Елимиздиң тарийхы бүгинги күнге шекем тарийхый дәреклерде, қол жазбаларда, китапларда, сондай-ақ, фотосүўретлер, фотоплёнкалар ҳәм видеокадрларда сақланып келинбекте.

 Әсиресе, фотосүўретлерди турмысымыздағы орны гиреўли. Бизлер бундай фотосүўретлерди музейлердиң  көргизбе залларында ушыратыўымызға болады.

9-август күни Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик  музейинде «Фотоаппарат ҳәм фотосүўретлер тарийхы» атамасында фото көргизбеси өткерилди.

Оған пайтахтымыздағы Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жанындағы халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин  арттырыў аймақлық орайының тыңлаўшылары менен музей мийманлары қатнасты.

Көргизбеде музей фондында сақланып киятырған, 1928-жыл Қарақалпақстан Республикасында илим изертлеў институтында алып барылған экспедициядан алынған фотосүўретлер, сондай-ақ, халық хожалығы тараўына тийисли фотолар, және де ғәрезсизлик дәўирин сәўлелендетуғын 100ден аслам фотосүўретлер ҳәм фотоаппаратлар коллекциясы қойылды.

Сүўретлердеги ҳәр бир кадрда халқымыздың өткен дәўирдеги тарийхы, көркем өнери, мәденияты, әпиўайы турмыс тәризи сәўлеленген.

Көргизбе қатнасыўшыларын Ерназар Ермановтың фотоаппаратлар коллекциясы ҳәм халқымыздың турмыс тәризин, жаңалықлар менен өзгерислерди сәўлелендирип киятырған Өзбектан миллий мәлимлеме агентлигиниң фотохабаршысы Мақсет Ҳабибуллаевтың дөретиўшилик мийнетлери жыйналғанларда айрықша қызығыўшылық оятты.

Көргизбе қатнасыўшылары фотосүўретлердиң әҳмийети, дөтетиўшилик жумыслары ҳаққында өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы

М.Ҳәбибуллаевтың түсирген сүўретлери