Соңғы ўақытлары жасларға тәлим-тәрбия бериў системасын сапа жағынан жаңа басқышқа көтериўге айрықша итибар қаратылмақта. Билимлендириў тараўындағы кейинги өзгерислер, жаңаланыўлар,   2018-2019-оқыў жылындағы ўазыйпалар туўралы Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри А.Аяпов төмендегише мағлыўмат берип өтти:

– Ҳақыйқатында да елимизде халық билимлендириў тараўында кейинги еки айдың ишинде үлкен өзгерислер ҳәм жаңаланыўлар жүз берди.

Олардың ең тийкарғысы, усы жыл 14-август күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Жасларды руўхый-әдеп-икрамлы ҳәм физикалық жақтан жетик тәрбиялаў, оларға тәлим-тәрбия бериў системасын сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў илажлары ҳаққында»ғы қарарының қабыл етилиўи болды.

Усы қарар қабыл етилместен бурын, усы жыл 17-июль күни ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында билимлендириў тараўындағы басшы хызметкерлердиң қатнасыўында улыўма орта билимлендириў системасын жаңалаў ҳәм раўажландырыў мәселелерине арналған мәжилис өткерилип, онда  усы тараўда орын алған кемшиликлер додаланып, оларды сапластырыў бойынша ўазыйпалар белгиленген еди.

Атап айтқанда, оқыў-тәрбия процесине алдыңғы педагогикалық ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў, муғаллимлердиң жәмийеттеги абырайын арттырыў арқалы билимлендириў сапасын көтериў, педагог хызметкерлердиң мийнет ҳақысын көтериў, оларды социаллық ҳәм ҳуқықый жақтан қоллап-қуўатлаў, оның ушын арнаўлы ҳуқықый хызмет шөлкемлестириў, қадағалаў уйымлары тәрепинен муғаллимлердиң жумысларын тексериўди шеклеў, педагог хызметкерлердиң абаданластырыў жумысларына, мәжилислерге қатнасыўына, газета-журналларға мәжбүрлеп жазылыўына ҳәм басқа да өз кәсибине тийисли болмаған жумысларға тартылыўына жол қоймаў кереклиги қатаң түрде талап етилди.

Қарарда мектепке шекемги билимлендириўдиң заманагөй системасы, 11 жыллық улыўма орта билимлендириўдиң енгизилгенлиги, заманагөй жоқарғы билимлендириў мәкемелери ҳәм белгили шет ел университетлери филиалларының шөлкемлестирилгени, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў  ҳәм оларды исбилерменлик хызметлерине кең түрде тартыў бойынша жумысларды түп-тийкарынан жаңа система тийкарында шөлкемлестириў мақсетинде «Жаслар – келешегимиз» мәмлекетлик бағдарламасы қабыл етилгенине қарамастан бул бағдарда айырым машқалалардың сақланып қалып атырғаны атап өтилген.

Усы қарар менен  улыўма орта билим бериў мектеплери хызметкерлериниң (бунда муғаллимлер, директор ҳәм оның орынбасарлары, мәлимлеме-ресурс орайлары директорлары ҳәм китапханашылар түсиниледи) базалық тариф ставкалары 2018-жылдың 1-сентябринен баслап баслаўыш класс муғаллимлери ушын 1,1 есеге, жоқары класс пән муғаллимлери ушын орташа 1,24 есеге, директор, директор орынбасарлары, мәлимлеме-ресурс орайлары директорлары және китапханашылар ушын 1,1 есеге арттырылды.

Cондай-ақ, қарардағы оқыўшылары жергиликли, республикалық ҳәм халықаралық пән олимпиадаларында сыйлы орынларды қолға киргизген педагог кадрларға ең кем мийнет ҳақының 5 есесинен 50 есесине шекемги муғдардағы бир мәртелик ақшалай сыйлық бериў тәртибин ислеп шығыў, билимлендириўди раўажландырыўға мүнәсип үлес қосқан, мәмлекетлик сыйлықларға мүнәсип болған педагог кадрларды жеңиллетилген шәртлерде мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўындағы шөлкемлерге қараслы санатория-саламатландырыў мәкемелерине тартыў системасын енгизиў нәзерде тутылмақта.

Булардың барлығы, пидайы хызметкерлердиң жумысын итибарға алыўдың және бир үлгиси сыпатында қаралмақта.

Қарарда келтирилген ең әҳмийетли мәселелерден бири – аўыл ҳәм қалаларда арзан турақ жайлар қурыў бағдарламалары тийкарында қурылып атырған турақ жайлардың бир бөлегин халық билимлендириў системасындағы педагог-хызметкерлерге 20 жыл мүддетке жеңиллетилген ипотека кредити менен бериў, «ҳәр бир шаңарақ-исбилермен» бағдарламасына муўапық педагог-хызметкерлердиң шаңарақ ағзаларына жеңиллетилген кредитлер бериў, автотранспорт сатып алыў ҳәм басқа да мақсетлер ушын кредитлер ажыратыў белгиленген.

Бул бағдарда белгиленген режелер тийкарында жумыслар әмелге асырылмақта.

Бүгинги күнде министрлигимизге қараслы 723 билимлендириў мәкемеси болып, соннан 705 улыўма билим бериў мектеби, 17 «Бәркамал әўлад» балалар орайы ҳәм 1 Меҳрибанлық үйи дизимге алынған.

2018-жылдың Инвестициялық бағдарламасына 22, «Абат аўыл» мәмлекетлик бағдарламасына 32 улыўма билим бериў мектеби киргизилип, оларға жергиликли бюджеттен 53 миллиард, сондай-ақ, «Абат аўыл» мәмлекетлик бағдарламасына киргизилген мектеплерди жаңадан инвентарьлар менен тәмийинлеў ушын 7 миллиард сумнан аслам қаржы ажыратылып, режелестирилген жумыслар басқышпа-басқыш әмелге асырылмақта.

Министрлигимизге қараслы улыўма билим бериў мектеплериниң материаллық-техникалық жағдайларын жақсылаў ушын жергиликли бюджеттен 81 миллиард 200 милллион сум қаржы ажыратылды. Бул ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Министрлер Кеңеси ҳәм жергиликли ҳәкимият басшыларына өз миннетдаршылығымызды билдиремиз.

Мектеплеримизди жаңа оқыў жылына таярлаўда мәмлекетимиз тәрепинен және бир айрықша дыққат-итибар қаратылып, быйылғы жылы улыўма билим бериў мектеплерин жаңа оқыў жылына таярлаў мақсетинде ҳәр бир оқыўшыға 23000 сумнан ҳәм техникалық қураллар ушын ҳәр бир оқыўшыға 8700 сумнан қаржы ажыратылып, бурынғыдай ата-аналардан ақша жыйнаў иллетлеринен пүткиллей қутылдық.

2018-2019-оқыў жылына улыўма билим бериў мектеплериниң 1-класына 36 мың 600 ге шамалас бала қабыл етилди. Олар ушын берилетуғын 12 атамадағы оқыў қуралларынан ибарат Президент саўғалары толығы менен мектеплеримизге жеткерилип, оқыў басланыўдан балаларға инам етилди.

Соның менен бирге, 35 мың 177 ата-анасынан айырылған, сондай-ақ, кем тәмийинленген шаңарақлардың балалары ушын қысқы кийим-кеншекке буйыртпа берилип, тийисли жумыс әмелге асырылмақта.

Жаңа оқыў жылында улыўма билим бериў мектеплериндеги ҳәр бир педагог-хызметкерге өзиниң пәни бойынша билимин ҳәм тәжирийбесин турақлы түрде жетилистирип барыў ўазыйпасы қойылған.

Бул бойынша да белгиленген режелер тийкарында жумыслар алып барылмақта.

Мәселен, жақында «Прогресс» билимлендириў ҳәм раўажландырыў орайының инглис тили пәни муғаллими Н.Айтешова Англия мәмлекетиниң Глазко-Колидония университетинде болып, билим ҳәм тәжирийбесин арттырып қайтты.

Бүгинги күни улыўма билим бериў мектеплеринде 31 мыңнан аслам педагог-хызметкер оқыўшыларға тәлим-тәрбия берип келмекте. Соның 23 мың 615 и ҳаял-қызлардан ибарат. Олардың 85 проценттен асламы жоқары мағлыўматлы педагог кадрлар болып есапланады.

Муғаллимлердиң қәнигелигин арттырыў ўазыйпасы да бүгинги күнги әҳмийетли мәселелердиң бири болып табылады.

2018-жылдың режеси бойынша жәми 493 басшы ҳәм педагог-хызметкер А.Авлоний атындағы халық билимлендириў тараўы басшы ҳәм қәнигелерин қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў институты курсларына барыўы тийис болса, соннан 325 басшы ҳәм педагог-хызметкер  оқыў курсларына қатнасты.

Сондай-ақ, улыўма билим бериў мектеплеринен 2018-жылы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жанындағы халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў аймақлық орайына реже тийкарында 7975 муғаллим-педагог режеге киргизилген болса, соннан июнь айына шекем 4788 муғаллим өз қәнигелигин арттырды.

Тараўдағы әҳмийетли мәселелердиң бири – бир қатар районлардағы улыўма билим бериў мектеплеринде айырым пәнлерден муғаллимлерге зәрүрлик бар.

Атап айтқанда, республикамыз бойынша жәми 80 муғаллимге зәрүрлик болып, соннан 30 муғаллим шет тиллеринен зәрүр болмақта. Буны районлар кесиминде айтып өтетуғын болсақ, Әмиўдәрья районында шет тилинен 7, Төрткүл районында 9 муғаллимге зәрүрлик бар.

Бирақ, муғаллимлерге зәрүрлик болған мектеплерде сол пән оқытылмай атыр деген пикир надурыс болады. Себеби, өткен жылдан баслап кәсип-өнер колледжлерине оқыўшыларды қабыллаўдың азайыўына байланыслы улыўма билим бериў пәнлеринен ҳәптелик жүклемелери (ҳәптелик саатлары) қысқарған муғаллимлерди мектеплерге жумысқа қабыл етиў, жақын мектеплердеги муғаллимлерди саатпай есабында бекитиў ҳәм жаңадан питкерип келген жас қәнигелер менен толықтырыў арқалы оқытыў әмелге асырылмақта.

Быйылғы жылы да бундай жумыслар даўам етеди.

Және бир әҳмийетли мәселе – мектеп оқыўшылары ушын жаңадан мектеп формаларының енгизилиўи болмақта. Себеби, мектеп формасы оқыўшылардың тәлим-тәрбиясында айрықша орынды тутады. Бириншиден оқыўшылар класста кийген кийимлерин мақтаныш етиў арқалы бири-биринен өзин жоқары санаў, айырым ўақытлары бири екиншисин кемситиў иллетлерине шек қойылады, екиншиден, мектеп оқыўшысының жәмийеттеги орны көзге тасланады.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 15-августтағы 666-санлы «Мәмлекетлик улыўма билим бериў мәкемелери оқыўшыларын заманагөй бирдей түрдеги мектеп формасы менен тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Карарда бириншиден, мәмлекетлик улыўма билим бериў мәкемелери оқыўшылары ушын заманагөй бирдей түрдеги мектеп формасының түрлери, екиншиден, мәмлекетлик улыўма билим бериў мәкемелери оқыўшылары ушын заманагөй бирдей түрдеги мектеп формасын енгизиў тәртиби ҳаққындағы Реже, үшиншиден, 2018-2019-оқыў жылынан баслап оқыўшылардың мәмлекетлик улыўма билим бериў мәкемелерине енгизилген мектеп формасында келиўлери ықтиярлы, 2019-2020-оқыў жылынан баслап мәжбүрий екенлиги атап өтилген.

Соның менен бирге, мектеп формаларын ислеп шығарыўшы мәкемелерди таңлаў, ата-аналарға қолайлықлар жаратылған ҳалда саўда шақапшаларын шөлкемлестириў, оқыўшылардың дизимлерин қәлиплестириў бойынша да ўазыйпалар белгиленген.

Бул жумысларды толық әмелге асырыў ушын Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги ҳәм тийисли мәкемелерге тапсырмалар берилген.

Усы жерде ҳүрметли ана-аналарымызға мектеп администрациясы тәрепинен «мына фирмаға тиктиресең, ҳәмме сол фирмадан ямаса дүканнан сатып алыўы керек» деген талап қойылмайтуғынын еслетип қойыўымыз керек. Егер сондай талаплар болған жағдайда министрликке мүрәжат етсе, биз тез ўақыт ишинде қарап шығып, оған шек қоямыз.

