Өткен дүйшемби күни Шымбай районында Күнхожа ҳәм Бердақ шайырлардың  мақбара ҳәм музейлери қурып питкерилип, салтанатлы жағдайда ашылды.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажды район ҳәкими П.Ещанов кирис сөз бенен ашты. Буннай кейин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов шығып сөйледи.

Атап өтилгениндей, Күнхожа ҳәм Бердақ шайырлардың мақбара және музейлериниң қурып питкерилиўи, әдебиятымыз бенен мәдениятымызға, тарийхымызға деген итибардың әмелдеги көриниси болып табылады. Бүгинги күни Президентимиз тәрепинен дөретиўши инсанларға айрықша итибар қаратылып, халқымыздың руўхый дүньясын байытыў жолындағы ийгиликли ислер ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланбақта. Буның мысалы ретинде,  Ташкент қаласындағы пайызлы көшелердиң бирине Бердақ шайырдың естелиги орнатылғанлығын атап өтиўге болады.

Ҳақыйқатында да, халқымыздың тарийхында терең из қалдырған инсанлардың бири Бердақ Қарғабай улының  әдебият ықласбентлери ушын бийбаҳа мийрас қалдырып кеткен данышпан шайырларымыздан бири болып табылады. Себеби, XIX әсир қарақалпақ әдебияты туўралы сөз болғанда, әлбетте, өзиниң айрықша таланты, бийбаҳа шығармалары менен халқымыздың руўхый дүньясын байытыўда салмақлы үлес қосқан оның исми ҳүрмет пенен тилге алынады.

Халқымыз Күнхожа шайырдың «Умытпаспан», «Орақшылар» сыяқлы 70 тен аслам, Бердақтың «Халық ушын», «Жақсырақ», «Айдос бий», «Ерназар бий», «Шежире», «Амангелди» сыяқлы 100 ге шамалас шығармалары әўладтан-әўладқа өтип, сақланып келинбекте.

Сонны да айрықша атап өтиўимиз керек, Президентимиз халқымыз бенен болған ушырасыўларда  жазыўшы ҳәм шайырларымыздың дөретиўшилигине жоқары баҳа берип келмекте.  Соның ишинде Бердақтың:

Ойлы жигит, жақсы билимпаз келер,

Айтқан гәплерине түсимпаз келер,

Ақылсыздың қәсийети аз келер,

Ақмақлар ҳеш хызмет етпес халық ушын»,

-деген қосық қатарларына айрықша тоқтап өтеди. Буннан тысқары, тиккелей Президентимиздиң усынысы менен Бердақ шайырдың 190 жыллығының елимиз бойлап кең түрде белгилениўи, Ташкент қаласында, барлық ўәлаятларда «Бердақ күнлери»ниң өткерилиўи, Қарақалпақ мәмлекетлик университетине, Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық сазлы театрына шайыр атының берилиўи, Бердақ музейиниң шөлкемлестирилиўи, пайтахтымыздың көрнекли орынларының бирине шайыр естелигиниң орнатылыўы  қарақалпақ әдебияты менен мәдениятына болған айрықша ҳүрметтиң үлгиси болып табылады.

Илажда сондай-ақ, мийнет ветераны Қ.Камалов, «Нураний» қоры Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы, Қарақалпақстан халық жазыўшысы Ш.Уснатдинов, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы, Қарақалпақстан халық шайыры Г.Аннақлышева,  Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Шымбай районы бөлими баслығының биринши орынбасары Б.Абдуллаев шығып сөйлеп, қарақалпақ әдебиятының көрнекли ўәкиллери Күнхожа ҳәм Бердақ шайырлардың  естелигине болған айрықша итибары ушын Президентимизге шексиз миннетдаршылық билдирди. Әлбетте, келешекте бул орын тек елимиз пуқараларының емес, ал шет елли мийманлардың да зыярат етиў орнына айланатуғынына исеним билдирди.

Илаж соңында қуран оқылып, бабаларымыздың руўхына ҳүрмет көрсетилди. Қатнасыўшылар қысқа мүддетте қурып питкерилген уллы шайырларымыздың мақбарасын ҳәм музейин зыярат етти.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВтың түсирген сүўрети.