Мәмлекетимиз  басшысының быйыл 22-августтағы «Бюджет мағлыўматларының ашық-айданлығын ҳәм бюджет процесинде пуқаралардың белсене қатнасыўын тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы қарарында бюджет мағлыўматларының ашық-айдынлығын буннан былай да арттырыў, бюджет қаржыларының қәлиплесиўи, сарпланыўы үстинен парламентлик ҳәм жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў бойынша бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилди.

Келешекте Өзбекстан Республикасы Есап палатасының бюджет тараўындағы ўәкилликлери шеңберинде Мәмлекетлик бюджетти қәлиплестириў ҳәм орынлаў бойынша усынылатуғын жуўмақлары мәжбүрий тәртипте жәрияланады.

Бириншиден, Мәмлекетлик бюджет ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлардың бюджетлери, салық ҳәм бюджет сиясатының тийкарғы бағдарларының жойбарлары бойынша жуўмақ бериледи. Онда елимиздиң социаллық-экономикалық раўажланыўының макроэкономикалық көрсеткишлер прогнозы (жалпы ишки өнимниң өсиў пәтлери ҳәм тармақлар бойынша қурамы, инфляция дәрежеси, алтын-валюта резервлери, республикадағы тутыныў көлеми, сыртқы саўда айланысы ҳәм басқалар) талланып, тийкарғы бағдарлар, яғный экономиканы еркинлестириўге ҳәм жедел инвестициялық сиясатқа муўапықлығы баян етиледи.

Сондай-ақ, салық сиясатының тийкарғы бағдарлары бойынша салық ставкаларының өзгериўи, олардың Мәмлекетлик бюджетке, салық төлеўшилерге, пуқараларға тәсири, салық базасын кеңейткен ҳалда салық жүгин төменлетип барыў, Мәмлекетлик бюджет ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлардың тийкарғы дәрамат дәреклери, алдыңғы жыл көрсеткишлерине салыстырғанда өзгеретуғыны ҳәм жалпы ишки өнимге болған салыстырмасы талланады.

Мәмлекетлик бюджет ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлары қәрежетлериниң қурамы, олардың тийкарлы қәлиплестирилгени ҳәм анық мақсетке бағдарланыўы, социаллық тараўлар, мәмлекетлик ҳәм аймақлық раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде (денсаўлықты сақлаў, жоқары билимлендириў, халық билимлендириў, мектепке шекемги билимлендириў, балалар спорты, мәденият, комуналлық тараў, жол ҳәм транспорт, суў хожалығы тараўларындағы жойбарлар, «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле», халықты арзан турақ жайлар менен тәмийинлеў бағдарламалары) зәрүр болған қәрежетлердиң қаржы дәреклери менен тәмийинленгенлиги көрип шығылады.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарарлары менен сапарлары даўамында берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Мәмлекетлик бюджет ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорларының қәрежетлери параметрлеринде жетерли қаржылардың нәзерде тутылғаны, елимиздиң социаллы-экономикалық раўажландырыў процесинде мәмлекетлик қарызы, мәмлекетлик бюджетиниң жетиспеўшилиги талланып, жуўмақлар баян етиледи.

Екиншиден, Мәмлекетлик бюджеттиң ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлары бюджетлериниң орынланыўы ҳаққындағы жыллық есабат бойынша ҳәр жылы 10-майға шекем сыртқы аудит ҳәм баҳалаў нәтийжелери бойынша Есап палатасының жуўмағы Министрлер Кабинетине усынылады.

Бул жуўмақта Президент қарары менен тастыйықланған макроэкономикалық көрсеткишлер республикаллық ҳәм жергиликли бюджетлер ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлардың дәраматлары ҳәм қәрежетлердиң реал орынланыўы, оларды әмелге асырыўда нызам ҳүжжетлерине әмел етиўи бойынша өткерилген үйрениў нәтийжелери сәўлеленеди.

Президент қарарына тийкарланып Қаржы министрлиги Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен 2019-жылдың 1-январына шекем айрықша «Ашық бюджет» мәлимлеме порталын иске қосады.

Усы порталға бюджет қәрежетлериниң мәнзиллиги үстинен жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў мақсетинде Мәмлекетлик бюджет ҳәм салық ҳәм бюджет сиясатының тийкарғы бағдарларының жойбарлары, сондай-ақ, Мәмлекетлик бюджеттиң орынланыўы ҳаққындағы есабатлар, олар бойынша Есап палатасының жуўмақлары жайластырылады.

Пуқараларға болса усы портал арқалы бюджет нызамшылығының бузылыў жағдайлары ҳаққында хабар бериў ҳәм бюджет процесин жетилистириў бойынша усыныслар киргизиў имканияты жаратылады. Келешекте Есап палатасының жуўмақларын таярлаўда және бир бағдар, яғный «Ашық бюджет» мәлимлеме порталы пуқаралардан келип түскен тийкарлы пикир-усынысларды Мәмлекетлик бюджетти қәлиплестириўде ҳәм орынлаўда инабатқа алынғанлығына айрықша итибар қаратылады.

Бул пуқараларға не береди?

