Франциядағы «Cinedoc films» кинокомпаниясының директоры, кинопродюсер Кристиан Лелонг өзиниң жаңа ҳүжжетли фильмин сүўретке алыў ушын Қарақалпақстанға келди. Бул ҳаққында Турон24 агентлиги хабар бермекте.

– Әмиўдәрьяның жағасында жасайтуғын инсанлар тәғдири ҳәм турмыс тәризи фильмниң сюжетин қурайды, – дейди Кристиан Лелонг. – Жергиликли халықтың дәрьядағы кәсиби, сондай-ақ, дийқаншылық ҳәм шарўашылық тараўларын да сүўретке аламыз. Фильмди ҳәзирше «Дәрья адамлары» деп атадық. Бул теманы сайлағанымыздың себеби инсан тәғдири бәрқулла дәрьялар менен байланыслы болған. Орайлық Азиядағы дәрьялар тарийхы менен бирге, дәрья жағасындағы адамлардың турмыс тәризи, күнделикли шынығыўлары тек ғана мен ушын емес, ал басқа аймақларда жасайтуғын тамашагөйлер ушын да қызықлы болады.

Франциялы продюсердиң айтыўынша, ҳүжжетли фильм көп ўақытты талап етеди. Ҳүжжетли фильмди сүўретке алыўда «Өзбектелефильм» ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы жақыннан жәрдем бермекте.

Мағлыўмат ушын, Кристиан Лелонг жүзге шамалас мәмлекетлерде сүўретке алынған фильмлерге продюсерлик еткен.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги