«Өзагротехсанаатхолдинг» компаниясы Өзбекстанда 2018-2021-жылларда аўыл хожалығы машина өндириси тараўын раўажландырыў концепциясы жойбарын усынды. Ҳүжжет пенен Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын додалаў порталында танысыў мүмкин, деп жазады Kommersant.uz сайты.

Компания аўыл хожалық машина өндириси базарының жағдайына анықлық киргизе отырып, мәмлекетте қолланылып атырған техникалардың санын келтирип өтти.

Мәселен, 150,5 мың техникадан 57 822 си трактор, 3 608 и бийдай оратуғын комбайн, 1 224 и пахта териў машинасы ҳәм 1 738 и от-жем оратуғын техниканы қурайды.

Бунда 150,5 мың техникадан дерлик 83 мыңы гөнерген, бул болса жойбар ислеп шығыўшыларының пикиринше, агротехникалық жумысларды өткериў мәўсиминде техниканың жетиспеўшилигин келтирип шығарады.

Жағдай анализленип, аўыл хожалық ислеп шығарыўшылары 100 670 дана қосымша техника, соннан 26 139 трактор, 34 605 прицеп, 1 149 бийдай оратуғын комбайн, 3 080 пахта териў машинасына мүтәж екенлиги анықланды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.