Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев орынларда социаллық-экономикалық реформалардың барысы, әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслары, ири жойбарлар менен жақыннан танысыў, халық пенен пикирлесиў мақсетинде 29-30-ноябрь күнлери Хорезм ўәлаятында болды.

Сапардың екинши күни Президентимиз Үргенш қаласындағы «Ниҳол» инновациялық мектебиниң жумысы менен танысты.

Усы жыл сентябрь айында жумыс баслаған бул мәмлекетлик емес билимлендириў мәкмесиниң басланғыш классларға ментал арифметиканы үйретиўге қәнигелескен. Буннан тысқары, бул жерде инглис, рус тили пәнлери тереңлестирилген түрде оқытылады. Оқыўшылардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў мақсетинде шахмат дөгереги шөлкемлестирилген.

Мектептиң қурылысына 3 миллиард 350 миллион сум қаржы жумсалған болып, ҳәзирги күнде илглис тили, рус тили, ментал арифметика, мектепке таярлаў, тез оқыў сыяқлы оқыў курслары жумыс ислемекте.

Мектепте 19 сабақ бөлмеси, китапхана, асхана, спорт залы, мийрибийке, оқытыўшылар бөлмелери, белсендилер залы бар.

Мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемеси 250 орынға мөлшерленген болып, бар талаптан келип шыққан ҳалда қосымша 500 орынлы жаңа оқыў имаратын қурыў режелестирилмекте. Сол себепли мектеп администрациясы билимлендириў мәкемеси жанынан қосымша жер майданы ҳәм 6 миллиард сумлық жеңиллетилген кредит алыўлы мөлшерлемекте. Жаңа оқыў имараты пайдаланыўға тапсырылса, және 50 жумыс орны жаратылады.

Президентимиз мектептеги шараятларды көзден өткерер екен, билимлендириў мәкемесиниң бул басламасын қоллап-қуўатлады.

Бүгинги күнде ўәлаяттағы 12 «Бәркамал аўлад» балалар орайында 4  мың 700 ден аслам оқыўшы 213 дөгерекке тартылған. Бирақ бул орайларда ментал арифметиканы оқытыў бойынша қәнигелер жоқ.

«Ниҳол» инновациялық мектеби билимлендириў методларын «Бәркамал әўлад» балалар орайларына енгизиў оқыўшылардың интеллектуаллық қәбилетин буннан былай да арттырыў имканиятын береди.

Бәринен бурын, балалардың мәнаўиятына итибар бериўимиз, оларды тарийхымызға қызықтырыўымыз керек. Балаларға билимди ҳәр қыйлы ойынлар арқалы бериў зәрүр, деди Президентимиз.

Мәмлекетимиз басшысы ментал арифметикаға болған талапты итибарға алған ҳалда, оны оқытыў методологиясын жетилистириў, оқыўшыларда логикалық пикирлеў қәбилетин жоқарылатыў, мектепти ең үлгили билимлендириў мәкемелердиң бирине айландырыў бойынша зәрүр усыныслар берди. Жуўапкер шахсларға мектепке автобус, оқыўшыларға планешт саўға етиў ўазыйпасы тапсырылды.

Ўатан азатлығы жолында жанын пидә еткен батыр сәркарда Жалолиддин Мангубердиниң мәртлиги умытылмас болып есапланады. Оның сынбас ерк-ықрары, қүдиретине душпанлар да қайыл қалған. Хорезм-шаҳлар мәмлекетиниң соңғы ўәкили болған сәркарданың айрықша таланты, уллы мәртлигине елеге шекем дүнья халқы таң қалып қарайды. Ол ҳаққында мыңлаған мақалалар, китаплар жазылды, қосықлар айтылды. Бүгин бабамыздың даңқлы аты халқымыз қәлбинде уллыланады. Елимизде көше ҳәм бағларға сәркарданың аты берилген, «Жалолиддин Мангуберди» ордени шөлкемлестирилген, Үргенш қаласында естелиги орнатылған.

Президентимиз Үргенш қаласының орайында Ал-Хорезмий ҳәм Паҳлаўан Маҳмуд көшелериниң кесилипесинде қурылатуғын Жалолиддин Мангуберди мемориал бағының жойбары менен танысты.

Қаланың көриниси түп-тийкарынан өзгермекте. Тарийхый ҳәм заманагөй дәстүрлердиң үйлесимлилигинде жаңа имаратлар, турақ жайлар қурылмақта. Халықтың турмыс шараятын жақсылаў мақсетинде ийгиликли жумыслар әмелге асырылмақта. Бул процессте уллы бабаларымыздың мийрасын мәнгилестириў, олардан мийрас қәсийетлерин жасларымыздың санасына да сиңдириў, олардың қәлбинде ўатансүйиўшилик туйғысын қәлиплестириўге айрықша итибар қаратылмақта.

