Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының мәлимлеме-ресурс орайы республикамыздағы жоқары оқыў орынлары китапханаларының ишинде ең бай китап фондына ийе болған дәргайлардың бири болып табылады.

Мәлимлеме-ресурс орайының улыўмалық китап фонды 133 090 данадан ибарат. Соның ишинде, сабақлық ҳәм оқыўлық қолланбалар 42 872, көркем әдебиятлар 39 970, илимий әдебиятлар 21 965, жәмийетлик әдебиятлар 25 714 ҳәм сырт ел әдебиятлары 2569 ды қурайды. Бул жерде китаплар фонды жаңадан жарық көрген әдебиятлар менен турақлы түрде толықтырылып турылады. 2017-жылы китаплар фонды 260 атамадағы 1636 дана китаплар менен толысқан болса, 2018-жылдың усы күнге шекемги дәўиринде бул жерге 193 атамадағы 1328 дана жаңа китаплар алып келинди. Алып келинген жаңа әдебиятлар өз ўақтында китап оқыўшыларына таныстырылып барылады.

Ҳәзирги ўақытта институт мәлимлеме-ресурс орайына 7282 китап оқыўшысы ағза болып, олардың басым көпшилиги институт студент-жаслары болып табылады. Ресурс орайының китап оқыўшылары қатарында институт әтирапындағы мәкан пуқаралар жыйынларының 1700 ге шамалас адамлардың бар екенлиги бул орай жумысларының қаншелли дәрежеде әҳмийетке ийе екенлигин көрсетип тур.

Институт мәлимлеме-ресурс орайы күнине 500 ге шамалас китап оқыўшыларына хызмет көрсетип келмекте.

Ресурс орайында 70 атамадағы газета ҳәм журналлар турақлы түрде жаңаланып турылады. Бул жерде жәми 112 заманагөй компьютер болып, олардың барлығы Интернет тармағына жалғанған. Сондай-ақ, орайда электрон китапхана да шөлкемлестирилген болып, ресурс орайындағы аз сандағы оқыў әдебиятларынан 5235 электрон әдебиятлар сканерленген вариантта компьютерлерге орналастырылған.

Усы күнге шекем 14 498 атамадағы әдебиятлар АРМАТ бағдарламасына киргизилип, электрон каталог бойынша жумыслар даўам етпекте.

Институттың мәлимлеме-ресурс орайы бес бөлимнен ибарат:

1. Илимий-методикалық ҳәм мәлимлеме мағлыўмат бөлими.

2. Китапхана ресурсларын толықтырыў, каталогластырыў ҳәм системаластырыў бөлими.

3. Мәлимлеме-китапхана ресурслары менен хызмет көрсетиў бөлими.

4. Электрон мәлимлеме ресурслары бөлими.

5. Сырт ел мәлимлеме-китапхана ресурслары менен ислесиў бөлими.

Бул жерде 5 китап бериў бөлими, 6 компьютер ханасы (электрон оқыў залы) бар. Оқыў залларындағы компьютерлер Интернет тармағына жалғанған.

Студент-жасларға қолайлық жаратыў мақсетинде институттың физика-мийнет ҳәм математика-информатика факультетлери имаратында, химия-биология ҳәм тарийх-география факультетлери имаратында, сондай-ақ, студентлер турақ жайында ресурс орайының филиаллары жумыс алып бармақта.

Институттың мәлимлеме-ресурс орайында 2017-жыл 2-сентябрьден баслап жас әўладтың интеллектуал ҳәм мәдений дәрежесин арттырыў, мәлимлеме ҳәм китап оқыў мәдениятын жетилистириў, билим алыўы ҳәм еркин пикирлеўин қоллап-қуўатлаў, китапқумарлық мәдениятын қәлиплестириў мақсетинде «Китапқумарлар клубы» өз жумысын даўам еттирмекте. Клубқа институттың 200 ден аслам қәбилетли, инталы студентлери ағза болып, олар турақлы түрде әдебиятымыздың белгили тулғалары, дөретиўши инсанлар менен ушырасыўлар, сондай-ақ, ҳәр қыйлы интеллектуал ойынларды шөлкемлестирип келмекте.

Сондай-ақ, институт мәлимлеме-ресурс орайында Scopus ҳәм Science Direct халықаралық мағлыўматлар базасынан пайдаланыўды үйретиў бойынша мәсләҳәт орайы хызмет көрсетпекте. Дүнья жүзилик көлемде белгили болған илим изертлеўшилердиң илимий мийнетлери топланатуғын бул халықаралық системалардың әмелий әҳмийети оғада үлкен. Айта кететуғын жери, бул мәсләҳәт орайы тәрепинен алып барылып атырған жумыслар нәтийжесинде Scopus ҳәм Science Direct халықаралық мағлыўматлар базасынан пайдаланыў бойынша Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Өзбекстан көлеминде 2-орынды ийеледи. Ҳәзирги ўақытта бул жерде профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлерге халықаралық мағлыўматлар базасынан пайдаланыў бойынша зәрүр көнликпелер берилмекте.

Мәлимлеме-ресурс орайы директоры Яқыпбек Генжемуратов биз бенен сәўбетте орайда алдағы ўақытлары әмелге асырылатуғын жумыслар ҳаққында да айтып өтти.

– Мәлимлеме-ресурс орайы китапханадан түпкиликли парқланады. Бул жерге келиўшилер тек ғана китапларды алыў ямаса оқыў ушын емес, соның менен бирге, ең соңғы жаңалықлар, информациялар менен танысыў ушын да келеди. Сол себепли, биз орайымыздың электрон оқыў залында ҳәптеде еки күн Интернет тармағындағы жаңалықлар, актуал мәселелер бойынша, сондай-ақ, оқыў залларында газета-журналлардағы материалларға шолыў жасаў, кең жәмийетшиликке таныстырыў жумысларын алып барыўды жобаластырып отырмыз, – дейди мәлимлеме-ресурс орайы директоры.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.