2018-жыл 30-ноябрь күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда депутатлар елимиздиң жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық турмысының ҳәр қыйлы тараўларында әмелге асырылып атырған реформаларды ҳуқықый жақтан тәмийинлеўге қаратылған бир қатар нызам жойбарларын көрип шықты.

Мәжлис күн тәртибине киргизилген барлық мәселелер сиясий партиялардың парламент төменги палатасындағы фракциялары және Өзбекстан экологиялық ҳәрекети депутатлары топарының мәжилислеринде дәслепки түрде додаланған еди.

Депутатлар жумысты «Өзбекстан Республикасы менен Тәжикстан Республикасы арасында стратегиялық шериклик туўралы Шәртнаманы (Ташкент 2018-жыл 17-август) ратификациялаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамының жойбары ҳаққындағы мәселени көрип шығыўдан баслады.

Усы нызам жойбары Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 28-августтағы қарарына муўапық таярланған болып Тәжикстан Республикасы Президенти Имомали Раҳмонниң Өзбекстанға әмелге асырған мәмлекетлик сапары даўамында еки мәмлекет басшылары тәрепинен 2018-жыл 17-августта Ташкент қаласында қол қойылған шәртнаманы ратификациялаўды нәзерде тутады.

Шәртнамаға муўапық, тәреплер теңлик ҳәм өз-ара мәпдарлық, тыныш-татыў жасаў ҳәм өз-ара исеним принциплерине таянаған ҳалда, узақ мүддетли ҳәм турақлы стратегиялық шериклик қатнасықларын орнатыў және ҳәр тәреплеме раўажландырыў мақсетин гөзлейди. Ҳүжжетте мәмлекетлераралық қатнасықлардың раўажланыў перспективалары анық қамтып алынған, сиясий, саўда-экономикалық, транспорт-коммуникация, инвестициялық, суў-энергетика, экология, мәдений-гуманитар, әскерий-техникалық ҳәм басқа да тараўларда еки тәреплеме пайдалы қатнасықлардың тийкарғы принциплери менен баслы бағдарлары белгилеп берилген.

Депутатлардың пикиринше, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң кең көлемде тән алынып атырған жақын қоңсышылық, дослық байланысларын буннан былай да беккемлеўге қаратылған сыртқы сиясаты менен үйлесимли бул нызам жойбарының қабыл етилиўи Өзбекстан ҳәм Тәжикстан арасындағы қатнасықларды жаңа басқышқа алып шығыўға, еки тәрелеме байланысларды күшейтиўге хызмет етеди.

Буннан соң депутатлар «Фонограмма таярлаўшылардың мәплерин олардың фонограммаларын нызамсыз тәкирарланыўынан қорғаў ҳаққындағы Женева конвенциясына Өзбекстан Республикасының қосылатуғыны ҳаққында»ғы (Женева, 1971-жыл 29-октябрь), «Пүткил жер жүзилик интеллектуаллық мүлк шөлкеминиң авторлық ҳуқықы бойынша шәртнамасына Өзбекстан Республикасының қосылатуғыны ҳаққында»ғы  (1996-жыл 20-декабрь) және «Пүткил жер жүзилик интеллектуаллық мүлк шөлкеминиң атқарыўлар ҳәм фонограммалар бойынша шәртнамасына Өзбекстан Республикасының қосылатуғыны ҳаққында»ғы  (1996-жыл 20-декабрь) Өзбекстан Республикасы нызамларының жойбарларын ҳәр тәреплеме додалады.

Бул әҳмийетли нызам жойбарлары Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң 2018-жыл 15-17-май күнлери АҚШқа рәсмий сапары ўақтында еки ел басшысының бирликтеги билдириўинде Өзбекстан тәрепиниң усы шәртнамаларға ағза болатуғынын нәзерде тутатуғын бәнтлери және елимиз Президентиниң сапар жуўмақлары бойынша қол қойылған тийисли қарарының орынланыўы мақсетинде ислеп шығылған.

Бул халықаралық шәртнамалар ҳәм конвенцияға қосылыў ҳаққындағы ҳүжжетлер интеллектуаллық мүлкке байланыслы авторлық ҳуқықы ҳәм түрлес ҳуқықлар тараўындағы халықаралық талаплардың Өзбекстан тәрепинен анық ҳәм сөзсиз орынланыўын тәмийинлеўдиң тән алыныўы болып, әдебий ҳәм көркем шығармалардың авторлары, атқарыўшылар ҳәм олардың фонограммаларды тәкирарлаў бағдарындағы ҳуқықларын қорғаўға қаратылған.

