Усы жылдың 22-сентябринен 6-октябрине шекем өткерилетуғын «Корея мәденият күнлери» шеңберинде республикамыз бойлап бир қатар илажлар өткерилиўи режелестирилген.

Атап айтқанда,

22-23-сентябрь күнлери Универсал спорт комплексинде жас өспиримлер арасында Корея Республикасы елшиси кубоги ушын таэквондо турнири;

27- сентябрьде «Wyndham Tashkent» мийманханасында корейс тағамларын таярлаў бойынша таңлаў ҳәм корейс шебер аспазлары тәрепинен өткерилетуғын мастер класс

28-сентябрьде Корея кино фестивалының ашылыў мәресими;

29-30-сентябрь күнлери Әлийшер Наўайы атындағы кино сарайында корейс фильмлериниң көргизбеси өткериледи. Сондай-ақ, усындай илажлар ўәлаятларда да даўам еттириледи;

Жиззақ ўәлаятында 3-5-октябрь күнлери сүўретлер таңлаўы, кинофестиваль, музыкалық бағдарламалар, бул илажлар 4-6-октябрь күнлери Қашқадәрья ўәлаятында да даўам еттириледи;

2-октябрь күни Түркстан сарайында «JUMP» атамасындағы музыкалық кеше шөлкемлестириледи.

Бул илажлар Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигиниң рәсмий веб-сайты (uza.uz)нда кең сәўлелендирилиўи режелестирилген. Илажға байланыслы толық мағлыўматларды сайтымызда бақлап барың!

 

ӨзА