Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев пайтахтымыздың Чиланзар районындағы Бунёдкор ҳәм Шопаната көшелериниң кесилиспесинде қурылған заманагөй көпирди барып көрди.

Пайтахтымызда жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў, тығылыслардың алдын алыў, пиядалар ушын шараят жаратыў мақсетинде көплеген көпирлер менен жол өткеллери қурылмақта. Бунёдкор ҳәм Шопаната көшелериниң кесилиспесинде қурылған заманагөй көпир мине солардан бири.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң идеясы ҳәм басламасы менен қурылып атырған бул қурылма ески  Ташкенттиң тарийхый тартымлылығын сақлаған ҳалда, оны жаңалаў, заманагөй мегаполиске айландырыў, өз гезегинде халықтың узағын жақын етиўде үлкен әҳмийетке ийе.

«Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийетине қараслы «Көпир қурылыс трести» кәрханасының қурған жол өткелиниң улыўма узынлығы 667,5 метр, соннан эстакада бөлеги 488,5 метр болып, бийиклиги 8 метр, кеңлиги 24,5 метр, 21 үстиннен ибарат. Көпирде автомобильлер 6 қатарда ҳәрекетленеди. Сондай-ақ, 124 метрлик еки пиядалар өтиў көпири қурылды. Майып ҳәм кекселерге қолайлылық жаратыў мақсетинде оларда арнаўлы эскалатор орнатылды.

Мәмлекетимиз басшысы бул жерде әмелге асырылған дөретиўшилик жумыслары менен танысты, қурылысшылар менен пикирлести.

9560f6f4-2477-2c50-c862-2bf70a4fdbe3.jpg

– Елимизде көпир қурыў бойынша өзине тән мектеп жаратылды,-деди Президент. –Бул көпирди салып атырған қурылысшыларға айрықша миннетдаршылық билдиремен. Буннан кейин қурылатуғын жаңа көпирлер де сапалы, жүдә пуқта болыўы керек. Буның ушын көпир қурылысы бойынша алдыңғы сырт ел тәжирийбесин үйренип, тәжирийбе алмасып барыўымыз зәрүр. Бир сөз бенен айтқанда, көпирлер де бизиң дөретиўшилик нышанымызға айланыўы тийис.

Объект қурылысына елиўге шамалас техника қуралы, 250 ден аслам жумысшы-хызметкер тартылды. Жол өткелин қурыўда 35,7 мың куб метр топырақ, 42,6 мың куб метр бетон жумыслары орынланды. Аймақта абаданластырыў жумыслары орынланып, қоршаған орталық көклемзарластырылды ҳәм саяманлы тереклер отырғызылды.

Жаңа имаратты жойбарластырыўда жақтыландырыў системасына да айрықша итибар қаратылды. Оған бола, көпирге дүнья стандартларына толық жуўап беретуғын энергия үнемлейтуғын үскенелер орнатылды.

Сол жерде мәмлекетимиз басшысына пайтахтымыздағы ҳәм аймақлардағы бар көпирлердиң жағдайы, системадағы жаңалықлар ҳәм режелер ҳаққында мағлыўмат берилди. «CRAFCO» (АҚШ) компаниясы ислеп шыққан арнаўлы техника ҳәм ықшам механизация жәрдеминде жол өткели ҳәм көпирлерди оңлаў жойбары таныстырылды. Бул компания жол өткелин ҳәм көпирлерди беккемлеў ҳәм пайдаланыў бағдарында инновациялық технологияларды енгизиўде дүньяда ең жетекши болып есапланады.

34f5c1d1-89ed-e0ab-1823-68ad25d440b0.jpg

Мәмлекетимиз басшысы жойбарды көзден өткерип, «CRAFCO» компаниясының технологияларынан үнемли пайдаланыў, бул ушын қәнигелердиң маманлығын арттырыў бағдарында тийисли көрсетпелер берди.

Шавкат Мирзиёев Ғафур Ғулам атындағы мәденият ҳәм дем алыў бағын да кирип көрди. Бағды заманагөй етип қайта қурыў, бул жерде ашық ҳәм жабық аквапарк қурыў бойынша тапсырма берди. Бағдағы бирде-бир теректиң кесилмеўи кереклигин атап өтти.

cc6c65d2-a9a8-695f-39fe-2b90306a80be.jpg

e8dc46d4-bf36-0eec-402c-9701ea6c7cd7.jpg

ce5c5325-1e60-577f-dbea-c387f2a9f454.jpg

f1d9d3b7-8372-5ec8-70f7-f30be4a84360.jpg

d3a06e68-0d28-f76a-94a7-64ccb9558059.jpg

Зиёдулло ЖОНИБЕКОВ,

ӨзА