Биринши гезекте, халықтың өзи төлеп атырған салықлар ҳәм олардың қандай мақсетке жумсалып атырғаны, мәмлекетлик қәрежетлердиң қәлиплесиўи ҳәм олардың бөлистирилиўи ҳаққындағы мағлыўматлардан толық хабардар болады. Бюджет жойбары ҳәм оның орынланыўы бойынша жуўмақлардың кең орталыққа жәрияланыўы, ҳәр бир пуқара ушын мүлк ямаса ис ҳақысынан не ушын салық алынып атырғаны, мәмлекетлик қәрежетелердиң қай тәризде бөлистирилип атырғаны, мәмлекет тәрепинен халық ушын керекли шараятларды жаратыў бойынша миннетлемелердиң орынланыўы бойынша ашық-айдын мәлимлемелерди алыў имканиятын береди.

Буннан тысқары, халық бюджетти режелестириў, бағдарлаў ҳәм мәмлекетлик бюджеттиң жойбарын додалаўада қатнасыў имканиятына ийе болады.

Раўажланған ҳәм раўажланып баратырған мәмлекетлерде бюджет процесслери бойынша қадағалаўды әмелге асырыўда жоқары аудит уйымлары тәрепинен жәмийетлик қадағалаўдан кең пайдаланыў әмелияты қолланылады. Мәселен, Россия Федерациясының Есап палатасы тәрепинен федерал бюджет жойбары жигирмаға шамалас бағдарлар бойынша көрип шығылып, жуўмақ бериледи ҳәм халыққа көрсетиледи. Онда әмелге асырылған қадағалаў илажлары үйрениў ҳәм таллаўлардың нәтийжелери турақлы түрде бюллетен тәризде басып шығарылады.

Итибарлысы сонда, жуўмақтың таярланыўында Россия Федерациясы Президентиниң Россия Федерациясының Федерал мәжилисине жоллаған Мүрәжатиндеги тийкарғы ўазыйпалардың әмелге асырылыўы  да талланады. Сол сыяқлы функциялар Германия Федеративлик Республикасы Федерал Есап палатасы, Франция Есаплар Суды (Есап палатасы), Британия миллий аудиторлық уйымы, Япония Есап палатасы тәрепинен есабатлар көринисинде әмелге асырылады.

Атап айтқанда, Германия Федеративлик Республикасында ҳүкиметтиң ҳәр жылғы бюджетиниң орынланыўы ҳәм келешектеги финанслық жылы ушын дәраматлары менен қарызлары ҳаққындағы есабатлары бойынша тексериў нәтийжелери Парламентке усынылады. Францияда Есаплар Суды тәрепинен бюджет қаржыларының нәтийжели жумсалыўы, соның ишинде, бюджет есап бетлериниң жағдайы бойынша қадағалаў нәтийжелери ҳаққындағы жыллық есабатлар жәрияланып барылады.

Жоқарыдағы мәмлекетлердиң есабатларында бюджет дәраматларының қәлиплесиўи ҳәм қәрежетлердиң әмелге асырылыў, ҳүкимет тәрепинен белгиленген ўазыйпаларды орынлаўда бюджет қаржыларынан нәтийжели пайдаланыў жағдайы, бюджет есапбетлери ҳәрекетиниң таллаў нәтийжелери баян етилип, белгиленген мүддетлерде ўәкилликли уйымға  усынылып барылады.

Буннан тысқары, Халықаралық жоқары аудит институтларының шөлкеми (INTOSAI) тәрепинен де жоқары финанслық қадағалаў уйымларының тийисли есабатлары ғалаба басып шығарылыўында ҳәм оларды қәлиплестириўде жәмийетшиликтиң пикири инабатқа алыныўы бойынша усыныслар берилген.

Президенттиң жоқарыдағы қарарына муўапық, халықаралық әмелияттағы алдыңғы тәжирийбелерден келип шығып, Мәмлекетлик бюджетти қәлиплестириў ҳәм орынланыўы бойынша Есап палатасының жуўмақларының таярланыўында пуқараларымыз билдиретуғын пикир-усыныслардан кеңнен пайдаланыў жолға қойылады.

Атап айтқанда,  2019-жылғы макроэкономикалық көрсеткишлер прогнозының ҳәм мәмлекетлик бюджет  параметрлериниң жойбары, бәринен бурын, елимизди раўажланыдырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген тийкарғы ўазыйпаларды әмелге асырыўға қаратылғаны менен әҳмийетли болып есапланады.

Бунда тийкарғы итибар, Президентимиздиң 2018-жыл 29-июндағы «Өзбекстан Республикасының салық сиясатын жетилистириў концепциясы ҳаққында»ғы пәрманында белгиленген тийкарғы бағдарлардың салық ҳәм бюджет сиясатына муўапықлығы, Мәмлекетлик бюджет ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлары қәрежетлериниң тийкарлы қәлиплестирилгени ҳәм анық мақсетке бағдарланғаны, социаллық тараўлардың қаржылық дәреклер менен тәмийинленгени, Президент қарарлары менен пәрманлары мәмлекетимиз басшысының аймақларға сапары ўақтында белгиленген ўазыйпаларда өз сәўелелениўин тапқанына қаратылады.

Бир сөз бенен айтқанда, Есап палатасы жоқары сыртқы аудит ҳәм финанслық қадағалаў уйымы сыпатында бюджет тараўындағы ўәкилликлерин кең жәмийетшилик пенен әмелге асырады.

Өзбекстан Республикасы

Есап палатасы