Ўәлаят ҳәкимлери усы жылы биреўден үлгили көшеге айландырып, майыплығы барлар ушын қолайлы шараят жаратыўы керек еди.

Әндижан, Самарқанд, Сурхандәрья, Ташкент ўәлаятында бул бойынша жумыслар басланған, қалған ўәлаятлар жойбар да етпегени, қәрежет те бермегени көрсетип өтилди.

Жуўапкерлерге бул жумысларды еки айда жуўмақлап, келеси жылы ҳәр бир районда және бир көшеде әмелге асырыў ўазыйпасы қойылды.

Бас прокурордың орынбасары И.Адҳамовқа бул бағдарда өзгерис етпегенлерге қатаң шара көриў тапсырылды.

 

ӨзА