Бундай жағдайда туўылғанлық ҳаққындағы гүўалықты берген ПҲАЖ органынан қайта берилетуғын гүўалық алыў мүмкин, деп жазады Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы.
Буның ушын қайта берилетуғын гүўалық алыўды қәлеген шахс, усы гүўалықты берген ПҲАЖ органына тиккелей ямаса өзи жасап атырған жердеги ПҲАЖ органы арқалы мүрәжат етиўи керек.
Балаларға ҳәм қарым-қатнасқа уқыпсыз шахсларға қайта берилетуғын гүўалықлар олардың ата-аналары (перзентликке алғанлар), қайырқомлары, қәўендерлери, балаларды социаллық жақтан қорғаў мәкемелери администрацияларының арзалары бойынша бериледи.
Туўылғанлық ҳаққындағы қайта берилетуғын гүўалықлар пуқаралық ҳалаты акт жазыўы дизимге алынған тийисли шахстың өзине, оның ата-аналарына ямаса нызамшылықта белгиленген тәртипте тастыйықланған исеним қағазлары тийкарында басқа шахсларға бериледи.
Қайта берилетуғын гүўалықларды алыў ушын ең кем мийнет ҳақының 15% и муғдарында (27 645 сум) ҳақы өндириледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги