Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев басшылығында Нөкис қаласында болып өткен ушырасыўда Қарақалпақстан экономикасын раўажландырыў мәселелери додаланды.

Онда атап өтилгениндей, 2019-2020-жылларда Қарақалпақстанда санаат, хызмет көрсетиў ҳәм аўыл хожалығы тараўларын раўажландырыў бойынша 1 мың 18 инвестициялық жойбар ислеп шығылған. Бул мақсетлер ушын 11 триллион сум, соның ишинде, 895 миллион доллар тиккелей сырт ел инвестициялары болыўы жобаластырылған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги