Усындай атамада 21-сентябрь күни пайтахтымыздағы Жаслар орайында Өзбекстан Жаслар аўқамы тәрепинен шөлкемлестирилген жаслар фестивалыныӊ  Қарақалпақстан Республикалық басқышы өткерилди.

Фестивальға Республикамыздыӊ қала ҳәм районларынан келген дөретиўши ҳәм талантлы жаслар қатнасып  бир-бири менен тәжирибе  алмасты , өзлериниӊ билимлерин сынақтан өткерди.

Қатнасыўшылар бес бағдар бойынша өз-ара беллесип  жеӊимпазлар анықланди:

Шығармалар таӊлаўы бойынша; 14-16 жастағылар арасында 1-орын Қурбанбаева Хуршида, 17-20 жастағылар арасында 1-орын Бегдуллаева Динара,

 

Қосықлар таӊлаўы бойынша; 10-14 жастағылар арасында 1-орын  Якупова Шахзада, 15-19 жастағылар  арасында 1-орын Жумамуратова Гөззал, 20-30 жастағылар  арасында 1-орын Дәрибаева Наргиза,

Сүўрет салыў таӊлаўы бойынша; 14-16 жастағылар арасында 1-орын Тилепбаев Ашхожа, 17-20 жастағылар  арасында 1-орын

Сырымбетов Расулбек,  21-30 жастағылар  арасында 1-орын Орақбаев Нурлыбай, Фотосуўретлер таӊлаўы бойынша; 14-30 жастағылар арасында 1-орын Турғанбаев Ислам  ҳ.т.б лар жеӊимпаз болып шөлкемлестириўшилер тәрепинен ҳүрмет жарлықлары  ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

 З.Абубакирова,

 ҚМУ журналистика қәнигелигиниӊ 4-курс  студенти