Усы жыл 4-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм ҳуқықбузарлыққа қарсы гүресиў бағдарында республикамызда алып барылып атырған жумыслардың барысы, орын алып атырған кемшиликлер ҳәм оларды сапластырыўға бағышланған мәжилис болып өтти. Оған Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзалары, Жоқарғы Кеңес депутатлары, министрликлер менен уйымлардың, мәкеме ҳәм кәрханалардың, қала ҳәм районлардағы 4 сектордың басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М. Ерниязов кирис сөз бенен ашты.

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы, Жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм ҳуқықбузарлыққа қарсы гүресиў бойынша республикалық комиссияның баслығы Н.Йўлдашев, Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министри П.Бабажановлар кең түрде шығып сөйледи.

Атап өтилгениндей, бүгинги күни ҳуқықбузарлықлар профилактикасы, жынаятшылықтың алдын алыў, тараў хызметкерлери ушын қолайлы шараятлар жаратыў мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилди. Соңғы еки жылдың өзинде ишки ислер уйымларының структурасы, хызмет атқарыў және жумыс алып барыў тәртиби түп-тийкарынан өзгерип, пүткиллей жаңа система жаратылды. Бунда әлбетте, Президентимиз тәрепинен тараў хызметкерлерин материаллық ҳәм руўхый жақтан қоллап-қуўатлаў, тараўдың материаллық-техникалық базасын беккемлеў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслар айрықша орын ийелемекте.

Президентимиздиң усы жылдың 15-16-ноябрь күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында республикамыздың буннан былай да раўажландырыў, халқымыздың бахытлы және абадан турмысын тәмийинлеў бойынша бир қатар әҳмийетли ўазыйпаларды белгилеп берди. Атап айтқанда, барлық тараўларда инвестицияларды алып келиў, санаат зоналарын раўажландырыў, экспорт потенциалын кеңейтиў, киши бизнес және жеке исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бойынша улыўма баҳасы 11 триллион 283 миллиард сумлық 793 жойбарды әмелге асырыў бойынша Бағдарлама тастыйықланды. Соның ишинде Қытай, Корея, Кувейт, Германия, Япония мәмлекетлериндеги елшилер алдына республикамызға 7 триллион 341 миллиард сумлық 30 жойбарды әмелге асырыў, ҳәр бир районға инвестиция алып келиў жуўапкершилиги жүкленди. Солай екен, сапар даўамында республикамызды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, Мойнақ районы бойынша белгилеп берилген  кең көлемли ўазыйпалар турмысымызда жүз берген ири ўақыялардан есапланады.

Соны айрықша атап өтиў керек. Президентимиз Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас ассамблеясының 72-сессиясында щығып сөйлеген сөзинде дүнья еллериниң итибарын Арал машқаласына қаратты. Усы жылы 27-ноябрь күни Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң мәжилисине Өзбекстан делегациясының қатнасыўы, онда Траст фондының шөлкемлестириўи халқымыз турмысындағы тарийхый жаңалықлардан бири болып табылады.

Усы жылдың 27-июль күни Президентимиздиң басшылығында болып өткен видеоселектор мәжилисинде, 11-август күни өткерилген Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталары Кеңеслериниң кеңейтилген мәжилисинде ҳуқықбузарлықлар профилактикасы, жынаятшылықтың алдын алыў бойынша алып барылып атырған илажлар ҳәр тәреплеме талқыланып, бул бағдарда жол қойылып атырған кемшиликлер атап өтилген еди. Сондай-ақ, жаңадан «Жынаятшылыққа  қарсы гүресиў ҳақыйқаты ҳәм әдалаты» системасы енгизилип, Ишки ислер уйымлары басшыларының есабатлары  районлық, қалалық Кеңеслер сессияларында тыңланып барылмақта.

Буннан тысқары, өткен жылдың декабрь айында жынаятшылықтың алдын алыў бойынша республикалық комиссия менен биргеликте қоспа мәжилис өткерилип, қарар қабыл етилди. Усы қарар тийкарында жынаятшылықтың барлық түрлерин азайтыў бойынша «Жол картасы» ислеп шығылып, оның орынланыў барысы айрықша қадағалаўға алынды.

Президентимиз халқымыз бенен болған ушырасыўда «Қарақалпақстан Республикасында жынаятшылық улыўма жоқ болыўы керек»,-деп айрықша атап өтип, ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў, жәмийетлик тәртипти сақлаў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп берген еди.  Соның ишинде, Нөкис қаласында жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша «Қәўипсиз қала» жойбарын әмелге асырыў, Ишки ислер уйымлары жумысларын муўапықластырыў басқармасына 4 дана «Исузу» маркалы автобусын ажыратыў, ири кәрханалар, мәдений дем алыў орынлары, дийхан базарлары менен саўда орынлары сыяқлы объектлерде видеобақлаў үскенелерин орнатыў бойынша ўазыйпаларды әмелге асырыў белгиленди.

Усы жылдың август айында Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министри П.Бабажанов басшылығындағы жумысшы топар республикамызда жынаятшылыққа қарсы гүресиў, ҳуқықбузарлықтың алын алыў бойынша жумыслар менен жақыннан танысып, өзлериниң әмелий жәрдемин көрсетти. Ең шетки аймақ есапланған Мойнақ районы Ишки ислер бөлимине қосымша еки штат ажыратылып, хызмет автомашинасы менен тәмийинленди.

Усы илажлар нәтийжесинде быйылғы жылдың өткен 10 айы даўамында республикамыздың аймағында жүз берген жынаятлардың саны өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 928 ге кемейиўине ерисилди. Соның ишинде, 105 аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынында улыўма жынаят жүз бермеген болса, 178 инде жынаятшылықтың саны азайған. Буннан тысқары, 8 районда жас өспиримлер тәрепинен улыўма жынаят жүз бермеди.

Мәжилисте усындай жетискенликлер менен бир қатарда орын алып атырған айырым кемшиликлер қатаң сынға алынды. Мәселен, өткен 10 айы даўамында республикамыздың қала ҳәм районларында 1344 жынаят жүз берген болса, соннан Нөкис қаласында, Төрткүл, Беруний, Қоңырат, Хожели, Елликқала, Әмиўдәрья районларында көбирек ушырасқанлығы атап өтилди. Сондай-ақ, ҳаял-қызлар тәрепинен жынаятқа қол урыў,  жол-транспорт ҳәдийселери нәтийжесинде пуқараларымыздың набыт болыў жағдайлары ҳәр биримизди тәшўишлендиреди. Бул орынларда жәмийетлик шөлкемлер, оқыў орынлары менен биргеликте жумыслардың жақсы жолға қойылмай атырғанлығынан дәрек береди.

Видеоселектор тәризинде өткерилген мәжилисте  жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм ҳуқықбузарлыққа қарсы гүресиў бағдарында республикамызда алып барылып атырған жумыслар, жол қойылып атырған кемшиликлер кең түрде талқыланып, оларды сапластырыў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.