Президент басшылығында социаллық қорғаў тараўындағы жумыслардың нәтийжелилиги ҳәм 2025-жыл ушын әҳмийетли ўазыйпаларды додалаўға бағышланған мәжилис басланды.
Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң алдында жаңа социаллық қорғаў системасын шөлкемлестириўде Өзбекстанға жақыннан жәрдем берип атырған БМШтың мәмлекетимиздеги турақлы координаторы Сабинэ Махл, ЮНИСЕФ ўәкилханасы басшысы Рехина Мария Кастижио ҳәм Жәҳән банкиниң Орайлық Азия бойынша регионаллық директоры Татьяна Проскуряковаға бүгинги мәжилисте қатнасып атырғанлары ушын айрықша миннетдаршылық билдирди.
Атап өтилгениндей, усы жылы 102 социаллық хызмет мәҳәлле дәрежесине түсирилди.
Мәселен, алдын адамлар протез ушын ҳәр түрли комиссиялар ҳәм поликлиникада 2 ай күткен болса, ҳәзир бул мәселе 2 ҳәптеде мәҳәлледе шешилмекте. Соның нәтийжесинде 100 мың адамның аўыры жеңил болды.
Адамлар протезди 95 ислеп шығарыўшы арасынан электрон системада өзи таңлап атыр, бәсеки ҳәм сапа да жақсыланды.
Майыплығы бар балаларға қарап турыў хызмети жолға қойылып, мүрәжатлер мәҳәлледе қабылланып атыр. Бул 700 ата-ананының бирге ислесиўине шараят жаратты. Ҳәрекетлене алмайтуғын 4 мың жалғыз кекселер анықланып, оларға үйиниң өзинде қарап турыў жолға қойылды.
ӨзА