиден, депутат ҳәм сенаторларымыз тиккелей орынларға шығып, халықты тәшиўишке салып атырған машқалаларды системалы түрде терең үйренип барыўы зәрүр. Оларды шешиў бойынша Ҳүкимет ҳәм ҳәкимликлердиң алдына ўазыйпа қойыўы ҳәм талап етиўи, сондай-ақ, нызамшылықты жетилистириў бойынша анық илажларды көриўи әйне кеўилдегидей болатуғын еди.

Үшиншиден, нызамасты ҳүжжетлерин қабыл етиў әмелиятынан ўаз кешиў ҳәм тиккелей қолланылатуғын нызамлар қабыл етиў ўақты келди, деп ойлайман.

Мысал ушын, ҳәзирги ўақытта сырт ел инвестициялары тараўында 8 нызам, 14 пәрман ҳәм 100 ден аслам нызамасты ҳүжжетлери бар. Бирақ жергиликли ҳәм сырт ел инвесторларына бизде неше пәрман ямаса қарар бар екени емес, ал, олардың анық ҳәм нәтийжели ислеўи ушын бир тутас система бар екени әҳмийетли.

Мен ҳүрметли депутатларымыздан нызам жойбарларын ислеп шығыўда тек ғана бақлаўшы ямаса эксперт емес, бәлким басламаны өз қолына алып, тиккелей жойбардың басламашылары ҳәм дөретиўшиси болыўын илтимас етемен. Олардан сайлаўшылар, халқымыз да соны күтпекте.

Бул бағдарда жедел түрде өз әҳмийетин жойтқан нызамлардың дизимин қәлиплестириўимиз, әмелдеги бар машқалаларды терең ҳәм сын көз-қарастан үйренип, ең алдыңғы халықаралық тәжирийбелер тийкарында тиккелей әмелиятқа қолланылатуғын нызамлар қабыл етиўимиз зәрүр.

Төртиншиден, ҳәр бир нызам ямаса қарардың жаратылыўы тараўдағы жүзеге келген кемшиликлерди терең таллаўды, сырт елдиң алдыңғы тәжирийбелерди үйрениўди, бир сөз бенен айтқанда, машақатлы мийнетти талап етеди.

Ҳәр қандай нызам ҳүжжетин қабыл етиўден гөзленген мақсет – халқымыздың турмыс шараятын жақсылаў екенин умытпаўымыз керек.

Бул процесстеги ең тийкарғы мәселе – нызам ҳүжжетлериниң мазмун-мәнисин орынлаўшыларға ҳәм халыққа өз мүддетинде жеткерип бериў, оларды әмелге асырыўды қатаң тәмийинлеўден ибарат. Бул бағдарда әдиллик уйымларының ролин және де күшейтиўдиң ўақты-сааты келди.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Ҳәр қандай нызам белгили бир ҳуқық бериў менен бирге, жуўапкерлигимизге миннетлеме де жүклейди.

Тийкарғы нызымымыз бенен барлық пуқараларға Конституция ҳәм нызамларға әмел етиў, басқалардың ҳуқықларын, еркинликлерин, абырайын ҳәм қәдир-қымбатын ҳүрмет етиў миннетлемеси жүкленген.

Жәмийетте ҳуқықый сананың ҳәм ҳуқықый мәденияттың қәлиплесиўи, бәринен бурын, тәрбия ҳәм орталық пенен тиккелей байланыслы.

Бир ғана мысал. Канаданың 1 миллионнан аслам транспорт қуралы бар болған Калгари қаласында усы жылдың 10 айында автоавариялардың нәтийжесинде 10 адам қайтыс болған.

Өзиңиз салыстырып көриң: жәми 2 ярым миллионнан зыят автотранспорт бар болған бизиң елимизде болса, усы дәўирде 1 мың 600 ден аслам адам автоавария қурбаны болған. Бул – аўыр қайғы, үлкен жоғалтыў емес пе? !

Биз жол ҳәрекети қағыйдаларын бузғаны ушын жуўапкершиликти күшейттик. Бирақ соның өзи менен машқаланы толық шешиў мүмкин бе? Мениңше жоқ!

Буның себеби жәмийетте ҳуқықый мәденияттың жеткиликли дәрежеде қәлиплеспегени менен тиккелей байланыслы.

Биз жәмийетимизде  ҳуқықый мәдениятты зәрүр дәрежеде қәлиплестирмейди екенбиз, ҳуқықбузарлыққа шек қоймайды екенбиз, нызамды бузыў жағдайлары даўам ете береди.

Нызамларға ҳүрмет адамларымыздың ҳуқықый санасы ҳәм мәденияты тийкарында қәлиплеседи. Яғный, айырым адамлар жазадан қорқып нызамға бойсынса, басқалар балалықта алған тәрбиясы бойынша нызамды ҳүрмет етеди.

Сонлықтан биринши гезекте халық, бәринен бурын, жаслар арасында ҳуқықый тәрбияны кең жолға қойыўымыз керек.

Әпиўайы етип айтқанда, перзентлеримизге балалық ўақтынан «жақсы» ҳәм «жаман», «мүмкин» ҳәм «мүмкин емес» деген түсиниклер арасындағы парықты үйретиўимиз, өзимиз болса оларға барқулла жеке үлги болыўымыз керек.

