5110900 Педагогика ҳәм психология
5111700 Баслаўыш тәлим ҳәм спорт-тәрбиялық ис
5111800 Мектепке шекемги тәлим
5111900 Дефектология
5111100 Музыкалық тәлим
5112100 Мийнет тәлими
5110800 Сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы
5112000 Дене мәденияты
Абитуриентлер қабыллаў комиссиясына төмендеги ҳүжжетлерди тапсырады:
– тәлим бағдары, оқыў тили көрсетилген ҳалда институт ректоры атына арза;
– орта арнаўлы, кәсип-өнер оқыў орнын тамамланғанлығы ҳаққындағы ҳүжжети (диплом)ниң түп нусқасы ҳәм қосымшасы менен;
– 086/У формадағы медициналық мағлыўматнама;
– паспорт нусқасы;
– 3,5 x4,5 см өлшеминдеги 6 дана реңли фотосүўрети;
– Мийнет дәптершесинен белгиленген тәртиптеги тастыйықланған көширме;
– оқыў орны басшысының жоқары мағлыўматлы қәнигеге зәрүрлиги барлығы ҳаққындағы хаты;
– Тийисли министрлик ҳәм мекемениң усынысы.
Қабыл етиў бойынша қосымша мағлыўматларды институттың қабыллаў комиссиясына келип билиўге болады.
Абитуриентлерден ҳүжжетлерди қабыл етиў мүддети сентябрь айының 4-сәнесинен баслап сентябрь айының 16-сәнесине шекем (усы күнде де) даўам етеди.
Усы окыу жылы ушын контракт суммасы 2 млн 220 мын сум
Мәнзилимиз: Нөкис қаласы А. Досназаров көшеси 104 жай.
Телефонлар: 222-65-30; 222-84-38; 222-65-10.
Факс: 222-65-10: e – mail : nkspi info @edu .uz , nukusdpi @mail .ru
4-қосымша
Жоқары оқыў орынларының педагогика бағдарлары бойынша арнаўлы сыртқы бөлимлерге 2017-2018-оқыў жылы ушын оқыўға қабыл етиў тәртиби ҳәм өлшеми
Бул Тәртип ҳәм өлшемлер Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Жоқары оқыў орынларында педагогика бағдарында арнаўлы сыртқы бөлимлерин шөлкемлестириў ҳаққында» 2017-жыл 9-августтағы ПҚ-3183-санлы қарарына муўапық жоқары оқыў орынларының педагогика бағдарлары бойынша арнаўлы сыртқы бөлимлерине оқыўға қабыл етиў қағыйдаларын белгилейди.
1-бап. Улыўма қағыйдалар
- Жоқары оқыў орынларының арнаўлы сыртқы бөлимлерине оқыўға қабыл етиў Өзбекстан Республикасы билимлендириў орынларына оқыўға қабыл етиў бойынша мәмлекетлик комиссиясы (буннан былай текстте Мәмлекет комиссиясы деп жүргизиледи) тәрепинен белгиленген қабыллаў квоталары шеңберинде төлеў-контракт тийкарында әмелге асырылады.
- Жоқары оқыў орынларының арнаўлы сыртқы бөлимлерине оқыўға қабыл етиў ҳәмме ушын тең ҳуқықлылық, белгиленген өлшемлер бойынша таңлаў тийкарында әмелге асырылып, республиканың алыс (таўлы, шөлли) халық пунктлеринде жасайтуғын ҳәм де жоқары педагогикалық мағлыўматлы кадрларға зәрүрлик ең жоқары болған билимлендириў орынларында искерлик етип атырған арнаўлы сыртқы бөлимниң бакалавриат тәлим бағдарларында оқыўға талабан абитуриентлердиң (буннан кейин текстте абитуриентлер деп жүргизиледи) биринши гезекте қабыл етилиў ҳуқықы тәмийинленеди.
- Арнаўлы сыртқы бөлимлердиң бакалавр тәлим бағдарларына ҳәр бир жоқары оқыў орны бойынша тәлим бакалаврлары ҳәм оқытыў тиллерине қарай өз алдына оқыўға қабыл етиледи.
- Арнаўлы сыртқы бөлимлердиң бакалавр тәлим бағдарларына оқыўға қабыл етиў орта арнаўлы, кәсип-өнер мағлыўматына ҳәм де кеминде үш жыллық педагогикалық әмелий ис стажына ҳәм де мектепке шекемги, улыўма орта ҳәм мектептен тысқары оқыў орынлары (буннан былай текстте оқыў орынлары деп жүргизиледи) зәрүрликлери тийкарында қурамында бул оқыў орынлары бар болған министрликлер ҳәм мекемелер тәрепинен берилетуғын усынысқа ийе болған педагог кадрлар есабынан әмелге асырылады.
2-бап. Усынысларды бериў тәртиби
- Педагог кадрларға усыныслар бериў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги, Ташкент қалалық халық билимлендириў бас басқармасы ҳәм областлар халық билимлендириў басқармаларының (кейинги орынларда аймақлық басқармалар деп жүргизиледи) буйрықларына муўапық тийисли район (қала) халық билимлендириў бөлиминде педагог кадрлардың ҳүжжетлерин қабыл етиў ҳәм үйрениў бойынша жети адамнан ибарат қурамда арнаўлы комиссия (буннан былай текстте арнаўлы комиссия деп жүргизиледи) дүзиледи:
арнаўлы комиссия баслығы – район (қала) халық билимлендириў бөлими баслығы;
арнаўлы комиссия ағзалары – район (қала) ҳәкимлиги ўәкили, оқыў орны баслықлары, Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары Федерациясы Кеңеси аймақлық бөлими ўәкили, Өзбекстан Жаслар аўқамы аймақлық бөлими ўәкили;
арнаўлы комиссия хаткери – район (қала) халық билимлендириў бөлими кадрлар бойынша инспекторы.
- Арнаўлы комиссияның ўазыйпалары төмендегилерден ибарат:
педагог кадрлар ушын арнаўлы сыртқы бөлимниң бакалавриат бағдарларына қабыллаў ҳаққында оқыў орынларында түсиндириў жумысларын алып барыў ҳәм де зәрүр мәсләҳәтлер бериў;
педагог кадрларға усыныс бериўге байланыслы белгиленген талаплар: билимлендириў орынларының педагог кадрларға болған зәрүрлиги ҳәм оның алыслығы тийкарында педагог кадрлардың дизимин қәлиплестириў;
педагог кадрлардың дизимин аймақлық басқармаларға тапсырыў.
- Педагог кадрлардың төмендеги ҳүжжетлери оқыў орынлары баслықлары арқалы арнаўлы комиссияға тапсырылады:
паспорт нусқасы;
орта арнаўлы, кәсип-өнер оқыў орынларын питкергени ҳақкындағы ҳүжжеттиң нусқасы (қосымшасының нусқасы);
оқыў орынлары педагогикалық кеңесиниң қарары (ис стажы көрсетилген ҳалда);
мийнет дәптершесинен белгиленген тәртипте тастыйықланған көширме.
- Арнаўлы комиссияға тапсырылған ҳүжжетлер қайтарып берилмейди.
- Арнаўлы комиссияға усыныс бериўге усынылып атырған педагог кадрлар дизимин аймақлық басқармаларға жибереди.
- Аймақлық басқармалар арнаўлы комиссия тәрепинен тапсырылған дизимди улыўмаластырады ҳәм жоқары педагогикалық мағлыўматлы кадрларға болған зәрүрликти есапқа алған ҳалда тәлим бағдарлары кесиминде бул Нызамның q-қосымшасына муўапық формадағы абитуриентлердиң дизимин қәлиплестиреди.
- Аймақлық басқармалар қәлиплестирилген дизимди педагог кадрлар искерлик етип атырған оқыў орынларының бойсыныўына көре тийисли министрлик ҳәм мекемелерге жибериледи.
- Министрлик ҳәм мекемелер педагог кадрлардың дизиминиң оқыўға қабыл етиў бойынша талапларға сәйкеслигин үйренеди ҳәм де усыныслар бериў белгиленген дизимди (дизимде усыныс берилмейтуғынлар өз алдына дизимде көрсетиледи) аймақлық басқармаларға, жоқары оқыў орынларға ҳәм Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигине жоллайды.
- Аймақлық басқармалар тәрепинен Усыныслар бериў белгиленген дизим арнаўлы комиссияларға, арнаўлы комиссиялар оқыў орынларына жеткизип береди.
Министрлик ҳәм шөлкемлер тәрепинен тастыйықланған усыныс бериў белгиленген дизимге қатаң әмел еткен ҳалда оқыў орынлары абитуриент(лер)ке усыныс береди.
3-бап. Жоқары оқыў орынлары арнаўлы сыртқы бөлимлериниң бакалавриат тәлим бағдарларына оқыўға қабыл етиў
- Жоқары оқыў орынларында 2017-2018-оқыў жылы бакалавриат басқышы күндизги тәлим бойынша дүзилген қабыллаў комиссиясы арнаўлы сыртқы бөлимлерге қабыллаў жумысларын әмелге асырады.
- Абитуриентлерди оқыўға қабыл етиў ҳаққындағы арзалары Комиссия тәрепинен усы жылдың 4-сентябринен 16-сентябрине (усы күни де) шекем қабыл етиледи.
- Абитуриентлер тәрепинен Комиссияға қойылатуғын ҳужжетлер усынылады:
тәлим бағдары ҳәм оқыў тили көрсетилген ҳалдағы арза;
орта арнаўлы, кәсип-өнер оқыў орынларын питкергенлиги ҳаққындағы ҳүжжеттиң түп нусқасы ҳәм қосымшасы;
086-У-формада бойынша медициналық мағлыўматнама;
паспорт нусқасы;
3,5 х 4,5 см көлеминдеги 6 дана реңли фото сүўрет;
Мийнет дәптершесинен белгиленген тәртипте тастыйықланған көширме;
Оқыў орынлары басшысының жоқары мағлыўматлы қәнигеге зәрүрлиги ҳаққындағы хаты;
Тийисли министрлик ҳәм мекемениң усынысы.
Ҳүжжетлер қабыл етиўдиң белгиленген мүддетлери тамам болғаннан соң ҳүжжетлерди қабыл етиў ҳәм ҳүжжетлерге қосымша ҳәм өзгертиўлер киргизиў қатаң қадаған етиледи.
- Абитуриент тәрепинен тапсырылған ҳүжжетлердиң қәлбеки екенлиги анықланса, ол жағдайда абитуриент оқыўға қабыл етилмейди (студентлер қатарынан шетлестириледы) ҳәм де ҳүжжетлери орнатылған тәртипте ҳуқықты қорғаў органларына жибериледи.
- Жоқары оқыў орынлары қабыллаў комиссиясы арнаўлы сыртқы бөлимлериниң бакалавриат тәлим бағдарларына оқыўға қабыл етиўде төмендеги өлшемлерге тийкарланады:
орта арнаўлы, кәсип-өнер оқыў орынларын тамамлағанлығы ҳаққындағы ҳүжжеттиң қосымшасына қарай есапланған орташа балы (баллар 3 (үш), 4 (төрт), 5 (бес) баҳа көринисинде белгиленеди);
абитуриент ислеп атырған оқыў орынларының район (қала) орайынан узақлығы, жайласқан аймағына қарап 2 (еки) балл қосылады, қала (район) орайынан узақ болмаған аймақта жайласқан оқыў орынларына 0 (ноль) балл бериледи;
абитуриенттиң ис стажы 3-5 жылға шекем болғанда 1 (бир) балл, 6-10 жылға шекем болғанда 2 (еки) балл, 11 жылдан артық болғанда 3 (үш) балл бериледи;
- Абитуриенттиң диплом қосымшасы бойынша орташа балы, оқыў орынларының алыслығы ҳәм ис стажына қойылатуғын баллар жыйындысы улыўма балл есапланады.
- Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен жоқары оқыў орынлары арнаўлы сыртқы бөлимлери бағдарлары кесиминдеги қабыллаў нәтийжелери усы жылдың 20-сентябрине шекем Мәмлекетлик комиссиясына киргизиледи.
4-бап. Абитуриентлердиң ҳүжжетлерин рәсмийлестириў
- Мәмлекетлик комиссиясы тәрепинен абитуриентлерди талабалыққы усыныс етиў ҳаққындағы қарар усы жылдың 25-сентябрине шекем қабыл етиледи.
Жоқары оқыў орынлары арнаўлы сыртқы бөлимлерине қабыл ҳәмме ушын тең ҳуқықлылық жеке қабыллаў қағыйдалары ҳәм де бирдем бир таңлаў тийкарында әмелге асырылып, улыўма баллары бойынша ең жоқары балл топлаған абитуриентлер биринши гезекте қабыл етилиў ҳуқықы тәмийинленеди.
Қабыллаў квоталары шеңберинен тысқары болған ҳәм улыўма баллары тең болған абитуриентлерди оқыўға қабыл етиўде биринши гезекте абитуриент ислеп атырған оқыў орынларының алыслығы ҳәм ис стажы есапқа алынып, қабыл квотасының 10 пайыздан аспаўын тәмийинлеген ҳалда қабыллаў комиссиясы тәрепинен әмелге асырылады.
- Мәмлекетлик комиссиясы қарары тийкарында жоқары оқыў орынлары, абитуриент ҳәм оқыў орынлары ортасында белгиленген тәртипте 2-қосымшада келтирилген формадағы үш тәреплеме шәртнамалар рәсмийлестириледи.
- Мәмлекетлик комиссия тәрепинен тастыйықланған үш тәреплеме шәртнама бланкалары абитуриентлерге Қабыллаў комиссиясы тәрепинен баслық ҳәм бас есапшы тәрепинен қол қойылған ҳалда үш нусқада бериледи.
Шәртнамалар қол қойылғаннан кейин оқыў усы жылдың 1-октябринен басланады.
- Абитуриентлер тәрепинен шәртнама тийкарында төлем усы жылдың 15-октябрине шекем, кейинги жыллар шәртнама шәртлеринде көрсетилген мүддетлерде әмелге асырылады.
Шәртнама шәртлери ҳәм тәреплердиң мәжбүриятлары, олардың әмелге асырылыў тәртиби нызам ҳүжжетлерине муўапық әмелге асырылады.
- Абитуриентлерди оқыўға қабыл етиў олар тәрепинен оқыў ушын шәртнамада белгиленген қаржы муғдары өткизилгеннен соң жоқары оқыў орынларының буйрығы менен рәсмийлестириледи.
- Оқыўға қабыл етилген талабаларға жоқары оқыў орынлары тәрепинен оқыў реже ҳәм бағдарламалар, ишки тәртип-қағыйдалар ҳәм оқыў процесине тийисли басқа мәселелер бойынша зәрүр тапсырма ҳәм көрсетпелер бериледи.
6-бап. Жуўмақлаўшы қағыйдалар
- Усы Нызамда белгиленген мәселелер бойынша наразылықлар нызам ҳүжжетлерине муўапық шешиледи.
Абитуриентлердиң улыўма балларын есаплаў ведомосты
№ | Ф.И.Ә. | Орташа диплом балы | Аймақлық жайласыўы (область, район, қала) | Ис стажы | Улыўма балл |
Еслетпе: диплом балы 3, 4 ямаса 5 баллар көринисинде белгиленеди;
Абитуриент ислеп атырған билимлендириў мәкемесиниң район(қала) орайынан алыс екенлиги, жайласқан аймағына қарап 2 (еки) балл бериледи, қала (район) орайынан узақ болмаған аймақта жайласқан билимлендириў мәкемелерине 0 (ноль) балл бериледи; абитуриенттиң ис стажы 3-5 жылға шекем болғанда 1 (бир) балл, 6-10 жылға шекем болғанда 2 (еки) балл, 11 жылдан артық болғанда 3 (үш) балл бериледи.
Дерек: www.ndpi.uz