Концерт бағдарламасы 29-сентябрь күни, саат 19.00 да болып өтеди. Кириў бийпул. Муғаллимлер ҳәм устазлар байрамы күни алдынан «Халықлар дослығы» көркем өнер сарайы жанында, байрақ астында жанлы атқарыўда үлкен гала-концерт болып өтеди, деп хабар бермекте «Спутник.уз» басылымы.

«Байрамды өткериў ушын дем алыс  – шемби күнин таңладық. Концертке кириўге ҳәммениң де мүмкиншилиги болмайды ҳәм бул халқымызға биз тәрептен исленген әжайып саўға болады», – дейди «Өзбекконцерт» ўәкили.

Концерт халық сейили тәризинде өткерилип, оны тамашалаў бийпул. Атап өтилиўинше, жаслар қосықларын сүйип тыңлайтуғын 10 эстрада қосықшысы бул гала-концертке қатнасыў тилегин билдирген.  «Өзбекконцерт» хызметкери олардың атларын атап өтиўди қәлемеди. «Бул халқымыз ушын жақсы сюрприз болсын», – деди ол. Концерт бағдарламасы 29-сентябрь күни, саат 19.00 да болып өтеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги