Халықаралық өрт өшириўшилер қутқарыўшылар спорт федерациясының спорт илажларын өткериў режесине тийкарланып, усы жылдың 10-16-сентябрь күнлери Словакия Республикасының Банска Бистрица қаласында өрт өшириўшилер қутқарыўшылар спорты бойынша жәҳән чемпионаты болып өтпекте.

Бул жәҳән чемпионатына Қарақалпақстан Республикасы өрт қәўипсизлиги басқармасы Тақыятас районы «Тақыятас ыссылық станциясы» АЖны өрттен қорғаўшы өрт қәўипсизлиги бөлимшесиниң 4- Әскерийлестирилген өрт қәўипсизлиги бөлими өрт өшириў экипажының бөлимше командири, қатардағы Полат Оразбаев ҳәм Хожели районы Өрт қәўипсизлиги бөлими Хожели қаласын өрттен қорғаўшы өрт қәўипсизлиги бөлимшеси 3-Әскерийлестирилген өрт қәўипсизлиги бөлими өрт өшириў экипажының қатардағы аға өрт өшириўшиси  Денис Турапинлер қатнаспақта.

Мағлыўмат орнында соны да айтып өтиўимиз керек, бул хызметкерлер усы жылдың 22-25-апрель күнлери Сурхандәрья ўәлаятында Өзбекстан Республикасы чемпионы болған еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги