Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 16-октябрьдеги «Республикамызда пал ҳәррешилик тармағын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийнлеў мақсетинде усы жыл 15-ноябрьден 30-ноябрь күнлери аралығында республикамыздың барлық қала ҳәм районларында пал өнимлериниң ярмаркасы «Пал байрамы»  болып өтеди. 

Усы мүнәсибет пенен Нөкис орайлық дийқан базарында илаждың ашылыў салтанаты болып өтти. Онда қатнасыўшылар республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан келген пал ҳәррешилиги менен шуғылланатуғын фермер хожалықлары өнимлериниң көргизбеси менен танысты.

-Илажды өткериўдеги мақсет, халықты сапалы, тәбийғый ҳәм арзан пал өнимлери менен тәмийинлеў, пал өнимлериниң өзине тән пайдалы және шыпабағыш қәсийетлерин кеңнен үгит-нәсиятлаў болып табылады,-дейди «Ўзбекистон асаларичилари» ассоциациясының баслығы Шерали Суяркулов.

– Усы қарар менен пал жетистириў ҳәм оны қайта ислеў көлемлерин көбейтиўге, пал ҳәрре пакетлери менен хожалықларды тәмийинлеўге, пал жетистириўдиң заманагөй усылларын енгизиўге бағдарланған 2017-2021-жылларда пал ҳәррешилик тармағын комплексли раўажландырыў бойынша илажлар бағдарламасы тастыйықланды. Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм барлық ўәлаятларда да усындай ассоциациялар шөлкемлестирилди.

Ҳақыйқатында да, пал ҳәррешилигин раўажландырыў ҳәр тәреплеме пайдалы тараў болып есапланады. Бул тек ғана шыпабағыш пал өниминен пайдаланыў емес, соның менен бирге, дийқаншылық, бағшылық ҳәм овощ-палыз егинлерин шаңландырыў арқалы оннан мол зүрәәт жетистириўде, ең баслысы, инсан саламатлығын беккемлеўде айрықша әҳмийетке ийе болып табылады.

Тараўға алдыңғы технологияларды енгизиў, өнимлерди экспорт  етиў бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпаларына бири болып табылады. Қәнигелердиң атап өткениндей, бурынлары елимизде 40 мың тоннаға шекем пал өнимлери сырт еллерге экспортқа шығарылған. Быйылғы жылдың өткен алты айы даўамында  тек 58 тонна ғана өним Арабстанға, Россия, АҚШ, Малайзия еллерине экспорт етилди. Тараўды раўажландырыўда Израил мәмлекетинен қәнигелер мирәт етилмекте. Қубла Кореяның исбилерменлери Қарақалпақстанда жетистирилген пал өнимлерин сатып алыўға қызығыўшылық билдирмекте.

Президентимиздиң «Республикамызда пал ҳәррешилик тармағын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында берилген жеңилликлер тараўды раўажландырыўда тийкарғы фактор болып хызмет етпекте. Атап айтқанда, пал ҳәрреси уяларын, олар ушын зәрүр үскенелерди, әнжамларды ҳәм пал ҳәррешилик саласында қолланылатуғын инвентарьларды, арнаўлы транспорт қураллары менен тиркемелерди, палды қадақлаў технологиялық линиялар лизинг тийкарында жеткерип берилмекте. Пал ҳәррешилик хожалықлары тәрепинен пал жыйнаў мәўсими даўамында тоғай фонды жерлеринен, қорғалатуғын тәбийғый аймақлардан (мәмлекетлик қорықханалар, биосфера резерватының қорғалатуғын зонасынан тысқары), тәбийғый пишензарлықлар менен жайлаўлардан және аўыл хожалығы жерлеринен пайдаланыўды бийпул әмелге асырыў сыяқлы бир қатар жеңилликлерден пайдаланбақта.

-Бундай илажлардың өткерилиўи жетистирилген өнимлеримизди сатыў, соның менен бирге, пал жетистириўшилер арасында өз ара тәжирийбе алмасыўда үлкен әҳмийетке ийе,-дейди Нөкис районындағы пал ҳәррешилигине қәнигелестирилген «Шарипбай» фермер хожалығының баслығы Азат Қурбаниязов.

-Өткен жылы «Жаслар-келешегимиз қурыўшылары» сүрени астында өткерилген  көргизбесине қатнасып, «Ең жақсы өним» номинациясы жеңимпазы болды.

Илаж қатнасыўшыларына С.Хожаниязов атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театры дөретиўшилик жәмәәтиниң байрам тамашасы қойып берилди.

Даўыт АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.