Аўыл хожалығы хызметкерлери күнине бағышланып пайтахтымыздың Атшабар майданында болып өткен  байрам тамашасынан репортаж

Быйылғы жылы бәҳәрги егис дәўириниң қурғақ келиўи, аўыл хожалығы егинлериниң агротехникасы ўақтында суўдың там-тарыслығы, жыйын-терим дәўиринде жаўын-шашынның ерте келиўи бир қатар машқалаларды пайда етти. Солайда болса, ҳәр қандай тәбият қыйыншылықларын өзлериниң пидайы мийнети менен жеңип киятырған дийқанларымыз быйылғы жылды пидәкерлик мийнеттиң үлгисин көрсетти.

Өткен жылдан баслап Президентимиздиң басламасы менен  декабрь айының екинши екшембисиниң Аўыл хожалығы хызметкерлери күни деп белгилениўи дийқан ҳәм фермерлерге, гүллән халқымызға болған  айрықша ғамқорлық және итибардың әмелдеги көриниси болды. Байрам мүнәсибети менен Президентимиздиң Өзбекстан Аўыл хожалығы хызметкерлерине жоллаған байрам қутлықлаўында атап өтилгенинидей,  өз исиниң шебер устасы болған сиз, әзийзлердиң пидәкерлик мийнетиңиздиң нәтийжесин ҳәр күни өзиниң дәстүрханында көретуғын халқымыз быйылғы мәўсим қандай аўыр ҳәм қыйын келгенлигин жақсы биледи.

Миллий қара үйлер, дийқанларымыздың пидәкерлик мийнетин улығлаўшы шақырық-сүренлер менен безетилген Нөкис қаласының арқа тәрепиндеги Атшабар майданында Аўыл хожалығы хызметкерлери күнине бағышланып  байрам тамашасы болып өтти.

Илаждың ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам менен қутлықлады ҳәм елимиздиң аграр саласында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Бүгинги күни жаратылып берилген мүмкиншиликлер, фермерлик ҳәрекетин раўажландырыўға қаратылып атырған итибардың арқасында республикамызда 6413 фермер хожалығы оннан аслам бағдар бойынша нәтийжели жумыс алып бармақта. Соның ишинде, мыңға жақын фермер хожалығын 30 жасқа шекемги жаслар, 500 ден зыят фермер хожалығын ҳаял-қызлар басқарып атырғанлығы қуўандырады.

Соңғы жыллары дийқан ҳәм фермерлеримизди материаллық-техникалық жақтан тәмийинлеў бағдарында бир қатар илажлар әмелге асырылды. Атап айтқанда, быйылғы жылы олар тәрепинен жетистирилген пахта ҳәм ғәллениң мәмлекетке тапсырыў баҳасы өткен жылға салыстырғанда дерлик еки есеге артқан болса, көп тармақлы фермер хожалықларының саны 1135 ке көбейди.

Аўыл хожалығы хызметкерлери күни мүнәсибети менен тараўдың раўажланыўына мүнәсип үлеслерин қосқан жерлеслеримизден бир топары ҳүрметли атақ, орден ҳәм медальлар, сондай-ақ, «Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығының пидайысы» көкирек нышанлары менен сыйлықланды.

Байрам тамашалары арқан тартысыў жарысы менен басланды. Онда Шымбай районы биринши, Қоңырат районы екинши, Әмиўдәрья районының спортшылары үшинши орынларды ийелеп, шөлкемлестириўшилер тәрепинен баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Байрам қатнасыўшыларының итибары қурға қаратылды. Бас байрақ ушын ортаға гүрес бойынша «Бәркамал әўлад-2011» жарысының жеңимпазы, бир неше мәрте Қарақалпақстан чемпионы, жаўынгерлик самбо бойынша Өзбекстан чемпионы, Шоманай районынан Мийирбек Абдихалиқов ҳәм кураш, дзюдо бойынша жаслар арасында Өзбекстан чемпионы, Хожели районынан  Зарапатдин Турдымуратовлар мирәт етилди. Бир-бирине мүнәсип палўанлар беллесиўинде Зарапатдин Турдымуратов жеңип шығып, бас байрақ Президентимиздиң саўғасы «Спарк» автомашинасы менен сыйлықланды.

Сондай-ақ, Ҳиндистанда өткерилген Азия ойынларының чемпионы, Мойнақ районынан Т.Сейтмуратов, кураш бойынша бир нешше мәрте Өзбекстан чемпионы, Қоңырат районынан Э. Айтбаев,  Қарақалпақстан чемпионлары, Мойнақ районынан Р.Рейипназаров, Қараөзек районынан А.Аллаханов, Өзбекстан чемпионы, Қоңырат районынан М.Юлдашев, самбо бойынша бир нешше мәрте Өзбекстан чемпионы, Қырғызстанда өткерилген дүнья жүзи көшпели халықлар ойынларының сыйлы орын ийеси, Нөкис районынан А.Ғаниев, қызлар арасында кураш бойынша Азия чемпионы, жәҳән чемпионатының сыйлы орын ийеси, Кегейли районынан А.Алланазарова, самбо бойынша жаслар арасында жәҳән чемпионы, Нөкис районынынан К.Дәрманбаева, кураш ҳәм дзюдо бойынша Қарақалпақстан чемпионы Нөкис қаласынан А.Бердимуратова, әскерий хызметкерлер А.Мирхамидов ҳәм Х.Анваржановлар жеңимпаз болды.

Қошқарлар урысы да  тамашагөйлерде айрықша қызығыўшылық оятты. Биринши болып жеңиске ерискен қошқар ийеси Батыр Мамутов мотоцикл менен сыйлықланды. Сондай-ақ, ҳәр бир жеңип шыққан қошқарлардың ийелерине баҳалы саўғалар тапсырылды.

Буннан  кейин бир, бес, жети, он айлаўға атлар жиберилди. Әсиресе, он айлаўға ат шабысы бәршениң дыққат итибарында болды. Бәйгиге биринши болып келген Қараөзек районынан белгили сейис Шалабай Нурымбетовтың ақлығы, райондағы 3-санлы улыўма билим бериў мектебиниң биринши класс оқыўшысы Айсулыў Шалабаеваны тамашагөйлер узақ даўам еткен қол шаппатлаўлар менен күтип алды. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов жеңимпазға қызға бас байрақ «Cobalt» автомашинасын салтанатлы жағдайда тапсырды.

Кейинги орынларды ийелегенлер мотоцикл, музлатқыш, телевизор, гилем сыяқлы қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды. Сондай-ақ, «Қыз қуўыў», «Көк пар», «Теңге алыў» жарысларының жеңимпазлары анықланып, баҳалы саўғалар тапсырылды.

Байрам қатнасыўшыларына дийқанларымыз тәрепинен жетистирилген аўыл хожалығы өнимлериниң ярмаркасы, шебер аспазларымыз таярлаған түрли тағамлар усынылып, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан көркем өнер шеберлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы, халық сейили менен узақ даўам етти. Сондай-ақ, байрам қатнасыўшыларының Нөкис қаласындағы театр ҳәм музейлерге барып, мәдений дем алысы шөлкемлестирилди.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.

 

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.