Кәмбағал шаңарақлардағы өзи ҳәрекетлене алмайтуғын 23 мың адамға ата-анасы, өмирлик жолдасы, перзентлери, әжаға-үкеси яки әжапа-сиңлиси қарап отырыпты.

Келеси жылдан мәҳәлледеги социаллық хызметкерлер ҳәм жеке меншик сектордың қатнасыўында бул адамлардың 19 мыңына үйинде ҳәм 4 мыңына күндизги қатнаў тийкарында қарап турыў жолға қойылады.

Нәтийжеде жақынына қарап турған 15 мың халықтың ислеўине шараят жаратылады.

Жеке меншик сектор бундай хызметти көрсеткен кәмбағал шаңарақлар қәрежетиниң 80 процентин мәмлекет қаплап береди.

Бул тәжирийбе Ташкент қаласында 1-мартқа шекем, басқа аймақларда жыл ақырына шекем жолға қойылыўы белгиленди.

 

ӨзА