Жалолиддин Мангуберди естелиги уллы бабамыздың батырлығы ҳәм данқына сай  саўлатлы болыўы зәрүрлигин атап өтти.

Бул майдан тарийхымыз айнасы, Хорезмниң «мирәт қағазы» болыўы керек. Соның ушын тарийхшы илимпазлар менен мәсләҳәтлесип, майланды терең мазмунлы, тәкирарланбас ҳәм көркем  ансамбльге айландырыў зәрүр, деди Шавкат Мирзиёев.

Президентимиз бағ аймағын кеңейтиў ҳәм абаданластырыў, онда көбирек тарийхыйлықты сәўлелендириў бойынша усыныслар берди.

Бул жерде қаланың орайын толық режелестириў, көп қабатлы турақ жайлар қурыў, ыссылық ҳәм ишимлик суўының тәмийнатын жақсылаўға байланыслы жойбарлар бойынша да мағылўмат берилди.

Үргенш қаласында халық депутатлары Хорезм ўәлаяты Кеңесиниң гезексиз сессиясы болып өтти.

Сессияда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев шығып сөйледи.

Мәмлекетимиз басшысы Хорезм ўәлаятының экономикасын раўажландырыў, халықтың социаллық шараятларын жақсылаў бойынша бир қатар жумыслардың әмелге асырылып атырғанын атап өтти.

Быйылғы жылы ўәлаятта 312 инвестициялық жойбар орынланып, жаңа кәрханалар иске түсирилген. Жыл жуўмағы бойынша санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлеми 16 процентке, экспорт 22 процентке өсиўи күтилмекте.

100 мәмлекетлик ҳәм жеке меншик мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси шөлкемлестирилип, балаларды бақшаларға қамтып алыў 33 процентке жеткен.

Хорезм ушын зәрүр болған электр энергиясы ҳәм таза ишимлик суўы тәмийнатын жақсылаў бойынша да турақлы жумыслар исленди. 254 километр электр, 456 километр суў тармақларында қурылыс ҳәсм реконструкциялаў жумыслары әмелге асырылды.

Усы жылда халқымыздың турмысын түп-тийкарынан жақсылаў мақсетинде қабыл етилген «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалар шеңберинде 27 аўыл ҳәм мәҳәлледе кең көлемли дөретиўшилик ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылды. Соның ишинде,  14 мың жеке тәртиптеги жай ҳәм 75 көп қабатлы турақ жай, көплеген инженерлик тармақлары және соцмиаллық тараў объектлери оңланды. Бул жумысларға жәми 236 миллиард сум қаржы жумсалды. Келеси жылы «Абат аўыл» бағдарламасына муўапық, ўәлаятта 30 аўылды ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламасы шеңберинде 2 қаланың 6 мәҳәллесинде қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылады.

Президентимиз өткен дәўирде жаратылған жумыс орынларының жетерли емеслиги, ўәлаятта жумыссызлықтың сақланып қалып атырғанын атап өтти. Экономика тармақларын көбейтиў, жаңа санаат кәрханаларын шөлкемлестириў ҳәм барларын кеңейтиў, аўыл хожалығы, туризм ҳәм исбилерменликти раўажландырыў арқалы бәнтлик дәрежесин арттырыў бойынша тапсырмалар берди.

Сессияда шөлкемлестириў мәселеси көрилди. Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң усынысына муўапық Хорезм ўәлаятының ҳәкими ўазыйпасын ўақытша атқарып киятырған Фарход Эрманов Хорезм ўәлаятының ҳәкими етип тастыйықланды.

Президентимиз ўәлаят басшылары Хорезм ҳалқы менен бир тән, бир жан болып, бүгин белгилеп берилген ўазыйпаларды толық орынлаўы, экономиканы раўажландырыў ҳәм адамлар турмысын жақсылаў бойынша күтилген нәтийжелерге ерисиўи зәрүрлигин атап өтти.

Сессияда сөзге шыққанлар Президентимиз сөзинде билдирилген пикирлерден келип шығып, аймақты социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған әҳмийетли ўазыйпаларды орынлаў жолында ўәлаят халқы шын кеўилден мийнет етеди ҳәм гөзленген шеклерге әлбетте ериседи, деп атап өтти.

Усының менен Президентимиздиң Хорезм ўәлаятына сапары жуўмақланды.

Умар АСРОРОВ,

Зиёдулло ЖОНИБЕКОВ,

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

ӨзАның арнаўлы хабаршылары