Өткен оқыў жылынан баслап улыўма билим бериў мектеплеринде 10-11-класслардың шөлкемлестирилиўи мүнәсибети менен оларға қосымша кәсиплик билим бериў мақсетинде оқыў-өндирислик комплекслери шөлкемлестирилди. Быйылғы оқыў жылында улыўма билим бериў мектеплериниң 10-11-классларына 40  мыңнан аслам оқыўшы қамтылыўы режелестирилмекте. Оқыў-өндирислик комплекслеринде оқыўшыларға таңлаў тийкарында кәсиптиң жәми 51 түринен кәсиплик билим бериў көрсетилген.  Республикамыз бойынша 127 орында (71 улыўма билим бериў мектеби ҳәм 56 кәсип-өнер колледжи) оқыў-өндирислик комплекслерин шөлкемлестириў режелестирилген. Бунда кәсиптиң 27 түринен оқыўшыларға кәсиплик билим берилиўи нәзерде тутылған.

Шынын айтыўымыз керек, шөлкемлестирилген оқыў-өндирислик комплекслеринде оқыўшылар, олардың ата-аналарының тилеклери бойынша кәсиплик билим бериўди талап дәрежесинде әмелге асыра алмай атырмыз. Оқыўшыларға өзлери қәлеген кәсип түрлери бойынша кәсип сырларын үйретип барыў ушын оқыў-өндирислик комплекслериниң материаллық-техникалық базаларын еледе беккемлеўимиз зәрүр болмақта. Бул мәселе бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 24-октябрдеги 868-санлы қарарының 3-қосымшасы менен 2018-2020-жыллар аралығында оқыў-өндирислик комплекслерин керекли әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў бағдарламасы ислеп шығылған. Усы қарар тийкарында быйылғы оқыў жылы  ушын республикамыз бойынша 50 оқыў бөлмесин әсбап-үскенелер менен тәмийинлеўге буйыртпалар берилип, жумыслар басқышпа-басқыш әмелге асырылмақта.

Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен қабыл етилген «Муғаллимлер ҳәм устазлардың социаллық абырайын арттырыў» ҳәм «Жаңа мектеп формасы менен тәмийинлеў»ге бағдарланған жаңа нормативлик ҳүжжетлердиң 2018-2019-оқыў жылында әмелде қолланылыўында төмендегилерге айрықша итибар қаратыў зәрүр.

Егер ата-аналар тәрепинен перзентине усы жылға мектеп формасы алып қойылған болса, олардың және жаңа форма сатып алыўы шәрт емес, сол форманы кийип мектепке келиўге рухсат бериледи. Монополияға жол қойылмайды, яғный, мектеп формасын кимнен алыўдың әҳмийети жоқ, белгиленген стандартқа сәйкес болса болғаны (мектеп формасын өзлери тиктирсе де болады).

Сондай-ақ, мектеп формасы бойынша усыныслар ушын биймәлел мүрәжат етиў мүмкин, яғный мектеп формасы усы формада қалып кетпейди, үш жылға шекем пикир-усыныслар үйренилип, тийисли өзгерислер киргизилиўи мүмкин.

Тастыйықланған режеге муўапық, улыўма билим бериў мектеплеринде, ул бала оқыўшылардың билимлендириў мәкемесине денесиниң ашық жерине татуировка түсирилген ямаса пирсинг исленген, сақал қойған, шашы  2-3 сантиметрден узын болған ҳәм жарқын реңлерге бояған ҳалда келиўине,  қыз бала оқыўшылардың билимлендириў мәкемесине денесиниң ашық жерине татуировка түсирилген ямаса пирсинг исленген, шашын жарқын реңлерге бояған, бетин көзге тасланатуғын дәрежеде макияж ислеген, қулағына бир жуптан артық сырға таққан, бармақларына жүзик таққан, қол тырнақларын бояған ҳәм узын етип өсирген ҳалда келиўине жол қойылмайды.

Ҳаўа райының жағдайынан келип шығып, оқыўшылар мектеп формасының джакетин ямаса костюмын, көйлектиң жеңи узын ямаса келте формасын ықтыярлы түрде кийиўи мүмкин. Сондай-ақ, қысқы оқыў дәўиринде оқыўшы қызларға бирден-бир мектеп формасына сәйкес шалбар кийиўге рухсат бериледи.

 

Таярлаған:  Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.