АҚШ Мийнет министрлиги тәрепинен 2018-жыл 20-сентябрь күни жәрияланған балалар мийнетиниң ең жаман формалары ҳаққындағы 2017-жылғы есабатына муўапық, Өзбекстан төртинши орыннан екинши орынға көтерилди. Мийнет ҳуқықларын қорғаў тараўындағы «нызамшылық пенен тәртипке салыў, ҳуқықты қолланыў, ис-ҳәрекетлерди муўапықластырыў, ҳүкиметлик сиясат ҳәм социаллық бағдарламалар менен байланыслы айырым мәселелер бойынша салмақлы илажлар көрген мәмлекетлер»диң қатарына кирди.

Ҳүжжетте атап өтилиўинше, елимиздиң бирден еки басқышқа жоқарылағаны мәмлекетимиз тәрепинен пахта териминде балалар мийнетинен пайдаланыўға шек қойыў бойынша қатаң илажлар көрилгени менен байланыслы. Бул министрлик Халықаралық мийнет шөлкеми, ҳүкимет ҳәм еркин ҳуқық қорғаўшылары өткерген мониторинг нәтийжелерине сүйенип, балаларды пахта жыйым-теримине системалы рәўиште тартыўға толық шек қойылғанын атап өтти.

Ҳүкимет тәрепинен 2017-жылы көрилген илажлар сәўлелендирилген есабатта балалар мийнети ҳәм мәжбүрий мийнеттиң алдын алыў ҳәм оған шек қойыўға қаратылған Пуқаралардың кепилленген мийнет ҳуқықларын тәмиийнлеў мәселелери бойынша Парламент комиссиясы шөлкемлестирилгени атап өтилген.

Сондай-ақ, Өзбекстан ерискен жетискенликлердиң қатарында аўыл хожалығы егинлерин диверсификациялаў, ғаўаша майданларын қысқартыў, пахтаның сатып алыў баҳасын көтириў ҳәм оны жыйнаўды механизацияластырыў нәзерде тутылған аграр тараўды модернизациялаў режеси қабыл етилгени ҳәм избе-из әмелге асырылып атырғаны айрықша атап өтилген.

АҚШ министрлиги Өзбекстанда жетистирилген пахтаны 2009-жылдан берли биринши мәрте «балалар мийнетинен пайдаланған ҳалда ислеп шығарылған товарлар дизими»нен шығарып таслады.

Жоқарыда атап өтилген қарарлар пуқаралардың мийнет ҳуқықларын қорғаў тараўында мәмлекетимиз ерисип атырған жетискенликлердиң гезектеги тән алыныўы болып, Өзбекстанда ислеп шығарылған пахтаның АҚШ базарына кириўи ушын жаңа перспективалар ашады.

Атап өтиў керек, бурынырақ АҚШ Мәмлекетлик департаменти тәрепинен 2017-жылы адам саўдасы менен байланыслы жағдай бойынша есабат жәрияланған ҳәм онда Өзбекстан балалар мийнети ҳәм мәжбүрий мийнетке шек қойыўда үлкен жетискенликлерге ерискени ушын үшинши категориядан екинши категорияға өткен еди.

ӨзА