Мектеплерде «ҳуқық» сабақлары өтиледи, бирақ олардың мазмуны үстиртин оқытыўдан ибарат болып, ҳуқықтың тәрбиялық әҳмийети екинши орынға түсип қалғаны сыр емес.

Жуўапкер уйымлар тәрепинен әмелге асырылып атырған нызамшылықты үгит-нәсиятлаў да системалы жолға қойылмаған. Сол ушын ҳуқықый билимлерди, нызамлардың мазмун-мәнисин оқыў орынлары, ғалаба хабар қураллары, Интернет ресурсларынан, әдебият, көркем-өнер, диний мәкемелердиң имканиятларынан пайдалана отырып, нәтийжели усыллар менен үгит-нәсиятлаўымыз керек.

Тилекке қарсы, биз Тийкарғы нызамымыз ҳаққында Конституция байрамына он-он бес күн қалғанда айта баслаймыз. Конституцияны, оның идеяларын үйрениў ҳәм үйретиў бәршемиздиң турақлы ўазыйпамыз болыўы зәрүр.

Есиңизде болса, бул мәселе бойынша буннан бираз жыллар алдын Олий Мажлистиң қарары да қабыл етилген еди. Бирақ, өткен дәўирде сиясий-социаллық, эконмикалық турмысымызда көп нәрсе өзгерди. Енди бул қарарды жаңалаў, оған заман руўхын сиңдириў зәрүрлиги пайда болмақта.

Бир сөз бенен айтқанда, Бас нызамымыздың ҳәр бир статьясы биз ушын қолланбаға, турмысымыз қағыйдасына айланыўы зәрүр.  Бул ушын Тийкарғы нызамымызды улыўма билим  бериў мектеплеринде, жоқары оқыў орынларында, мәҳәлле ҳәм мийнет жәмәәтлеринде системалы түрде үйрениў бойынша анық илажларды ислеп шығыўымыз керек.

Биз жәмийетимизде сондай ҳуқықый мәдениятты қәлиплестириўмиз керек, оған муўапық Конституция ҳәм нызамларға әмел етиў, басқалардың ҳуқықлары менен еркинликлерин, абырайын ҳәм қәдир-қымбатын ҳүрмет етиў мәжбүрият емес, ал күнделикли қағыйда ҳәм әдетке айланыўы шәрт.

Жуўмақлап айтқанда, пуқараларымыз нызамларды бузыўдан гөре, оларға әмел етиўден мәпдар болыўы зәрүр.

Және бир пикирге итибарыңызды қаратпақшыман.

Тилекке қарсы, жәмийетимизде елеге шекем ийек артыўшылық кейпияты пүткиллей жоқ болғаны жоқ.

Бәршемиз бир нәрсени түсинип алыўымыз керек: жақсы жасаў ушын бәринен бурын жақсы мийнет етиў, ҳуқық ҳәм еркинлик пенен бирге, жуўапкершиликти де терең сезиўимиз зәрүр. Буған ерисиў болса, тек ғана ҳәм тек ғана өзимизге байланыслы.

Гөзлеген шеклеримиз қаншелли жоқары ҳәм машақатлы болмасын, оларға жетиў ушын барлық имканиятларымыз бар. Бабаларымыздың мийрасы, халқымыздың илимий ҳәм дөретиўшилик потенциалы және исбилерменлик пәзийлети бизге бул жолда шексиз күш-ғайрат дәреги болып хызмет етеди.

Биз халқымыздың абадан турмысын перзентлеримиздиң айдын келешегин тәмийинлеў ушын буннан кейин де бир жағадан бас шығарып, бар потенциал, билим ҳәм тәжирийбемизди жумсаўымыз керек.

Елимиздиң тынышлығы, Ўатанымыздың раўажланыўы, пуқараларымыздың ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў, ул-қызларымыздың илимге, өнерге болған умтылысларын ҳәр тәреплеме күшейтиў, исбилерменлик басламаларды қоллап-қуўатлаў келешекте де реформаларымыздың орайында болады.

Биз сыртқы сиясатымызда узақ ҳәм жақын қоңсыларымыз бенен дослық байланысларын көздиң қарашығындай қәстерлеп-сақлап, барлық тараўларда өз-ара бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырамыз.

Себеби:

Билимли әўлад – уллы келешектиң,

исбилермен халық – абадан турмыстың,

дослық бирге ислесиў болса – раўажланыўдың кепили болып табылады.

Пурсаттан пайдаланып, бүгинги мәресимде  қатнасып атырған, бизге тилеклес болған, мәмлекетимиз бенен нәтийжели бирге ислесип киятырған сырт мәмлекетлердиң ҳүрметли елшилерин, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллерин бүгинги байрам менен шын жүректен қутлықлап, олардың халықлары ҳәм мәмлекетлерине тынышлық және раўажланыў тилеўге рухсат еткейсиз.

Қәдирли дослар!

Әзиз ўатанласларым!

Сизлерди бүгинги Конституция байрамы менен және бир мәрте шын жүректен қутлықлайман.

Бәршеңизге келеси жылда да саў-саламат ҳәм хош кейпиятта ушырасыў несип етиўди Жаратқаннан сорап қаламан.

Итибарыңыз ушын рахмет.