USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Пийшемби, 9 Май

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ЎАТАНЫМЫЗДЫҢ РАЎАЖЛАНЫЎ ЖОЛЫНЫҢ ҲУҚЫҚЫЙ КЕПИЛИ

Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 26-жыллығы мүнәсибети менен 7-декабрь күни «Өзбекстан» халықаралық әнжуманлар сарайында салтанатлы мәресим болып өтти. Оған мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, өндирис, илим, мәденият, көркем өнер ҳәм спорт, кең жәмийетшилик, елимизде жумыс алы барып атырған дипломатиялық корпус ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.

Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик гимни жаңлады.

Президент Шавкат Мирзиёев халқымызды усы қутлы әййям менен қутлықлап, мәмлекетлик турмыстың бир жылында жүз берген өзгерислер менен жаңаланыўлар ҳаққында баянат жасады.

Ғәрезсизлик жылларында барлық тараўларда әмелге асырылып атырған өмиршең реформалар, халқымыздың турмыс шараяты жақсыланып, экономикамыздың бәсекиге шыдамлылығы беккемленип, елимиздиң халықаралық майдандағы абырайы артып атырғанының тийкарында Тийкарғы нызамымызда белгиленген ҳуқықый кепилликлер жәмленген. Конституциямызда халқымыз әсирлер даўамында әрман еткен миллий ғәрезсизлигимиз, жанажан Ўатанымыдың раўажланыў жолы, инсанның ҳуқықлары менен еркинликлериниң кепилликлери белгилеп қойылған.

Президентимиз баянатында атап өткениндей, мәмлекетимиз ғәрезсизлик жылларында басып өткен оғада қыйын ҳәм мақтанышлы жол Бас нызамымыздың өмир бағышлайтуғын күшинен, жоқары потенциалынан дәрек береди. Тийкарғы нызамымыз негизинде жаратылған Ҳәрекетлер стратегиясы бүгинги күнде жанажан Ўатанымыздың раўажланыўын жаңа басқышқа көтериўде, инновациялық раўажланыўға қарай қәдем таслаўда әҳмийетли роль атқармақта.

Быйылғы жыл халқымыздың мәплерин тәмиийинлеп, исбилерменлерде басламашылықты күшейтиў, илим ҳәм өндиристиң интеграциясын беккемлеў, жас әўладты жетик инсанлар етип тәрбиялаў бағдарында системалы әмелий ҳәрекетлер дәўири болды. «Жедел исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы» Мәлекетлик бағдарламасы тийкарында бул бағдарда кең көлемли жумыслар әмелге асырылды.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары қабыл етилип, халықтың турмысын түп-тийкарынан жақсылаўға қаратылған дөретиўшилик ҳәм абаданластырыў жумыслары басланды. Бул халқымыз ертең, узақ келешекте емес, бүгин жақсы жасаўы керек, деген ийгиликли идеяны жүзеге шығарыўға хызмет етпекте. «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» және «Жаслар – келешегимиз» бағдарламалары шеңберинде халқымыздың, әсиресе, жасларымыздың исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаў бойынша сезилерли жумыслар исленбекте. Булардың бәри адамларда Ўатанымыздың тәғдирине жуўапкершилик, ертеңги күнге исеним сезимин еле де беккемлемекте.

Мәмлекетимиз раўажланыўының жаңа басқышында ерисилип атырған бундай өзгерислер тек ғана елимизде емес, ал пүткил регионның турмысына жаңа руўх алып кирди. Қоңсылас мәмлекетлер менен дослық ҳәм өз-ара пайдалы қатнасықлар және де беккемленди, халықларымыз арасында дослық көпирлери тикленди.

Конституциямыз басланған реформаларды табыслы әмелге асырыў, халқымыз ушын ҳеш кимнен кем болмаған турмыс шараятын жаратыў, экономикамыздың раўажланыўы, ең әҳмийетлиси, раўажланған демократиялық мәмлекетлердиң қатарынан орын алыў сыяқлы уллы мақсетлеримиздиң кепили ҳәм ҳуқықый тийкары сыпатында бәршемизди жоқары шеклерге руўхландыратуғын шексиз қүдирет дәреги болып хызмет ете береди.

Салтанатлы мәресимде елимиздиң көркем өнер шеберлери ҳәм жас атқарыўшылардың қатнасыўында биринши мәрте жанлы концерт бағдарламасы көрсетилди.

9.JPG

11.JPG

18.JPG

31.JPG

ӨзА