2018-жыл 21-сентябрь күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда депутатлар елимизде социаллық, экономикалық, суд-ҳуқық системасында әмелге асырылып атырған реформаларды ҳуқықый жақтан тәмийинлеўге қаратылған бир қатар нызам жойбарларын көрип шықты.

Мәжилис күн тәртибине киргизилген барлық мәселелер сиясий партиялардың парламент төменги палатасындағы фракциялары ҳәм Өзбекстан Экологиялық ҳәрекетиниң депутатлық топарының мәжилислеринде дәслепки тәризде додаланған еди.

Мәжилисте  депутатлар Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 2-февральдағы пәрманы менен тастыйықланған Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў бойынша комплексли илажлар бағдарламасының орынланыўы бойынша Әдиллик мнистрлиги тәрепинен киргизилген «Өзбекстан Республикасының Турақ жай кодексиниң 32-статьясына өзгерис киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарын көрип шықты.

Киргизилип атырған өзгерислерге муўапық, турақ жай мүлк ийесиниң шаңарақ ағзасы деп ерли-зайыплының ата-анасы, сондай-ақ, мүлк ийеси менен турақлы жасап атырған шаңарақлы перзентлери менен биргеликте мүлк ийесиниң шаңарақлы перзентлериниң ҳаяллары (ерлери) да егер бурын бул ҳуқыққа ийе болмаған болса, өз-ара келисимге тийкарланып, турақ жай мүлк ийесиниң шаңарақ ағзасы сыпатында тән алыныўы нәзерде тутлымақта. Яғный, буның менен мүлк ийесиниң шаңарақлы перзентлериниң ҳаяллары (ерлери) да шаңарақтың басқа ағзалары менен биргеликте үйдеги, квартирадағы бөлмелерден мүлк ийеси менен тең пайдаланыў ҳуқықына ийе болыўына тийкар жаратылады.

Усы нызам жойбарын додалаў қызғын пикир таласларға себеп болды. Депутатлардың пикиринше, бул нызам жойбарының қабыл етилиўи келешекте ҳаяллардың некеден ажырасқан жағдайларда өзлери жасап турған хожалық мүлк ийесиниң турақ жайынан пайдаланыў, усы турақ жайға өзиниң перзентлерин де көширип киргизиў ҳуқықын жүзеге келтиреди ҳәм шаңарақлық ажырасыўлар ўақтында жүзеге келетуғын машқалалардың алдын алыўға хызмет етеди. Бирақ усы мәселениң толық нызамлы тийкарға ийе болыўы жәмийетимиздиң көпшилик ағзалары ушын үлкен әҳмийетке ийе екенин инабатқа алған ҳалда, бул бағдарда асығыслық пенен қарар етип болмайтуғынын, мәселени ҳәр тәреплеме тийкарлы үйренип, терең додалаў мақсетке муўапықлығы атап өтилди. Көтерилип атырған мәселе жүдә әҳмийетли екени, машқала болса толық шешилиўи ушын жойбар үстинде ислеўди даўам еттириў зәрүрлигин нызам жойбарының басламашылары да тән алды. Сол мүнәсибет пенен көпшилик депутатлардың усынысына муўапық усы мәселени жалпы мәжилис күн тәртибинен шығарып, жуўапкер комитетке нызам жойбарын және де жетилистириў ушын ўақыт ҳәм имканият қалдырыў және оны ендиги мәжилислерде көрип шығыў усынысы алға қойылды.

Усыныс бир даўыстан мақулланды  ҳәм нызам жойбары күн тәртибинен шығарылды.

Буннан соң парламент төменги палатасының бир топар депутатлары тәрепинен нызамшылық басламасы ҳуқықы тийкарында киргизилген «Пуқаралар жыйынының баслығы (ақсақалы)н сайлаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамының жойбары қызғын додалаўларға себеп болды.

Атап өтилгениндей, бул нызам жойбары пуқаралар жыйының баслығы (ақсақалы)н сайлаўда қатнасыў бойынша пуқаралардың конституциялық ҳуқықларын әмелге асырыўға қолайлы шараят жаратыў, сайлаў процесиниң ашық-айдынлығын буннан былай да арттырыў  мақсетинде ислеп шығылған.

Сөзге шыққан депутатлар, бәринен бурын, усы нызамда қандаң жаңа түсиниклер, нормалар бар, деген мәселелерге ҳәр тәреплеме тоқтап өтти.

Нызам жойбары менен пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақал)ының ўәкилликли мүддети еки ярым жылдан үш жылға создырылмақта.

Сайлаўларға тиккелей пуқаралардың өзлери көбирек қатнаса алыўын тәмийинлеў мақсетинде сайлаў өткерилип атырған аймақ-ҳәўлилер, турақ жайлар, көшелерден пуқаралар ўәкиллигиниң минимал нормасын белгилеў усыныс етилмекте. Онда ҳәр бир аймақтың халқының саны инабатқа алынған.

Усыныс етилип атырған жаңа нызам жойбары бойынша, келешекте сайлаўларды шөлкемлестириў ҳәм өткериў мәселеси менен республика дәрежесинде Олий Мажлис Сенаты Кеңгашиниң комиссиясы емес, ал айрықша дүзилетуғын пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары) сайлаўын шөлкемелестириўге ҳәм өткериўге көмеклесетуғын Республикалық комиссияның шуғылланатуғыны белгиленбекте. Оның қурамына парламент төменги палатасының депутатлары, мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлер, илимий мәкемелер ҳәм басқа да шөлкемлердиң ўәкиллери киргизиледи.

Пуқаралар өз қәлеўин еркин билдириўине тәсир етиў имканиятын қалдырмаў мақсетинде пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы) сайлаўларында жасырын даўыс бериў системасы орнатылмақта.

Сайлаў процесиниң ашық-айдынлығын тәмийинлеў мақсетинде болса пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы)н сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериў, сайлаў өткерилетуғын сәне, оның ўақты ҳәм орны ҳаққында, баслық (ақсақал) лаўазымына талабанлар ҳаққындағы мәлимлемени Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша кеңеслердиң рәсмий веб-сайтларында жайластырыў нәзерде тутылмақта.

Депутатлардың пикиринше, усы нызамның қабыл етилиўи пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларына сайлаў процесиниң буннан былай да   ашық-айдынлығын тәмийинлейди, пуқаралар жыйынының кадрлар потенциалын ҳәм мәҳәлле институты жумысының нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етеди.

Мәжилисте, сондай-ақ, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының ўәкилликлерине байланыслы басқа да мәселелер көрип шығылды ҳәм тийисли қарарлар қабыл етилди.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының

Баспасөз хызмети