Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 2018-жыл 9-август күни қоршаған орталықты қорғаў, турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм қайта ислеў системасын раўажландырыў бойынша мәжилис өткерилди.

Елимизде қоршаған орталықты абаданластырыў ҳәм тазалықты сақлаў, турмыслық шығындыларды жыйнаў, ажыратыў ҳәм қайта ислеў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 21-апрельдеги «2017-2021-жылларда турмыслық шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, бурын ийесиз болған бул тараўда бирден-бир система қәлиплестирилди. Тараўға қаратылып атырған итибардың нәтийжесинде халықты шығынды тасыў хызмети менен қамтып алыў дәрежеси усы жылдың ақырына шекем 62 процентке (20 миллион) жетиўи күтилмекте. Бул көрсеткиш 2016-жылы тек ғана 22 процент болған.

Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәмлекетлик комитети системасында шөлкемлестирилген «Таза аймақ» кәрханалары усы жылдың жети айында 49 миллиард сум дәрамат алыўға еристи. Орынларда шығындыларды қайта ислеў кәрханалары қурылмақта.

Қарардың орынланыўы шеңберинде шығындыны алып шығыў аймақларын исбилерменлерге электрон аукцион жолы менен бириктириў тәртиби енгизилди, жумысқа исбилерменлерди мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында тартыў механизми жаратылды, полимер плёнкалы пакетлер ислеп шығарыў, сатыў ҳәм импорт етиўде шеклеўлер орнатылды, сырт елли инвесторларды кеңнен тартыў ушын салық жеңилликлери берилди.

Мәжилисте бул бағдардағы жумыслар еле жеткиликли емеслиги, және бир қатар илажлар әмелге асырылыўы зәрүрлиги атап өтилди.

Атап айтқанда, быйыл «Таза аймақ» кәрханаларына 210 жаңа арнаўлы техника сатып алынған. 2019-2021-жылларда және 590 арнаўлы техника алыў режелестирилген. Бул шығындыны тасыў хызметин көрсетиў дәрежесин 83 процентке жеткериў имканиятын береди.

02.jpg

Бул бағдардағы жумыслардың көлемин буннан былай да кеңейтиў ушын Инвестициялар бойынша және Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитетлерине үш ай мүддетте Азия раўажланыў банкиниң кредити есабынан және 500 арнаўлы техника сатып алыў бойынша жойбар усынысын ислеп шығыў ўазыйпасы тапсырылды.

Шығындыны жыйнаў ҳәм бул ушын төлем өндириў бойынша да машқалалар бар екени атап өтилди.

Атап өтилгениндей, елимизде халықтың жан басына шығындыны жыйнап алыў ушын төлем 2 000 сум ямаса 25 центти қурайды. Бул болса тараўға исбилерменлерди кеңнен тартыў имканиятын бермей атыр.

Сырт еллерде шығындыларды жыйнап алыўда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик қатнасықлары кеңнен енгизилген. Исбилермен тек ғана шығындыны жыйнап алады, жергиликли ҳәкимият болса көрсетилген хызмет көлемине қарап төлемди әмелге асырады.

Қаржы министрлиги, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети, Мәжбүрий орынлаў бюросы басшылығына шығындыны жыйнап алыўға мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти кеңнен енгизиўди нәзерде тутатуғын анық усыныслар киргизиў ўазыйпасы тапсырылды.

Бунда шығынды жыйнаў ушын орнатылған тарифлерди қайта көрип шығыўды, төлемлерди өндириўди Мәжбүрий орынлаў бюросы тәрепинен әмелге асырыў, түскен қаржыларды район (қала) ҳәкимликлериниң арнаўлы есап бетлеринде жыйнаў, топланған қаржыны мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртнамасы тийкарында шығынды тасыў кәрханаларына төлеў системасын жаратыўға айрықша итибар қаратылыўы лазым.

Мәжилисте шығындыларды қайта ислеў мәселесине де итибар қаратылды. Мағлыўматларға қарағанда, пүткил дүньяда турмыслық шығындының кеминде 65 проценти қайта исленеди ҳәм үлкен пайда алынады. Тилекке қарсы, бул көрсеткиш бизде оғада төмен. Ҳәзирги ўақытта елимиздеги шығынды полигонларында жәми 18 миллион тонна шығынды бар. Жылына жаңа 4 миллион тоннадан қосылып бармақта. Бул шығындыларды қайта ислеў, таяр өним ислеп шығарыў бойынша жойбарларды тезирек әмелге асырыўды талап етеди.

Шығындыдан энергия алыў бойынша Оҳангарон районында Қубла Кореяның «Сежин» компаниясы менен биргеликте 55 миллион долларлық жойбарды әмелге асырыў басланған. Жойбарға тийкарланып шығынды полигоныннан биогаз алынып, 16 мегаватт ямаса 10 мың шаңарақтың пайдаланыўы ушын жеткиликли электр энергиясы ислеп шығарылады.

– Әне усындай перспективалы жойбарларды көбейтиў зәрүр, – деди Президентимиз. – Бул ушын, бәринен бурын, тараўға сырт ел инвесторлары не ушын кем қызығыўшылық билдирип атыр, деген сораўға жуўап табыўымыз керек. Себеби буған тосқынлық етип турған бир қатар системалы машқалаларды шешиў ушын жеткиликли жумыс алып барылмай атыр. Инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўда комплексли қатнас жасаў жоқ.  Шығындыны қайта ислеўден алынатуғын альтернатив энергияны бирден-бир электр энергетика тармақларына жеткерип бериў, алынған энергия ушын есап-санақ етиў ҳәм тарифлердеги айрымашылықты қаплаў механизмлери елеге шекем енгизилмеген.

