Мәмлекетлик емес билимлендириў хызметлерин көрсетиў ушын лицензия алыў керек. Лицензия Билимлендириў сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы тәрепинен бериледи. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.
Мәмлекетлик емес билимлендириў хызметлерин көрсетиў бойынша лицензия алыў ушын төмендеги ҳүжжетлер мәмлекетлик хызметлер орайларына усынылады ямаса электрон формада Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталына жибериледи:
– арза;
– өрт ҳәм санитариялық-эпидемиологиялық бақлаў органларының жуўмақлары;
– педагог кадрлар ҳаққында мағлыўмат;
– оқыў жобасы ҳәм бағдарламаларының электрон нусқалары;
– арза көрип шығылғаны ушын лицензия даўагери тәрепинен жыйым төленгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжеттиң нусқасы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги