Медицина тараўында халықаралық бирге ислесиў ҳәм сырт ел тәжирийбесин елимизге алып кириў бойынша Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.
Усындай бирге ислесиўлер шеңберинде, сырт ел медицина тәжирийбесин елимизде қолланыў ҳәм медицина хызметкерлерине үйретиў мақсетинде жыл басынан берли бир қатар илажлар белгилеп алынған еди.
Усы жылдың 17-20-ноябрь күнлери аралығында Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри М.Қурбановтың басшылығындағы делегация ағзалары Египет Араб Республикасының Каир қаласында хызмет сапарында болды.
– Биз Каир қаласында тәжирийбели шыпакерлер ҳәм басқа да тараў қәнигелери менен пикир алмастық. Семинарлар шөлкемлестирилди. Әлбетте, бундай хызмет сапарлары бир жағынан сырт елли кәсиплеслеримиз бенен тәжирийбе алмасыў болса, бир жағынан медицина туризминиң раўажланыўына себеп болады,-дейди министрликтиң Инвестицияларды тартыў ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳәм аутсорсингти раўажландырыў бойынша бас қәнигеси З.Палуаниязова.
Раўажланған медицина бар жерде, наўқаслар ушын да ҳәр тәреплеме имканиятлар жаратылады. Елимизде медицина қаншама раўажланса, пуқаралар ушын қолайлықлар болады.
Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри М.Қурбанов хызмет сапары даўамында Египет Араб Республикасының “Alameda Healthcare group” шөлкеми директоры мырза Neeraj Mishra менен денсаўлықты сақлаў тараўын еле де раўажландырыў мақсетинде өз-ара бирге ислесиў бойынша Меморандумға қол қойысты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги