2017-жыл 6-октябрь күни Россия Федерациясының Владимир ўәлаятында автобус ҳәм жолаўшы поездының қатнасыўында жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берди. Дәслепки мағлыўматларға қарағанда, оның ақыбетинде 16 адам өмирден көз жумған.
Қурбан болғанлардың 15и Өзбекистан пуқарасы, биреўи Қазақстан пуқарасы болған. Және 5 Өзбекистан пуқарасы түрли дәрежедеги дене жарақатын алып, емлеўханаға жатқарылған.
Өзбекистан Республикасы Президенти Ҳүкимет комиссиясын шөлкемлестириў бойынша тапсырма берди. Оған Өзбекистан Республикасы Қорғаныў министрлигиниң арнаўлы самолётында қурбан болғанлардың денесин ҳәм жәбирленгенлерди Өзбекистан Республикасына алып келиў ўазыйпасы жүкленген.
Өзбекистан Республикасы Сыртқы ислер ҳәм Ишки ислер министрликлери тәрепинен жол-транспорт ҳәдийсесине ушыраған пуқаралардың шахсын анықлаў бойынша илажлар әмелге асырылмақта.
Ҳүкимет қурбан болғанлар ҳәм жәбир көргенлердиң шаңарақларына барлық зәрүр жәрдемин көрсетеди.
Өзбекистан Республикасы
Айрықша жағдайлар министрлигиниң
баспасөз хызмети