Транспорт-логистика, транзит тараўы бойынша өз-ара пайдалы қатнасықларды жолға қойыў Өзбекстан сыртқы сиясатының әҳмийетли бағдарларынан бири. Бул тек ғана мәмлекетимиздиң экономикалық имканиятларын арттырыўды емес, ал Орайлық Азияны бирден-бир регион сыпатында раўажландырыўды нәзерде тутады. Усы мақсетте Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында бул процесс ушын қолайлы сиясий орталық қәлиплестириў, регион мәмлекетлери менен барлық бағдарларда избе-из бирге ислесиўди жолға қойыў ушын диолог майданын жаратыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Усы жылдың 20-21-сентябрь күнлери Ташкентте өткерилетуғын «Орайлық Азия халықаралық транспорт коридорлары системасында: стратегиялық перспективалар ҳәм пайдаланылмаған имканиятлар» темасында халықаралық конференция бул бағдардағы ис-ҳәрекетлердиң қатарына киреди.

Халықаралық пресс-клубтың 17-сентябрь күни болып өткен гезектеги сессиясы да усы халықаралық конференцияға бағышланды.

12.JPG

Сессияға Өзбекстан Республикасы Автомобиль жоллары мәмлекетлик комитетиниң баслығы Абдураҳмон Абдувалиев, «Өзбекстан темир жоллары» АЖ баслығының биринши орынбасары Фазлиддин Сагдуллаев, Өзбекстан Автомобиль транспорт агентлигиниң баслығы Даврон Деҳқонов, «Өзбекстан ҳаўа жоллары» Миллий авиакомпаниясы бас директорының биринши орынбасары Умид Ҳусанов, Сыртқы саўда министрлигиниң жуўаплы хызметкери Азизбек Салоҳиддинов, сондай-ақ, тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери, журналистлер қатнасты.

Илажда атап өтилгениндей, Орайлық Азия, атап айтқанда, мәмлекетимиздиң транспорт-транзит потенциалы Шығыс ҳәм Батыс, Арқа ҳәм Қубланы өз-ара байланыстыратуғын геостратегиялық жайласыўы менен белгиленеди. Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен миллий транспорт тармағын раўажландырыў тараўында халықаралық талапларға ҳәм стандартларға жуўап беретуғын бир тутас комплексли стратегияны ислеп шығыў бағдарында бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Бул қатнас мәмлекетимизди халықаралық транспорт системасына кең интеграциялаўды тәмийинлеў, регион мәмлекетлерин жәҳән базарлары менен өз-ара байланыстыратуғын тутас хабқа айландырыўды нәзерде тутады.

Транспорт инфраструктурасын раўажландырыў экономикалық секторларды жедел ҳәрекетлендириўдиң әҳмийетли факторы болып табылады. Усы мақсетте елимизде «2015-2019-жылларда инженерлик-коммуникация ҳәм жол-транспорт инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм модернизациялаў бағдарламасы» қабыл етилди.

3 (4).JPG

Бул бағдарлама Орайлық Азияда қосымша жүк тасыў ағымларын тартыў имканиятын беретуғын жаңа жол-транспорт инфраструктурасын раўажландырыў,  регионның транспорт-логистикалық потенциалын раўжландырыў ушын қолайлы шараят жаратыўдың нәтийжели усылларын қәлиплестириў имканиятын береди.

Сессия мәжилисинде Өзбекстанның Азия-Тыныш океаны регионы ҳәм Қытай, Европа Аўқамы, Россия, Кавказдан Ҳинд океаны портларына шығыў жөнелислери бойынша халықаралық транзит жүк тасыўда қатнасыў имканиятлары ҳаққында сөз етилди. Өзбекстан – Түркменстан – Иран – Оман жаңа транспорт коридорын жаратыў жойбарлары ҳаққында мағлыўмат берилди.

Журналистлердиң Орайлық Азияны Қубла менен байланыстыратуғын транзит коридорлары қәўипсизлиги, ҳаўа, автомобиль, темир жолларда қоңсылас мәмлекетлердиң аймақлары бойлап транзит жүк тасыўға болған бирден-бир тарифлерди қолланыў тәртиби, өтетуғын халықаралық конференцияның Орайлық Азия мәмлекетлерин халықаралық транспорт хабына айландырыў бағдарындағы әмелий әҳмийетине байланыслы сораўларға жуўапкер адамлар жуўап қайтарды.

Улуғбек ШОНАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы