«Норма» ҳуқықый-мәлимлеме порталы қурылыс, бажыхана қадағалаўы, сыртқы реклама, мийнет миграциясы ҳәм басқа тараўларда 2018-жыл 1-декабрьден баслап әмел етилетуғын тийкарғы ҳуқықый өзгерислер менен таныстырды, деп жазады Kun.uz.

 

Бажыхана қадағалаўы ушын жаңа коридорлар

Елимизде қәўипти басқарыўдың автоматласқан системасы енгизилди. Оның шеңберинде 1-декабрьден «сары» ҳәм «қызыл» коридорлар жумыс баслады. Биринши коридор арқалы бажыхана декларациясы, ҳүжжетлер ҳәм мағлыўматларды тексериў бойынша бажыхана қадағалаўы формалары қәўип дәрежеси орташа көрсеткишке ийе болған товар ҳәм транспорт қураллары тексериледи. Екинши коридор болса қәўип дәрежеси жоқары болған көрсеткишке ийе объектлер ушын арналған.

Ҳәзирше коридорлар сәйкес түрде 70%/30% салыстырмасында товар ҳәм транспорт қуралларының қәўип профиллери ямаса тосыннан сайлаў тийкарында қолланылады. Бирақ, буған шекем әмелдеги еки коридорлы системадан парқлы түрде, жаңа системада төрт коридор болыўы нәзерде тутылған: Сондай-ақ, 2019-жыл марттан «көк» ҳәм «жасыл» коридорлар да иске түседи.

 

Қурылыстағы жаңаша тәртип

Бириншиден, буннан былай тиккелей инвестициялар, атап айтқанда, сырт ел инвестициялары есабынан әмелге асырылып атырған қурылыс жойбарларының сметалық бөлиминен бөлек барлық объектлер ушын сметаны экспертизадан өткериў мәжбүрий болады.

Екиншиден, қурылысы жуўмақланған объектлерди пайдаланыўға қабыл етиў тәртиби модернизацияланды. Буннан былай объектлерди пайдаланыўға қабыллаў қурылыс тараўындағы қадағалаў инспекциясы, кадастр органлары, буйыртпашы, бөлип алып ислеўши (бас бөлип алыў ислеўши) ўәкиллериниң қатнасыўында әмелге асырылады. Мәмлекетлик сатып алыў субъектлери қаржылары есабынан қаржыландырылған объектлерди қурыў буған кирмейди.

Үшиншиден, бир ўақыттың өзинде жойбарластырыў, сатып алыў ҳәм қурылыс жумыслары («Fast-track» усылы) менен қурылысты әмелге асырыўға рухсат етилди. Бирақ, буның бир шәрти бар – жойбар ҳәм бөлип алып ислеўши шөлкемлер консорциум шөлкемлестириўи керек. Консорциум қатнасыўшылары ўазыйпасына жойбарды сапалы ҳәм өз ўақтында әмелге асырыў ушын солидарлық жуўапкершилик жүкленеди.

 

Сырт елли қәнигелерге – «жасыл шырақ»

Жумыс бериўшилер жоқары тәжирийбели ҳәм тәжирийбели сырт елли қәнигелерге сырт елли жумысшы күшин тартыўға рухсатнама алмайтуғын болды.

Сондай-ақ, жоқары тәжирийбели ҳәм тәжирийбели сырт елли қәнигелер усыныснамаларды рәсмийлестириў ҳәм бериў ушын әмелдеги  ең кем мийнет ҳақының 10 есеси орнына төменлетилген тарифлерде – тийисли түрде, ең кем мийнет ҳақының 1 есеси ҳәм ең кем мийнет ҳақының 2 есесин төлейди.

Сондай-ақ, ең кем мийнет ҳақының 8 500 есесинен кем болмаған муғдарда (ҳәзирги ўақытта 1 723,2 млн сумнан аслам) жәмийетлердиң акциялары ҳәм үлеслерин сатып алыў, сондай-ақ, сырт ел кәрханасын шөлкемлестириў формасында республикаға инвестиция киргизген сырт ел пуқаралары ҳеш қандай рухсат бериўши тәртип-қағыйдаларды бузбаған ҳалда усы шөлкемниң қәлеген лаўазымында ислеў ҳуқықына ийе болды.

 

Шыпакерлердиң мийнет ҳақысы көбейди

Президенттиң ноябрь айындағы қарарына муўапық, мәмлекетлик медициналық мәкемелери медицина ҳәм фармацевтикалық хызметкерлериниң мийнет ҳақылары 2018-жыл 1-декабрьден 20 процентке көбейтилди. Сондай-ақ, олардың мийнет ҳақысы 2019-жыл 1-апрельден және 16 процентке көбейтиледи.

Медицина хызметкерлери ҳәм фармацевтлер мийнетине ҳақы төлеў системасын қайта көрип шығыў жобаластырылған.

 

ИИМ мәлимлеме орайы сапластырылды

2019-жыл 10-январьдан «Электрон жынайы-ҳуқықый статистика» бирден-бир мәлимлеме системасы сынаў режиминде иске қосылады. Ол жерде жынаят ислери, тергеўге шекемги тексериў материаллары, суд додалаўы және суд қарарларының орынланыў нәтийжелери, сондай-ақ, айыпланыўшы ҳәм жәбирлениўши сыпатында шақырылған шахслар бойынша мағлыўматлардың орайластырылған есабы жүргизиледи.

1-декабрьден баслап жынаятлар, оларды әмелге асырған шахслар ҳәм жынаят ислери ҳәрекетлениўиниң бирден-бир есабын алып барыў ўазыйпасы прокуратура органларына тапсырылды. Сол себепли ИИМ структурасындағы Мәлимлеме орайы сапластырылды. Алдынғыдай барлық ўәкилликли органлар, соның ишинде, судлар карточкаларын толтырыўды даўам етеди, бирақ бул электрон формада әмелге асырылады.

 

Сыртқы реклама қалай орналастырылады?

Буннан былай сыртқы реклама объектлерин (конструкцияларын) орналастырыў ҳуқықы ашық электрон аукционлар арқалы бериледи.

Бунда төмендеги төлемлер төленеди:

– сыртқы реклама объектлерин (конструкцияларын) орналастырыў ҳуқықын алыў ушын ҳақы – саўдалар жуўмақлары бойынша анықланады;

– сыртқы рекламаны орналастырыў ҳуқықы ушын жыйым – муғдарын жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият органлары белгилейди.

Монополияға қарсы гүресиў органының разылығын Мәмлекетлик хызметлер орайынан алыў мүмкин.

Хожалық басқарыўшы субъектлер бирлескенинде ҳәм устав фондындағы акцияларға (үлес) ийе болыў бойынша шәртнамалар дүзилгенинде бир неше жағдайларда антимонополиялық органның дәслепки разылығы талап етиледи.

Оны алыў ушын тийисли ҳүжжетлер пакетин усыныў керек. Алдын ҳүжжетлер тиккелей антимонополиялық органға тапсырылатуғын еди. 1-декабрьден баслап болса бул хызметти Мәмлекетлик хызметлер орайы арқалы әмелге асырыў мүмкин.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги