Өзбекстан Республикасында шахматы раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққындағы Президент қарарына муўапық, мәжбүрий мектеп бағдарламалары шеңберинде 150 мектепте, соның ишинде Қарақалпақстан Республикасындағы 7 мектепте тәжирийбе формасында шахматы оқытыў шөлкемлестириледи.

 

Олар төмендеги мектеплерден ибарат:

 

1. Кегейли районы, 25-улыўма билим бериў мектеби;

2. Қоңырат районы, 36-улыўма билим бериў мектеби;

3. Тақыятас районы, 3-улыўма билим бериў мектеби;

4. Төрткүл районы, 95-улыўма билим бериў мектеби;

5. Хожели районы, 71-улыўма билим бериў мектеби;

6. Шоманай районы, 7-улыўма билим бериў мектеби;

7. Елликқала районы, 61-улыўма билим бериў мектеби.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиниң шолыўшысы.