«Жәмийетте миллетлераралық кеңпейиллик, тынышлық, өз-ара мийрим-шәпәәт ҳәм дослық орталығын бекксмлеўге қаратылған жойбарларды хошаметлеў» атамасында мәмлекетлик грантлар ажыратыў ушын таңлаў

ЖӘРИЯЛАЙДЫ

Таңлаўға мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларының төмендеги социаллық мақсетлерди әмелге асырыўды нәзерде тутқан жойбарлары қабыл етиледи:

  1. Өзбекстан халықларының материаллық емес мәдений мийрасын (халық көркем өнер өнерментшилиги ҳәм әмелий көркем өнер, фолкьлор естеликлери, миллий байрамлар, фестивальлар, миллий тағамлар ҳәм басқалар) сырт ел аудиториясы арасында ғалаба ен жайдырыў.
  2. Жәмийетте өз-ара ҳүрмет, мийрим-шәпәәт ҳәм аўызбиршилик орталығын қәлиплестириўде, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларды қәстерлеп-сақлаўда және раўажландырыўда пуқаралық жәмийети институтларының әҳмийетин ҳәм абырайын арттырыў.

3.ЮНЕСКОның пүткил жер жүзилик мәдений мийрасы объектлерине киргизилген, елимиздиң архитектуралық ҳәм тарийхый естеликлери, миллий мәденият, көркем өнер ҳәм әдебияттың жарқын тымсалы болған үлгилер ҳаққындағы мағлыўматларды шет тилиндеги арнаўлы дәреклер арқалы интернет тармағында үгит-нәсиятлаў.

  1. Өзбекстан халықларының тарийхын ҳәм мәдениятын ғалабаен жайдырыў, оның тарийхый-мәдений мийрасына, бийтәкирар гөззаллығын ҳәм ҳәр түрлилигин үгит-нәсиятлаўға қаратылған илажларды шөлкемлестириў.
  2. Өзбекстанда жасап атырған түрли миллетлер менен халықлардың әзелий миллий дәстүрлерин, үрп-әдетлерин сақлаў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлар ҳаққында кең жәмийетшиликти хабардар етиў.
  3. Интернет тармағында миллий дәстүрлерди, үрп-әдетлерди сақлаўға бағышланған өзбек, рус ҳәм инглис тилиндеги арнаўлы дәреклерди жаратыў.
  4. Миллетлераралық дослықты ҳәм аўызбиршиликти, тилеклесликти буннан былай да беккемлеў, конфессиялараралық татыўлықты тәмийинлеўде пуқаралық жәмийети институтларының ролин ҳәм әҳмийетин арттырыўға жәрдем бериў.
  5. Мәдений мийрасты сақлаў, халық арасында мәдений мийрасқа болған қатнасты жоқарылатыўда, оларды келешек әўладқа толық жеткериў ҳәм мәдений мийрасқа болған қатнасты қәлиплестириў бағдарында үгит-нәсиятлаў жумысларын алып барыў.
  6. Түрли миллет ҳәм халық ўәкиллери арасындағы татыўлықты тәмийинлеў тәжирийбесин ғалаба ен жайдырыўға, үгит-нәсиятлаўға бағышланған китаплар, топламлар, телекөрсетиўлер ҳәм радиоеситтириўлер таярлаў.
  7. Елимизде жасап атырған барлық миллет ҳәм халықлар, социаллық категория ўәкиллери арасында «Мен не ушын сүйемен, Өзбекстанды!»сүрени астында таңлаўлар шөлкемлестириў.
  8. Миллий мәдений орайлар тәрепинен елимиздиң еркин демократиялық раўажланыўын сәўлелендиретуғын ҳәр қыйлы топламлар, дөретиўшилик жумысларды басып шығарыў ҳәм халықтың итибарына жеткериўде ҳәр тәреплеме жәрдемлесиў.
  9. Түрли миллет ҳәм халық ўәкиллериниң өзине тән миллий дәстүрлерин, үрп-әдетлери ҳәм мәресимлерин сақлаў бойынша елимизде избе-из әмелге асырылып атырған илажлар ҳаққында халықаралық жәмийетшиликти хабардар етиў.
  10. Тарийхый естеликлер ҳаққында кеңнен үгит-нәсиятлаў жумысларын әмелге асырыў, мәдений мийрасларды сақлаў бойынша мәмлекетлик уйымлар менен МКШлер арасында социаллық шериклик қатнасықларын күшейтиў.

Мәмлекетлик грант таңлаўында қатнасыў ушын төмендеги ҳүжжетлер усынылады:

  1. Шөлкемниң басшысы тәрепинен қол қойылған ҳәм мөр менен тастыйықланған жоллама хаты.
  2. www.fundngo.uz веб-сайтында жайластырылған түрде толтырылған мәмлекетлик грант жойбары ушын арза.
  3. Мәмлекетлик дизимнен өткерилген Устав (Реже) ҳәм гүўалықтың мөр менен тастыйықланған нусқасы.
  4. Егер жойбарды әмелге асырыў лицензияланатуғын жумысты талап етсе, онда лицензияның нусқасы усынылады.
  5. Мәпдар мәмлекетлик ҳәм ири жәмийетлик шөлкемлер менен дүзилген социаллық шерикликтиң бирликтеги режелери қосымша етилиўи мүмкин.

Бир жойбар ушын мәмлекетлик грант муғдары-30 миллион сум.

Ҳүжжетлер 2018-жыл 17-сентябрьден 22-октябрьге шекем қабыл етиледи.

Ҳүжжетлер «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы жәмийетлик қоры» атына:

100163, Ташкент қаласы, Ислам Кәримов көшеси, 43-жай мәнзилине «Өзбекстан почтасы» арқалы мөр басылған конвертте (А4 форматта) жиберилиўи шәрт.

Ҳүжжетлердиң үлгилери менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы жәмийетлик қордың www.fundngo.uz рәсмий веб-сайтында танысыў мүмкин.

Мағлыўмат ушын телефонлар: (0371) 239-26-76, 239-26-86.