8-декабрь – Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн

Конституция –  нызам менен тәртипке салынған тийкарғы қағыйдалардың анық ҳәм айрықша өлшеми болыўы менен бирге, жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында байланыслардың беккемлениўи, пуқаралардың тынышлығы менен абаданлығын тәмийинлеўдиң ҳәм мәмлекеттиң раўажланыў дәрежесиниң негизи болып есапланады.

Мәмлекетимизде қабыл етилип атырған ҳәр қандай нызам ҳәм нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлер инсаныйлық идеясы сиңдирилген Конституциямыз негизинде қабыл етиледи.

Ҳәр бир мәмлекеттиң демократиялық өзгешеликлерин сыпатлайтуғын шәртлердиң  бири – бул инсан ҳуқықлары менен еркинликлериниң қорғалыўы ҳәм кепиллениўи болып есапланады.

Өзбекстан Республикасы Президенти  Ш.Мирзиёев «Конституция ҳәр бир пуқараның санасы ҳәм жүрегинен терең орын алған, олардың ҳуқықлары менен еркинликлерин толық кепиллейтуғын ҳақыйқый турмыс  нызамына айланыўы лазым» деп айрықша атап өткениндей,  ҳүжжеттиң тийкарғы бағдары – инсан ҳәм оның өмирин бийбаҳа қәдирият дәрежесине көтериў болып есапланады.

2023-жыл 30-апрель күни ѳткерилген Өзбекстан Республикасы референдумында улыўмахалықлық даўыс бериў арқалы қабыл етилген жаңа редакциядағы Бас нызамымыз 6  бѳлим, 27 бап ҳәм 155 статьядан ибарат болып,  онда ең дәслеп инсан қәдири айрықша негиз етип белгиленген.

Конституциямызды оқыған ҳәр бир инсан, ҳүжжеттиң улыўма мазмунынан баслап, ҳәр  бир статьясына шекем, миллий мәнаўият ҳәм қәдириятларымызды терең  сезинеди. Онда халқымызға тән болған – әдалатлылық, мийрим-шәпәәт  сыяқлы жоқары пазыйлетлер сиңдирилгени оғада  ǝҳмийетли.

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 13-статьясында «Өзбекстан Республикасында демократия улыўма инсаныйлық принциплерге тийкарланады, оған муўапық инсан,  оның өмири, еркинлиги, ар-намысы, қәдири ҳәм басқа да ажыралмас ҳуқықлары жоқары  қәдирият болып есапланады.

Демократиялық ҳуқық ҳәм еркинликлер Конституция ҳәм нызамлар менен қорғалады» деп  беккемлеп қойылған.

Инсанның, ҳәр бир пуқараның нызамлы мәплерин қорғаў бас нызамымыздың ең уллы мақсети болып есапланады. Соннан келип шыққан ҳалда, Конституцияда мәмлекеттиң тийкарғы белгилери берилген болып, онда бизиң бүгинимиз ҳәм келешегимиз сәўлелендирилген ҳәм халқымыздың әсирлер даўамында сақланып қалған үрип-әдет ҳәм дәстүрлери, бай тарийхы жәмленген.

Соның ушын да Өзбекстан  Республикасы Конституциясын оқыған ҳәр бир инсан,  улыўма мазмунынан баслап, ҳәр  бир статьясына шекем, миллий мәнаўият ҳәм  қәдириятларымызды терең сезинеди.

Уллы халқымызға тән болған әдалатлылық, мийрим-шәпәәт, мәртлик ҳәм ҳақгөйлик сыяқлы уллы пазыйлетлер усы ҳүжжеттен мүнәсип орын ийелеген.

Соны айрықша атап өтиў тийис, өткен дәўир ишинде Өзбекстан Республикасы Конституциясы дүньядағы ең демократиялық конституциялардың бири сыпатында тән алынбақта ҳәм улыўма инсаныйлық идеялар — теңлик, еркинлик,  миллетлер аралық татыўлық  сыяқлы ең уллы идеяларға хызмет етеди.

Ҳәр қандай ҳуқықый мәмлекеттиң қәлиплесиўинде, жәмийетлик турмыста Конституция ҳәм нызамлар үстинлигиниң тәмийинлениўи үлкен әҳмийетке ийе.  Өзбекстан Республикасы Конституциясы тийкарында ҳәр бир пуқара жоқары сиясий билимге ҳәм ҳуқықый мәдениятқа ийе болыўы, жуўапкершилик ҳәм миннетлемелерди терең сезинип, нызам ҳәм қағыйдаларға бойсыныўы мақсетке муўапық.

Онда ҳәр бир пуқараның нызамлы мәплерин қорғаў – тийкарғы мақсет етип белгиленген, жоқары юридикалық күшке ийе болған ҳуқықый ҳүжжет- Конституция тийкарғы көрсетпе болып есапланады.

 

Руслан Джумамуратов,

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының депутаты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги