Конституция пуқаралардың ерк-ықрарын өзинде сәўлелендириўши, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеўши, мәмлекет ҳәкимияты уйымлары хызметин тәртипке салыўшы ҳәм жумыс алып барыў принциплерин белгилеўши ең жоқары юридикалық күшке ийе болған ҳүжжет есапланады.

Өзбекстан Республикасы Конституциясының қабыл етилиў процессине нәзер салсақ, биз оны халық конституциясы деп атаўымыз мүмкин. Себеби, Конституция жойбарын ислеп шығыў бойынша дүзилген комиссияның алдына раўажланған мәмлекетлердиң конституциялық ҳуқық системасын үйрениў, халықаралық ҳуқықтың ғалабалық тән алынған нормаларының артықмашлығын тән алған ҳалда конституциялық нормаларды белгилеў, инсан ҳам оның ажыралмас ҳуқықлары жоқары байлық деп есапланыўы ҳәм бул ҳуқықлар мәмлекет тәрепинен тәмийинленетуғынлығын белгилейтуғын бир қатар ўазыйпалар қойылды. Сондай-ақ, Комиссия тәрепинен ислеп шығылған Конституция жойбары улыўма хылықлық додалаўға қойылып, пуқаралардан келип түскен пикир-усыныслар есапқа алынып, Конституцияның жойбары тастыйықлаў ушын усынылды.

Солай етип, 1992-жыл 8-декабрь күни 3 ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилди.

Бириншиси, «Өзбекстан Республикасы Конституциясын қабыл етиў ҳаққында»ғы Нызам. Бул Нызам менен Конституция жойбары толығы менен қабыл етилиўи ҳәм 1992-жыл 8-декабрь сәнесинен әмелге киргизилиўи белгиленди.

Екиншиси, Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күнди улыўмахалықлық байрам деп жәриялаў ҳаққындағы Нызам есапланады. Бул нызам менен 8-декабрь улыўмахалықлық байрам – Конституция қабыл етилген күн ҳәм 8-декабрь дем алыс күни деп белгиленди.

Үшиншиси, Өзбекстан Республикасы Конституциясын әмелге киргизиў тәртиби ҳаққындағы нызам. Усы нызам менен 1978-жылда қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Конституциясы өз күшин жойтқан деп табылды.

Өзбекстан Республикасы Конституциясы Республикамызда барлық қатнасықларды тәртипке салыўды белгилеп беретуғын тийкарғы ҳүжжет есапланады ҳәм басқа нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер Конституцияда көрсетилген қағыйдалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде қабыл етиледи.

Атап айтқанда, Конституциямызда Өзбекстан Республикасының суверен демократиялық республика екенлиги, өз ишки ҳәм сырткы сиясатын өзи белгилеўи, Өзбекстанда демократиялық, улыўма инсаныйлық принциплерге тийкарланыўы, барлық пуқаралардың бирдей ҳуқық ҳәм еркинликлерге ийе екенлиги және нызам алдында теңлиги, халық мәмлекетлик ҳәкимиятының бирден-бир дереги екенлиги, пуқаралардың конституция ҳәм нызамларда белгиленген ҳуқықларының мәмлекет тәрепинен тәмийинлениўи, ҳәкимшилик-аймақлық дүзилис, мәмлекетлик ҳәкимияттың шөлкемлестирилиўи ҳәм олардың тийкарғы ўәкилликлери ҳәм конституцияға өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў тәртибин тәртипке алыўшы нормалар көрсетилген.

Мәмлекет ҳәм жәмийеттиң раўажланыўы, суд-ҳуқық тараўындағы реформалар нәтийжесинде Конституциямызға 1993, 2003, 2007, 2008, 2011, 2014, 2017 ҳәм 2018-жылларда өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди.

Киригизилген ақырғы өзгерислерге нәзер тасласақ, республикамызда суд ҳәкимияты системасын, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымларының жумысын раўажландырыў менен байланыслы.

2018-жыл 15-октябрь күни (2018-жыл 16-октябрь күшке кирди) Өзбекстан Республикасының 498-санлы Нызамы менен Конституциямыздың 105-статьясына өзгерис киргизилди. Бул пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымы баслығын сайлаў тәртиби менен байланыслы.

Усы орында атап өтиўимиз лазым, 2019-жылы мәмлекетимизде үлкен сиясий мапаз – сайлаў болады. Жоқарыдағы Нызам менен 2019-жыл май айында пуқаралар жыйынларының ақсақалын сайлаў процесси өткерилетуғынлығы белгиленди.

Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар халық мәпи ушын хызмет етеди.

Жуўмақлап айтқанда, ҳәр бир пуқара өз елиниң Конституциясын билиўге ҳәм басшылыққа алыўы шәрт, сонлықтан да жаслардың ҳуқықый санасын, мәдениятын көтериў, оларға Конституциямыздың мазмун-мәнисин сиңдирип барыў лазым. Усы мақсетте 2001-жыл 4-январь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасының Конституциясын үйрениўди шөлкемлестириў ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди.

Усы пәрманға муўапық халықтың ҳуқықый мәдениятын көтериў жолында министрлигимиз тәрепинен системалы илажлар өткермекте.

 

Ә.Өтеўлиев,

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги

Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлиминиң баслығы.