Санлы технологиялар министрлиги делегациясының Қатар мәмлекетине рәсмий сапары шеңберинде «GSMA», VEON компаниялар топары ҳәм «BeelineUzbekistan» компаниялары басшылығы менен ушырасыў болып өтти.

Ушырасыў даўамында перспективалы жойбарларды әмелге асырыў ҳәм 2025-жыл 21-22-май күнлери Ташкент қаласында өткерилиўи режелестирилип атырған «Mobile 360 Eurasia 2025» халықаралық әнжуманы ҳәм көргизбесин өткериў ушын таярлықты нәзерде тутатуғын меморандумға қол қойылды.

Соның менен бирге, ушырасыўда келешектеги қәдемлер талықланды. Соның ишинде, компания  ўәкиллери Өзбекстанның кадрлар потенциалы менен жақыннан танысыў мақсетинде Өзбекстанға келиўи ҳәм бир қатар бағдарлар бойыншаIT қәнигелерди иске қосыўы, Өзбекстанда аутстаффинг кәрханасын ашыў усыныс етилди.

Тәреплер түрли глобал илажлар арқалы Өзбекстан IT тараўының тартымлы оратлығын халықаралық компанияларға сәўлелендириў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Н.Раҳманова, ӨзА