Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы «Даўыт ата» шегара постында қоңсы мәмлекеттиң пуқарасы А.Ш.ға тийисли автомашина бажыхана тексериўинен өткерилгенде, оның салонында 7.62  калибрли бир дана патрон нызамсыз алып киятырғаны мәлим болды.

Әмелдеги белгиленген тәртипке муўапық, физикалық шахслар тәрепинен Өзбекстан Республикасына оқ атар қуралларын ҳәм оқ-дәрилерди алып келиў қадаған етиледи. Оларды контрабанда, яғный бажыхана тексериўинен шетлеп ямаса бажыхана қадағалаўынан жасырын, декларациясыз алып келгени ушын Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексининң 246-статьясы бойынша жынайый жуўапкершилик белгиленген. Сонлықтан да, елимизге келиўши ҳәр бир пуқара усы тәртип-қығыйдағы қатаң бойсыныўы тийис.

Деген менен, пуқара А.Ш. бажыхана уйымы хызметкериниң аўыз-еки сораўында айтылмаған усы бир дана патронды Қазақстан Республикасынан елимизге нызамсыз алып кирмекши болған нийети пушқа шықты.

Ҳәзирги ўақытта бул ис бойынша бажыхана тексериўлери даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.