Атап өтилгениндей, әмелдеги тәртипке бола, бирден-бир электр энергетика системасына жалғаныў ямаса төлемлерди әмелге асырыў тек ғана қайта тикленетуғын энергия дәреклери ушын белгиленген болып, 1 киловатт /саат ушын төлем жүдә аз – 2 центти қурайды. Келген инвестор бул сораўларға жуўап ала алмай, қайтып кетиўге мәжбүр болмақта.

Қаржы, Экономика, Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрликлери ҳәм «Өзбекэнерго» акционерлик жәмийети басшылығына еки ҳәпте мүддетте жоқарыдағы машқалалардың шешими бойынша тийисли қарардың жойбарын таярлаў ўазыйпасы тапсырылды.

Мәжилисте жуўапкер басшыларға еки ай мүддетте аймақпа-аймақ жүрип, шығындыны қайта ислеў ҳәм оннан энергия алыў бойынша инвестиция усынысларын ҳәм олардың улыўма параметрлерин ислеп шығыў және жылдың ақырына шекем кеминде 5 жойбар әмелге асырылыўын баслаў ўазыйпасы тапсырылды.

Елимизде бар шығынды полигонларының жумысын санитариялық ҳәм экологиялық талаплар тийкарында шөлкемлестириў де тийкарғы машқалалардан екени атап өтилди.

Ҳәзирги ўақытта елимиздеги 221 шығынды полигонының жумысын санитариялық ҳәм экологиялық талаплар тийкарында шөлкемлестириў ушын 1,2 миллиард доллар талап етиледи.

– Бул жүдә үлкен қаржы. Тараўға инвестиция тартыў бойынша бүгинги күнде дүнья тәжирийбесинде кеңнен қолланылып атырған «патасландырыўшы төлейди» принципи тийкарында жаңа тәртип енгизиў керек, – деди мәмлекетимиз басшысы. – Бунда ири товар ислеп шығарыўшылар өнимниң өзине түсер баҳасында одан пайда болатуғын шығындыны утилизациялаў қәрежетлерин нәзерде тутыў керек. Бирақ бул қәрежетлердиң адамларға аўырлығы түспеўи керек. Қаржылар Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў қорына жыйналып, шығынды полигонларын санитариялық талаплар тийкарында тәртипке салыў, олардың санын оптималластырыўға жумсалыўы зәрүр.

Жуўапкер адамларға бир ай мүддетте бул жаңа механизмди енгизиў бойынша усыныс киргизиў ўазыйпасы тапсырылды.

Мәжилисте және бир мәселе – «Таза аймақ» кәрханаларының финанс-хожалық жумысын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша бирден-бир басқарыў системасын енгизиў зәрүрлиги атап өтилди. Бул ушын Экология комитети басшылығы «Таза аймақ» кәрханаларының жумысын нәтийжели жолға қойыў бойынша комитеттиң қурамында өз алдына орайласқан структура шөлкемлестириўге байланыслы усыныс киргизиў керек. Бул структура полигонлар ҳәм техникаларды тиккелей эксплуатациялаў, техникалардың орынларға шығыўын электрон басқарыў, хызметлер ушын түсимлердиң есап-санағын дурыс жолға қойыў менен шығылланады.

Аймақлардың тазалығына жуўап беретуғын және бир система – ҳәкимликлердиң жанындағы абаданластырыў басқармаларының жумысын буннан былай да жетилистириў зәрүрлиги атап өтилди.

Ҳәзир бул шөлкемлер материаллық-техникалық базасы жақсы емеслиги ушын ҳәкимликлер «Таза аймақ» кәрханаларының техникаларын абаданластырыў ҳәм қурылыс жумысларына тартпақта. Бул жағдай «Таза аймақ» кәрханаларының тийкарғы жумысына кери тәсир етип, техникалардың мүддетинен бурын истен шығыўына себеп болмақта.

Жуўмақлап айтқанда, абаданластырыў тараўын методологиялық жақтан тәмийинлеў ҳәм өткен әсирден қалған материаллық-техникалық базаны жақсылаў жумыслары пүткиллей өз ҳалына таслап қойылған.

Соның ушын жуўапкерлерге еки ай мүддетте абаданластырыў басқармаларының жумысын ҳәм машқалаларын орынларға шыққан ҳалда таллап, системаны түп-тийкарынан жетилистириў, соның ишинде, жаңа басқарыў системасын енгизиў, методологиялық базасын қайта көрип шығыў, кадрлар таярлаў, мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти енгизиўге усыныс киргизиў бойынша тапсырмалар берилди.

Және бир әҳмийетли мәселе, айырым адамларда елеге шекем шығындыны арнаўлы белгиленген орынға таслаў, өзиниң көшесин ҳәм аймағын азада сақлаў мәденияты қәлиплеспегени атап өтилди. Сонлықтан аймақларды патаслағаны ушын жуўапкершиликке тартыўдың тәсиршең механизмлерин жаратыў бойынша нызам жойбарын ислеп шығыў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәжилисте жуўапкер басшылардың мәлимлемеси тыңланып, тийисли тапсырмалар берилди.

ӨзА