Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 2-февральдағы «Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы жумысты түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында» ғы пәрманында елимиз ҳаял-қызларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың жәмийеттен өз орнын таўып, ғәрезсиз заманымыздан ыразы болып жасаўы ушын ибратлы ислерди әмелге асырыўда тийкарғы фактор болмақта.

Усы пәрманға муўапық, әмелге асырылған бир қатар жумысларды Кегейли районы мысалында да көриўимизге болады.

Район халқы 88 мың 100 болып, соның 43 мың 500 и ҳаял-қызлардан ибарат. Районлық ҳаял-қызлар комитети тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң басшылығында 2017-жыл 15-ноябрь куни өткерилген видеоселектор мәжилисинде берилген тапсырма тийкарында жумысшы топар дузилип, орынларға шығып үйренилгенде райондағы 4 сектор аймағынан 45 қыйын турмыс шараятында жасап атырған  ҳаял- қызлардың дизими қәлиплестирилип, оларды өзлери жасап турған аймақларға жумысқа орналастырыў илажлары әмелге асырылған.

Буннан тысқары 75 тен аслам ҳаял-қыздың бәнтлиги тәмийинленди. Ҳаял-қызлар комитети тәрепинен бундай илажлар нәтийжели даўам еттирилмекте.

З.Абубакирова,

 ҚМУ журналистика қәнигелиги 4-курс студенти