2018-жылдың 11-август күни саат шама менен 04:40 лар әтирапында Әмиўдәрья районлық өрт қәўипсизлиги бөлиминиң диспетчерлик хызметине Маңғыт қаласы Халықлар дослығы ҳәм Буюк Турон көшелери кесилиспесинде жайласқан саўда дүканларында өрт жүз бергени ҳаққында хабар келип түскен. Бул ҳаққында Amunews.uz сайты редакциясына районлық өрт қәўипсизлиги бөлиминиң баслығы Ҳ.Матякубов мәлим етти.

Өрт жүз берген орынға өрт өшириў машиналары саат 04:43 те жетип барып, көрилген оператив ҳәрекетлер нәтийжесинде өрт саат 05:25 те қоршап алынып, саат 06:28 де толық өширилген ҳәм өрттиң басқа саўда дүканлары және қоңсылас имаратларға тарқалыўының алды алынған.

Өрт усы күни жаған күшли жаўын ҳәм жоқары тезликте ескен самал себепли электр тармақларында жүз берген қысқа тутасыў ақыбетинде жүзеге келгени болжанбақта.

2 исбилерменге тийисли дүканларды қоршап алған өрт ақыбетинде ҳеш ким жәбирленбеген, бирақ 180 квадрат метрлик имаратлардағы азық-аўқат ҳәм азықлық емес өнимлер және үскенелер жанып кеткен.

Өрт ақыбетинде келип шыққан материаллық зыян муғдары анықланбақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги