Ең уллы, ең әзиз байрам-Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 27 жыллығы кеңнен белгиленип атырған усы күнлерде халқымыздың тарийхый жеңиси болған ғәрезсизлик руўхы бәршемизге қуўаныш бағышламақта.

Ғәрезсизлик жылларында елимиз ерискен барлық жетискенликлер ҳәм шеклер уллы мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайртакер, ғәрезсизлигимиздиң тийкарын салыўшы Ислам Кәримовтың исми ҳәм жумысы менен байланыслы. Уллы Жолбасшымыз елимиз ғәрезсизлигин қолға киргизиўден баслап, оның раўажланыўы, дүньяда өз орнына ҳәм сөзине ийе мәмлекетке айланыўы жолында жоқары пидайылық көрсетип мийнет етти. Оның теңсиз мәртлиги ҳәм узақты гөзлеп жүргизген дана сиясаты себепли Өзбекстан тарийхый қысқа дәўирде избе-из раўажланыў жолын басып өтти, елимизди дүнья таныды.

2-сентябрь. Ислам Кәримов атындағы илимий-ағартыўшылық естелик комплекси. Бул жерге Олий Мажлис Сенатының ағзалары, Нызамшылық палатасының депутатлары, ҳүкимет ағзалары, жәмийетшилик ўәкиллери, жаслар өзбек халқының улы ҳәм ардақлы перзентин еслеў ушын жыйналған.

Қайғылы нама сеслери жаңлайды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев комплекске келип, Биринши Президентимиздиң естелигине гүл қойды. Уллы Жолбасшымыздың жарқын естелигине ҳүрмет көрсетилди.

Биринши Президентимиз көп қырлы жумысы, уллы адамгершилик пазыйлетлери менен Ўатанмымыздың көп әсирлик тарийхында өшпес из қалдырды.

Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң 2017-жыл 25-январьдағы «Өзбекстан Республикасының Биринши Президенти Ислам Абдуғаниевич Кәримовтың естелигин мәңгилестириў ҳаққында»ғы қарары халқымыздың өз уллы перзентине шексиз ҳүрметтиң әмелий белгиси болды. Усы қарарға муўапық уллы мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткердиң исмин мәңгилестириў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылды.

Атап айтқанда, ол адам көп жыллар жумыс алып барған Ташкент қаласындағы Ақсарай резиденциясы Ислам Кәримов атындағы илимий-ағартыўшылық естелик комплексине айландырылды, елимиздеги бир қатар абырайлы мәкемелер, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаяты орайларындағы көшелерге Биринши Президентимиздиң аты берилди. Ташкент, Самарқанд, Қаршы қалаларында уллы Жолбасшымызға естелик орнатылды.

Ислам Кәримов туўылып өскен Самарқанд қаласында оның естелигине атап мақбара комплекси қурылды.

Мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл  27-ноябрьдеги қарарына муўапық, быйыл январь айында Ислам Кәримов туўылған күниниң 80 жыллығы елимизде кеңнен белгиленди. Сондай-ақ, усы қарарға муўапық ҳәр жылы Биринши Президентимиз туўылған сәне-30 январь күнин кеңнен белгилеў, 2-сентябрьди Еслеў күни сыпатында еске алыў белгиленди.

Мәресимде Өзбекстан Республикасы Президентиниң Администрациясы, Олий Мажлис Сенаты ҳәм Нызамшылық палатасы, Министрлер Кабинети, министрликлер ҳәм уйымлар, жәмийетшилик ўәкиллери де естеликке гүллер қойды.

Сол күни пайтахтымыздағы «Наўрыз» мәресимлер үйинде Биринши Президентимизди еслеў дастурханы жайылды. Онда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев қатнасты.

Ислам Кәримов еске алынып, Қуран оқылды.

Елимиздиң барлық аймақларында уллы мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткер, халқымыздың ардақлы перзенти, ғәрезсизлигимиздиң тийкарын салыўшы Ислам Кәримовты еслеўге бағышланған мәресимлер өткерилди.

ӨзА