12-сентябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң мәденият сарайында Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери, Бердақ атындағы сыйлықтың лауреаты, филология илимлериниң докторы, профессор, марҳум Сражатдин Ахметовтың туўылғанына 90 жыл толыў мүнәсибети менен илимий-теориялық конференция шөлкемлестирилди.

Конференция қатнасыўшылары дәслеп, марҳум илимпаздың қәбирин зыярат етти. Буннан соң, университет мәденият сарайында илимий-теориялық конференция болып өтти. Конференцияны университет ректоры А.Реймов ашты ҳәм басқарып барды.

Онда профессорлардан Қ.Оразымбетов, Қ.Жәримбетов ҳәм доцент П.Нуржановлар өз баянатлары менен қатнасып, профессордың үлги боларлық өмирин, дөретиўшилик ҳәм илимий хызметлерин ҳүрмет пенен еске алды. Сондай-ақ, конференцияға «Эл-юрт ҳурмати» ордени ийеси, мийнет ветераны Қ.Камалов, академик Ж.Базарбаев, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы К.Кәримов, Өзбекстан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң илимпазлары, университет профессор-оқытыўшылары, студент-жаслар, илимпаздың шәкиртлери ҳәм шаңарақ ағзалары қатнасты.

Мағлыўмат сыпатында сонны да айтып өтиўимиз орынлы, профессор С.Ахметов 30 ға шамалас монография, илимий топлам, сабақлық, оқыў ҳәм методикалық қолланбалардың авторы. Қарақалпақ филологиясы бағдарында илимий қәнигелер таярлаўда үлкен үлес қосқан белгили илимпаз.

 

З.Абубакирова,

 ҚМУ журналистика қәнигелиги 4-курс студенти