Балалар ҳуқықларын қорғаўға бағдарланған барлық илажлар көрилмекте. Бирақ, айрым аймақларда өзгелер, көпшилик жағдайларда ҳәттеки ата-аналар тәрепинен бала ҳуқықларының турпайы түрде бузылыўы, оның жеке қолқатылмаслығына зыян жеткериў жағдайлары, усы тәризде жаңа туўылған балалар саўдасы менен байланыслы жағдайлар ушырамақта, деп жазады ӨзА.

2010-2018-жылларда жүзден аслам жаңа туўылған бала адам саўдасы қурбанына айланған.

Жынаят кодексиниң 135-статьясына муўапық, адам саўдасы жынаяты, әсиресе, он сегиз жасқа толмағанлығы айыпланыўшыға белгили болған шахсқа қарата жынаят әмелге асырғанлығы оғада аўыр жынаятлар түрине киреди.

Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) басламасы менен адам саўдасы қурбанына айланған жаңа туўылған балалардың тәғдири үйренилди.

Үйрениў даўамында 2010-2018-жыл июль айы жағдайына бола Әндижан (37), Наманган (14), Ферғана (28) ҳәм Хорезм (25) ўәлаятларында жәми 104 жаңа туўылған балалар адам саўдасы қурбанына айланған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги