Пайтахтымыздағы «Өзэкспоорай» миллий көргизбелер комплексинде «Made in Uzbekistan» халықаралық экспорт көргизбеси жумыс баслады.

Өзбекстан Республикасы Сыртқы саўда министрлиги ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлиги менен биргеликте шөлкемлестирилген көргизбениң ашылыўында белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер, елимизде жумыс ислеп атырған дипломатиялық корпус ўәкиллери, жергиликли ҳәм сырт ел исбилерменлери қатнасты.

Бул көргизбе-ярмаркада «Artel Enginering and Management» ЖШЖ, «Өзбеказықаўқатхолдинг» холдинг компаниясы, «Өзметкомбинат», «Өзшарапсанаат», «Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийетлери, «Өзтоқымашылықсанаат», «Өзжипексанаат», «Өзбылғарысанаат» ассоцациялары, «Имзо-Акфа» кәрханасы сыяқлы 150 ден аслам ири жергиликли кәрханалар қатнаспақта. Олар тәрепинен жеңил санаат, фармацевтика, азық-аўқат, былғары-аяқ кийим, қурылыс, халық тутыныў өнимлери, машина қурылысы, химия санааты, жол-транспорт инфраструктурасы, электротехника, телекоммуникация ҳәм мәлимлеме технологиялары бойынша жаңа түрдеги өнимлер ҳәм басқа да көплеген хызметлер көрсетилмекте.

-«Made in Uzbekistan» халықаралық экспорт көргизбеси бурынғыларынан парықланады,-дейди  Сыртқы саўда министрлиги басқарма баслығының орынбасары Нодирбек Ҳошимов. – Бурын көргизбе тек ғана елимиз көлеминде өткерилген болса, бул сапары онда Европа, Орайлық Азия, Россия, АҚШ, Қытай, Қубла Корея, Украина, Аўғанстан, БАӘ ҳәм басқа да мәмлекетлерден 500 ден аслам сырт ел кәрханасы, елимиздиң сыртқы экономикалық бирге ислесиў шөлкемлериниң ўәкиллери қатнаспақта. Олар жергиликли санаат кәрханаларының өнимлери менен танысыў,  өндирис тармақларына енгизилген инновациялық жойбарлар ҳаққында мағлыўмат алыў имканиятына ийе болмақта.

Көргизбе шеңберинде семинарлар, өнимлер ҳәм хызметлер презентациясы өткерилмекте. Темаға байланыслы конференция болып өтти.

– Көргизбеде «Өзбылғарысанаат» ассоцациясының 15 тен аслам кәрханасы өз өнимлери менен қатнаспақта,-дейди «Былғары ҳәм аяқ кийим дизайны» орайының директоры Отабек Ашуров.  –Бул көргизбе барлық кәрханалар сыяқлы бизге де үлкен имканиятлар жаратып, экспорт етиў ушын шериклерди көбейтиўимизге жол ашады.

-Өнимлеримиз тек ғана ишки базарда емес, сыртқы базарда да өтимли. АҚШ, Канада, Европа ҳәм ҒМДА мәмлекетлерине экспорт етип атырмыз,-дейди «Имзо-Акфа» кәрханасының менеджери Шерзод Арипов. -Ҳәзирги ўақытта жергиликли шөлкемлерден бирге ислесиў бойынша усыныслар келип түспекте, сырт ел исбилерменлери де өнимимизге үлкен қызығыўшылық билдирмекте.

21.jpg

Көргизбениң ашылыў мәресиминде Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Н.Отажанов шығып сөйледи.

 

Даврон СУННАТОВ,
ӨзА ның хабаршысы