Депутатлардың пикиринше Өзбекстанның усы халықаралық ҳүжжетлерге  қосылыўы күн сайын глобаллық әҳмийетке ийе болып баратырған мәселе – авторлардың көркем өнер, өз әдебий ҳәм көркем шығармаларына болған ҳуқықларының қорғалыўын тәмийинлеўге, өз гезегинде елимиздиң дүнья жәмийетшилиги алдындағы имиджин буннан былай да жақсылаўға хызмет етеди.

Буннан соң мәжилисте депутатлар «Судларда мәмлекетлик бажыны өндириў механизмлериниң жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Салық кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамын көрип шықты.

Атап өтилгениндей, кейинги ўақытта суд-ҳуқық тараўында избе-из реформалар әмелге асырылмақта. Итибарлысы сонда, бул өзгерислер тараўдың барлық өзгешеликлерин, соның ишинде, мәмлекетлик бажы муғдарын оптималластырыў ҳәм суд қәрежетлерин суд процесиниң барлық қатнасыўшылары арасында әдил бөлистириў мәселелерин де қамтып алған.

Депутатлар тәрепинен көрип шығылған бул нызам жойбары  усы бағдарда пуқаралық жумыслары бойынша судларға мүрәжат етиўге  мәмлекетлик бажы ставкаларының азайтылғаны мүнәсибети менен нызам ҳүжжетлерине тийисли өзгерислер киргизиўи нәзерде тутады. Парламент ағзаларының пикиринше, бул жаңалық пуқаралық ислери бойынша судларға, экономикалық, административлик судларға шағым арзалары киргизилгенде келиспеўшиликлердиң тийислилигинен келип шығып, бажы өндириў объектлерин айрықша етип белгилеўде әҳмийетли ҳуқықый тийкар болып хызмет етеди.

Мәжилис күн тәртибиндеги «Атмосфера ҳаўасын қорғаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарын талқылаў да қызғын өтти.

Атап өтилиўинше, бул нызам жойбарының мақсети аимосфера ҳаўасын қорғаў бағдарындағы нормативлик-ҳуқықый, экологиялық механизм ҳәм қуралларды жетилистириў, нызам бузылыўлары нәтийжесинде қолланылатуғын экономикалық илажлар системасын раўажландырыў, тараўда физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мәплерин тәмийинлейтуғын ҳуқықый механимзлерди жаратыўдан ибарат.

Парламент төменги палатасының алдынғы мәжилисинде ӨзЛиДеП фракциясы ағзалары мине усы нызам жойбарының қабыл етилиўи елимизде экономиканы жоқарылатыў, өндиристи раўажландырыў, соның ишинде, исбилерменликти ен жайдырыўға тосқынлық болыўын атап өткен ҳалда, исбилерменлердиң мәплерин белсене қорғап шыққан еди. Нызам жойбарын екинши оқыўға таярлаў процесинде депутатлардың усы бийкарлаўлары есапқа алынып, жойбар және де жетилистирилди. Онда, биринши гезекте, атмосфера ҳаўасын қорғаўдағы арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымлардың усы тараўдағы қадағалаў функциялары менен ҳуқықларына анықлық киргизилди. Соның менен бирге, пуқаралар, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ҳуқық ҳәм миннетлемелери анықластырылмақта.

Депутатлардың атап өтиўинше, усы нызам жойбарының қабыл етилиўи атмосфра ҳаўасына шығарылып атырған шығындылардың муғдарын азайтыў. сол арқалы қоршаған орталықтың қәўипсизлигин тәмийинлеў, инсан өмири, денсаўлығы ҳәм генофондын қәстерлеп сақлаў, экологиялық турақлылықты сақлаўға хызмет етеди.

Мәжилисте додаланған гезектеги мәселе «Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 177-статьясы ҳәм Өзбекстан Республикасы  Административлик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 170-статьясына өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары болды.

Атап өтилиўинше, елимизде сырт ел валютасын алмастырыў еркинлестирилгеннен берли тараўда әмелге асырылып атырған реформаларға қарамай сырт ел валютасының нызамлы машқаласы менен байланыслы ҳуқықбузарлықлар артып бармақта. Соны есапқа алған ҳалда таярланған нызам жойбары менен административлик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 170-статьясы, Жынаят кодекси 177-статьясы санкциясына өзгерис киргизиў арқалы валюта қымбатлылығын нызамға қайшы түрде алыў ямаса өткериў ушын жаза илажларын белгилеў және жәрийма муғдарын арттырыў нәзерде тутылмақта.

Депутатлардың пикиринше, усы нызамның қабыл етилиўи бул категориядағы ҳуқықбузарлықлар профилактикасының нәтийжелилигин күшейтиўге, халық тәрепинен сырт ел валюталарын алмасыў шақапшалары арқалы сатып алыў дәрежесин арттырыўға, экономикадағы бар жасырын секторды сапластырыўға ҳәм сырт ел валютасының қадағалаўсыз шығып кетиў жолларын сапластырыўға жәрдем береди.

«Өзбекстан Республикасына айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары ҳаққындағы мәселе де депутатлар тәрепинен ҳәр тәреплеме додаланды.

Усы нызам жойбары Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң жумысын тәртипке салатуғын нызам ҳүжжетлерин Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 23-майдағы Пәрманына ҳәм жынайый жумыстан алынған дәраматларды легалластырыўға, терроризмди қаржыландырыўға ҳәм ғалабалық қырғын қуралын тарқатыўды қаржыландырыўға қарсы гүресиў тараўындағы халықаралық стандартларға муўапықластырыў мақсетинде ислеп шығылған.

Оған муўапық, Департамент Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти етип қайта шөлкемлестирилген, оның экономикалық жынаятлар ҳәм коррупция, жынайый жумыстан алынған дәраматларды легалластырыўға, терроризмди қаржыландырыў ҳәм ғалабалық қырғын қуралын тарқатыўды қаржыландырыўға қарсы гүресиў тараўындағы тийкарғы ўазыйпалары менен функциялары белгиленген.

Жойбар менен 19 нызам ҳәм 5 кодекске өзгерислер менен қосымшалар киргизиў нәзерде тутылмақта. Оларда Департаменттиң атамасы, оның ўазыйпа ҳәм функциялардың өзгериўи, халықаралық стандартлар тийкарында ғалабалық қырғын қуралын тарқатыўды қаржыландырыўға қарсы гүресиўдиң ҳуқықый механизмин ислеп шығыў, идентификациялаў, тәўәкелшиликлерди баҳалаў, оларды минималластырыў бойынша илажларды белгилеў ҳәм тәмийинлеў, ақша қаржылары ямаса басқа да мүлк пенен байланыслы операцияларды әмелге асыратуғын шөлкемлердиң жуўапкершилигин арттырыў және олардың жумысы үстинен қадағалаўды күшейтиў сыяқлы бир қатар әҳмийетли өзгерислер сәўлеленген.

Мәжилисте депутат Ш.Полвонов шығып сөйлеп, 2017-2018-жылларға мөлшерленген коррупцияға қарсы гүресиў бойынша Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўын тәмийинлеў бағдарында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўмат берди. Атап өтилиўинше, парламент Нызамшылық палатасы ҳәм оның комитетлери тәрепинен өткерилип атырған қадағалаў-таллаў илажларында халықтың ҳуқықый мәдениятын арттырыў, коррупцияға қарсы гүресиў мәселелерине айрықша итибар қаратылмақта. Атап айтқанда, 2017-жыл ҳәм усы жылдың  1-октябрь жағдайына бола, 33 парламентлик еситиў өткерилди, 6 парламентлик сораў жиберилди және комитетлер тәрепинен 66 мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары басшыларының мәлимлемелери тықланды. Сондай-ақ, есабат дәўиринде комитетлер тәрепинен нызам ҳүжжетлериниң орынлаў жағдайын үйрениўге қаратылған 50 ден аслам илаж өткерилди.

Мәжилисте Олий Мажлис Нызамшылық палатасының усы мәселе бойынша тийисли қарары қабыл етилди.

Депутатлар «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы фракциясының усынысына тийкарланып мәжилис күн тәртибине киргизилген Өзбекстан Республикасы мәденият министриниң «Мәдений мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының орынланыўы ҳаққында»ғы мәлимлемесин еситиў бойынша мәселени де көрип шықты ҳәм додалады.

Мәжилисте, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының ўәкилликлерине тийисли басқа мәселелер де талқыланып, тийисли қарарлар қабыл етилди.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының Баспасөз хызмети