Қазақстан басшылығы қоңсылас мәмлекетлерге бензинниң артықша бөлегин жибериўди жобаластырмақта, деп жазады «Деловой Казахстан»ға тийкарланып Kun.uz.
– Октябрь-ноябрь айларында жанар май-майлаў материалларын экспорт етиў айрықша әҳмийетке ийе болады, кери жағдайда Қазақстанда алдын ҳеш қашан болмаған тоқталыўларды әмелге асырыў талап етиледи (заводлардағы арнаўлы қурылмалар). Ҳәзирги ўақытта еки модернизацияланған завод бизге бензин профицитин тәмийинлеп берди. Егер бул 500 мың тонна болса, мәмлекет базары усы өнимге толып кетеди, – деп айтып өтти Қазақстан Республикасы Энергетика министри Қанат Бозумбаев.
Оның айтыўынша, бензинниң ҳәдден тыс көбейип кетиўи Қазақстан жанар май қуйыў шақапшаларында баҳаның орташа 10 теңгеге төменлеўине алып келди. Ҳәзирги ўақытта рәсмий тәреплер жанар май-майлаў материалларын Россия, Қырғызстан, Өзбекстан ҳәм Тәжикстанға сатыў бойынша келисимлерге қол қоймақта.
Соның менен бирге, Қазақстан шәртнамаларда нәзерде тутылған муғдардан артық бензин сатпайды ҳәм ишки базар бирлемши болып қалады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги