Ҳәзирги күнде 65 түрдеги социаллық хызмет ҳәм жәрдем алыў ушын пуқараларымыз туўылғаны, майыплығы ҳаққында, пенсия, студентлик гүўалығы, банк картасы сыяқлы 10 нан аслам ҳүжжети көтерип жүриўге мәжбүр.

Бундай әўерегершиликке шек қойыў ўақты келгенин атап өтип, Президент  барлық ҳүжжетлердиң орнын басатуғын бир – социаллық карта енгизилетуғынын жәриялады.

Социаллық карта менен автобус ҳәм метрода бийпул жүриў, электр, газ ҳәм оқыў қәрежетине компенсация алыў мүмкин болады, напақа ҳәм жәрдем пуллары да усы картаға түседи.

Бул система 1-июльге шекем Ташкент қаласы ҳәм Янгийўл районында сынақтан өткериледи, жылдың ақырына шекем барлық жерде иске қосылады.

ӨзА